bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Chronicles 15
2 Chronicles 15
Karakalpak 2022
← Chapter 14
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 16 →
1
Одед улы Азарияның үстине Қудайдың Руўхы түсти.
2
Сонда Азария патша Аса менен ушырасыў ушын жолға шықты ҳәм оған барып былай деди: – Ҳәй, Аса, пүткил Яҳуда ҳәм Бенямин халқы, маған қулақ салыңлар! Сизлер Жаратқан Ийе менен бирге болған дәўирде, Ол да сизлер менен бирге болады. Егер Оны излесеңиз, табасызлар. Ал егер Оны тәрк етсеңиз, Ол да сизлерди тәрк етеди.
3
Узақ ўақыт даўамында Израил халқы ҳақыйқый Қудайдан, тәлим беретуғын руўханийден ҳәм Оның Нызамынан алыста жасады.
4
Бирақ қыйыншылыққа ушырағанында олар Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге бет бурып, Оны изледи ҳәм Оны тапты.
5
Сол күнлери сапарға шығыў қәўипли болып, ҳәмме еллердиң турғынлары ушын ғаўасатлы ўақытлар еди.
6
Миллет миллетке, қала қалаға қарсы урысатуғын еди. Себеби Қудай оларды ҳәр түрли апатшылықларға ушыратып, албыратып қойған еди.
7
Бирақ сизлер беккем болыңлар! Түскинликке түспеңлер! Өйткени мийнетиңиздиң жемисин аласызлар.
8
Одед улы Азария пайғамбардың бул пайғамбаршылық сөзлерин еситкенде, Аса жигерленди. Ол пүткил Яҳуда менен Бенямин жерлериндеги ҳәм Эфрайымның таўлы үлкесиндеги өзи қолға киргизген қалалардағы жеркенишли бутларды алып таслады. Сондай-ақ, Жаратқан Ийениң Үйиниң айўанының алдына орнатылған Жаратқан Ийениң қурбанлық орнын қайта тикледи.
9
Буннан кейин, Аса Яҳуда ҳәм Бенямин урыўы менен бирге олардың арасында жасап атырған Эфрайым, Менашше ҳәм Шимон урыўынан болғанларды топлады. Өйткени көп адамлар Асаның Қудайы Жаратқан Ийениң оның менен бирге екенин көрип, Израилды таслап, Яҳудаға көшип келген еди.
10
Олар Асаның ҳүкимдарлығының он бесинши жылының үшинши айында Ерусалимге жыйналды.
11
Сол күни олар урыстан алып келген олжасынан жети жүз бас ири мал ҳәм жети мың бас майда малды Жаратқан Ийеге арнап қурбанлыққа берди.
12
Халық ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийени шын жүректен, жан-тәни менен излеў ушын келисим дүзди.
13
Израилдың Қудайы Жаратқан Ийени излемеген ҳәр бир адам: жас болсын, ғарры болсын, еркек болсын, ҳаял болсын ҳәммеси өлтирилетуғын болды.
14
Олар бақырып, ҳәр түрли кәрнайлар ҳаўазлары астында бәлент даўыс пенен Жаратқан Ийеге ант ишти.
15
Пүткил яҳудалылар берген анты ушын қуўанышлы еди, себеби олар шын жүректен ант ишкен еди. Олар ықласланып Жаратқан Ийени излегени ушын, Оны тапты. Жаратқан Ийе оларға ҳәр тәреплеме тынышлық берди.
16
Кемпир апасы Мааха Ашераға арнап жеркенишли бир бут соқтырғаны ушын, патша Аса оннан ханбийкелик атағын тартып алды. Аса бул жеркенишли бутты шаўып таслап, майдалап, Кидрон сайында жағып жиберди.
17
Ол Израилдағы сыйыныў орынларын жоқ қылмаса да, өмир бойы Жаратқан Ийеге садық қалды.
18
Аса әкесиниң ҳәм өзиниң атаған нәрселерин: гүмисти, алтынды ҳәм буйымларды Қудайдың Үйине алып келди.
19
Асаның патшалығының отыз бесинши жылына дейин елде урыс болмады.
← Chapter 14
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 16 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36