bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Chronicles 3
2 Chronicles 3
Karakalpak 2022
← Chapter 2
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 4 →
1
Сулайман Ерусалимдеги Мория таўында, ебуслы Орнанның қырман жеринде Жаратқан Ийениң Үйиниң қурылысын баслады. Бул жерди әкеси Даўыт алдын ала таярлап қойған болып, ол жерде Жаратқан Ийе Даўытқа көринген еди.
2
Сулайман қурылысты өз патшалығының төртинши жылының екинши айының екинши күни баслады.
3
Қудайдың Үйиниң иргетасының өлшеми ески өлшем бирлиги бойынша мынадай болды: узынлығы алпыс шығанақ, ени жигирма шығанақ еди.
4
Қудайдың Үйиниң имаратының алдынғы жағындағы айўанның узынлығы Үй имаратының ениндей, яғный жигирма шығанақ, бийиклиги бир жүз жигирма шығанақ еди. Сулайман Үйдиң ишин сап алтын менен қаплатты.
5
Оның үлкен бөлмесиниң дийўалларын сәрўи тахташалар менен, олардың үстин сап алтын менен қаплатты. Алтынның бетине пальма ағашлары менен шынжыр нағысларын ойдырып салдырды.
6
Ол Үйди қымбатбаҳа таслар менен әшекөйлетти. Ол қолланған алтын Парўайым жеринен алып келинген еди.
7
Сулайман Үйдиң төбесиндеги өрелерди, қапының дөгерек ағашын, дийўалларын ҳәм қапыларын алтын менен қаплатып, дийўалларға керублардың сүўретлерин ойып салдырды.
8
Ол Ең мухаддес бөлмени де қурдырды. Оның узынлығы да жигирма шығанақ, ени де жигирма шығанақ болып, Үйдиң ени менен бирдей өлшемде еди. Сулайман бул бөлмениң ишин алты жүз талант жақсы алтын менен қаплатты.
9
Онда қолланылған алтын шегелердиң аўырлығы елиў шекел еди. Жоқарғы бөлмелердиң дийўаллары да алтын менен қапланды.
10
Ең мухаддес бөлме ушын еки керубтың мүсинин ислетип, оларды алтын менен қаплатты.
11
Керублардың қанатларының улыўма узынлығы жигирма шығанақ еди. Бир керубтың бир қанаты бес шығанақ болып, ол Үйдиң бир дийўалына тийип турды, ал екинши қанаты да бес шығанақ болып, ол екинши керубтың қанатына тийип турды.
12
Сол сыяқлы, екинши керубтың да бир қанатының узынлығы бес шығанақ болып, ол Үйдиң екинши дийўалына тийип турды, ал екинши қанаты да бес шығанақ болып, ол биринши керубтың қанатына тийип турды.
13
Керублардың жайылған қанатларының узынлығы жигирма шығанақ болды. Еки керуб та тик аяқта турған қәлипте исленип, жүзлери үлкен бөлмеге қарап турды.
14
Сулайман қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жиплерден ҳәм жиңишке ҳасыл зығыр жиплерден таўар тоқытты ҳәм олардың бетине керублардың сүўретлерин кестелетип, перде ислетти.
15
Сулайман еки өре ислетип, оларды Үйдиң алдына қойдырды. Ҳәр бир өрениң бийиклиги отыз бес шығанақ, ал олардың үстиндеги төбелигиниң ҳәр бириниң бийиклиги бес шығанақ еди.
16
Ол ҳалқа сыяқлы оралып туратуғын шынжырлар ислетип, олар менен өрениң жоқарысын безеди. Және, ол жүз дана анар мийўесин ислетип, оларды шынжырларға илдиртти.
17
Өрелерди Ибадатхананың алдына: биреўин қубла тәрепине, екиншисин арқа тәрепине қойдырып, қубладағысын Яхин, арқадағысын Боаз деп атады.
← Chapter 2
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 4 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36