bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Chronicles 21
2 Chronicles 21
Karakalpak 2022
← Chapter 20
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 22 →
1
Еҳошафат өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм Даўыттың қаласына, ата-бабаларының жанына жерленди. Оның орнына улы Еҳорам патша болды.
2
Еҳошафат улы Еҳорамның Азария, Ехиел, Зехария, Азарияҳу, Михаил, Шефатия атлы инилери бар еди. Булардың ҳәммеси Израил патшасы Еҳошафаттың уллары еди.
3
Әкеси Еҳошафат оларға мол гүмис, алтын ҳәм қымбатбаҳа нәрселерге қоса, Яҳудадағы қорған қалаларды да саўға етти. Ал Еҳорам туңғыш перзент болғанлықтан, патшалықты оған берди.
4
Бирақ Еҳорам әкесиниң тахтына отырып, оны беккемлегеннен соң, барлық инилерин ҳәм бир қатар Израил басшыларын қылыштан өткизди.
5
Еҳорам патша болған ўақытта отыз еки жаста еди. Ол Ерусалимде сегиз жыл патшалық етти.
6
Оның ҳаялы Ахабтың қызы болғанлықтан, ол да Ахабтың үй-иши сыяқлы Израил патшаларының жолынан жүрип, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи.
7
Бирақ Жаратқан Ийе Даўыт пенен дүзген келисими себепли, Даўыттың үй-ишин жоқ қылмады. Өйткени Ол Даўытқа ҳәм оның урпағына мәңгиге сөнбейтуғын шырақ бериўди ўәде еткен еди.
8
Еҳорамның патшалығы дәўиринде эдомлылар Яҳуда ҳүкимдарлығына қарсы бас көтерип, өзлерине патша қойып алды.
9
Еҳорам әскербасылары ҳәм барлық саўаш арбалары менен бирге сол жерге кетти. Ол жерде эдомлылар оны ҳәм оның саўаш арбаларының сәрдарларын қоршап алды. Бирақ Еҳорам түнде турып, қамалды жарып шықты.
10
Соннан баслап усы күнге дейин эдомлылар Яҳуданың ҳүкимдарлығына бойсынбай келеди. Сол ўақытта Либна қаласы да Еҳорамның ҳүкимдарлығына қарсы бас көтерди. Себеби Еҳорам ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийени тәрк еткен еди.
11
Сондай-ақ, Еҳорам Яҳудадағы төбешикли жерлерге сыйыныў орынларын қурып, Ерусалим турғынларын Қудайға опасызлық қылыўға жетеледи ҳәм Яҳуда халқын жолдан азғырды.
12
Бир күни Еҳорамға пайғамбар Илиястан хат келди. Онда былай деп жазылған еди: «Бабаң Даўыттың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: „Сен әкең Еҳошафаттың ҳәм Яҳуда патшасы Асаның жолынан жүрмедиң.
13
Керисинше, Израил патшаларының жолынан жүрдиң ҳәм Ахабтың үй-ишиниң ислегени киби, Яҳуда ҳәм Ерусалим турғынларын опасызлыққа басладың. Буның үстине, бир әкеден туўылған, сеннен жақсырақ болған өз инилериңди өлтирдиң.
14
Сонлықтан Жаратқан Ийе, яғный Мен сениң халқыңа, ҳаялларыңа, балаларыңа ҳәм пүткил мал-мүлкиңе уллы апат жиберемен.
15
Өзиңди болса аўыр ишек кеселлигине жолықтыраман. Ишеклериң сыртқа төгилгенше, аўырыў күннен-күнге күшейе береди“».
16
Буннан кейин Жаратқан Ийе филистлерди ҳәм хабашстанлылардың жанында жасап атырған арабларды Еҳорамға қарсы қозғады.
17
Олар Яҳудаға шабыўыл жасап, ишкериге бастырып кирди ҳәм патшаның сарайынан тапқан ҳәмме байлықларды, сондай-ақ патшаның балалары менен ҳаялларын алып кетти. Тек Еҳорамның Еҳоахаз атлы генже улы ғана өзинде қалды.
18
Бул ўақыялардан кейин, Жаратқан Ийе Еҳорамды даўасы жоқ ишек кеселлигине дуўшар етти.
19
Ўақыт өте берди, арадан еки жыл өткенде, кеселлик себепли оның ишеклери сыртқа атылып шықты. Ол қатты қыйналып жан тапсырды. Еҳорамның ата-бабалары өлгенде, халық олардың ҳүрметине от жағыў рәсимин өткерген еди, ал Еҳорамның ҳүрметине от жағылмады.
20
Еҳорам тахтқа отырғанда отыз еки жаста болып, Ерусалимде сегиз жыл патшалық етти. Ол ушын ҳеш ким жоқлаў айтып жыламады. Ол Даўыттың қаласына жерленген болса да, патшалар қәбирине қойылмады.
← Chapter 20
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 22 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36