bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Chronicles 22
2 Chronicles 22
Karakalpak 2022
← Chapter 21
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 23 →
1
Ерусалим турғынлары Еҳорамның орнына оның ең генже улы Ахазияны патша етип қойды. Себеби араблар менен бирге әскерий ордаға шабыўыл жасаған басқыншылар патшаның Ахазиядан үлкен улларының ҳәммесин өлтирген еди. Усылайынша, Еҳорам улы Ахазия Яҳуда үстинен патшалық ете баслады.
2
Ахазия жигирма еки жасында патша болып, Ерусалимде бир жыл патшалық етти. Оның анасы Израил патшасы Омрийдиң ақлығы болып, аты Аталия еди.
3
Ахазия Ахабтың урпағының жолынан жүрди. Себеби анасы оған мәсләҳәт берип, жаман ислерди ислеўге түртки салып отырды.
4
Ахазия Ахабтың урпағы сыяқлы Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи. Әкеси Еҳорам өлгеннен кейин, Ахабтың урпақлары оған кеңесши болып, оны қулаўға алып келди.
5
Ахазия олардың мәсләҳәтине қулақ салып, Израил патшасы Ахаб улы Иорамға ерип, Арам патшасы Хазаел менен урысыў ушын Гиладтағы Рамотқа кетти. Арамлылар Иорамды жарадар етти.
6
Патша Иорам Рамада, Арам патшасы Хазаел менен урысқанда, арамлылардан алған жарақатын емлетиў ушын Изреелге қайтты. Яҳуда патшасы Еҳорам улы Ахазия да жарадар болған Ахаб улы Иорамды көриў ушын Изреелге келди.
7
Бирақ Қудай Ахазияны Иорамды көриўге келгенде өлтириўди шешип қойған еди. Ахазия келгеннен кейин, Иорам менен бирге Нимшийдиң улы Еҳуды қарсы алыўға шықты. Жаратқан Ийе Еҳуды майлап, Ахабтың үй-ишин жоқ қылыў ушын таңлаған еди.
8
Еҳу Ахабтың үй-иши үстинен шығарылған ҳүкимди орынлап атырғанда, Ахазияға хызмет етип атырған Яҳуда басшылары менен Ахазияның әжағаларының улларына дус келди ҳәм оларды да өлтирди.
9
Кейин ол Ахазияны излей баслады. Еҳудың адамлары Ахазияны Самариядағы жасырынған жеринен тапты ҳәм оны Еҳуға алып келип, сол жерде өлтирди. Кейин: «Бул өзин шын жүректен Жаратқан Ийеге бағышлаған Еҳошафаттың улы ғой!» – деп, оны жерледи. Солай етип, Ахазияның үй-ишинен патшалық қылғандай ҳеш ким қалмады.
10
Ахазияның анасы Аталия улының өлтирилгенин еситкенде, Яҳудадағы патша туқымынан болғанлардың ҳәммесин қырып таслаўды шешти.
11
Бирақ патша Еҳорамның қызы Еҳошабат Ахазияның улы Иоашты патшаның өлтирилиўи керек болған улларының арасынан алып қашып, тәрбияшысы менен бирге жататуғын бөлмеге жасырып таслады. Усылайынша, патша Еҳорамның қызы, руўханий Еҳояданың ҳаялы, Ахазияның өгей қарындасы болған Еҳошабат баланы Аталиядан жасырды. Солай етип, Аталия баланы өлтире алмады.
12
Аталия ел үстинен патшалық етип турғанда, бала Қудайдың Үйинде олар менен алты жыл жасырын түрде жасады.
← Chapter 21
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 23 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36