bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Ezekiel 11
Ezekiel 11
Karakalpak 2022
← Chapter 10
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 12 →
1
Руўх мени көтерип, Жаратқан Ийениң Үйиниң шығыс дәрўазасына алып келди. Дәрўазаның кирер аўзында жигирма бес адам бар еди. Олардың арасында мен халық жетекшилеринен Аззур улы Язанияны, Беная улы Пелатияны көрдим.
2
Жаратқан Ийе маған: – Инсан улы! Жаўыз нийетли мына адамлар қаладағыларға жаман кеңес берип:
3
«Үй салатуғын ўақыт еле келмеди. Бул қала – қазан, ал бизлер – оның ишиндеги гөшпиз», – деп жүр.
4
Сонлықтан оларға қарсы пайғамбаршылық ет, пайғамбаршылық ет, инсан улы!
5
Соңынан Жаратқан Ийениң Руўхы үстиме түсип, маған мыналарды айтыўды буйырды: «Жаратқан Ийе былай дейди: Израил халқы, сизлердиң не айтқаныңызды ҳәм не ойлағаныңызды Мен билемен.
6
Сизлер бул қалада көп адамларды өлтирип, көшелерин өли денелерге толтырдыңыз.
7
Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: Сизлер қалада қалдырған өлилер – гөш, ал қала – қазан болады. Бирақ өзлериңизди бул қаладан қуўып шығараман.
8
Сизлер қылыштан қорқасыз, Мен сизлерге қылыш жаўдыраман, – дейди Қудай Ийе.
9
– Сизлерди қаладан қуўып шығарып, өзлериңизди басқалардың қолына тапсыраман ҳәм үстиңизден ҳүким шығараман.
10
Сизлер қылыштан қырыласыз, сизлерди Израил шегаралары ишинде ҳүким қыламан. Сонда Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз.
11
Қала сизлерге ҳеш қашан қазан, ал сизлер оның ишиндеги гөш болмайсызлар. Сизлерди Израил шегаралары ишинде ҳүким етемен.
12
Сонда Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз. Сизлер Мениң қағыйдаларыма әмел қылмадыңыз, нызамларыма бойсынбадыңыз. Керисинше, айналаңыздағы халықлардың әдетлерине сай жасадыңыз».
13
Мен пайғамбаршылық қылып атырғанымда, Беная улы Пелатия жан тапсырды. Мен ет бетимнен жерге жығылып: – Аҳ, Қудай Ийе, Израилдың аман қалғанларын толық қырып тасламақшымысаң? – деп даўыслап жибердим.
14
Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
15
– Инсан улы! Туўысқанларың, қанласларың ҳәм пүткил Израил халқы туўралы Ерусалим турғынлары былай деп айтпақта: «Жаратқан Ийеден аўлақ жасаң, бул жер бизлерге мүлик қылып берилди».
16
Сонлықтан сүргинде болғанларға айт: «Қудай Ийе былай дейди: Мен оларды узақтағы миллетлер арасына жиберип, жер бойлап тарқатқан болсам да, олар барған жерлеринде Маған сыйынады, бирақ мухаддес орын болмайды».
17
– Кейин оларға айт: «Қудай Ийе былай дейди: Мен сизлерди халықлар арасынан жыйнап аламан, тарқап кеткен жерлериңизден қайтараман ҳәм сизлерге Израил жерин беремен».
18
Халқым қайтып келгенде, барлық жеркенишли ҳәм ҳарам нәрселерди ол жерден алып таслайды.
19
Оларға бир тутас жүрек берип, жаңа руўх сыйлайман. Денесинен тас жүректи алып таслап, жумсақ жүрек беремен.
20
Сонда олар қағыйдаларыма әмел қылып, нызамларыма бойсынып, оларды орынлап жасайды. Олар Мениң халқым, Мен олардың Қудайы боламан.
21
Ал жүреклери жеркенишли ҳәм ҳарамы ислерге қумар адамларды ислерине жараса жазалайман, – дейди Қудай Ийе.
22
Кейин керублар қанатларын жайды, дөңгелеклер де олардың жанында еди. Израилдың Қудайының салтанаты олардың үстинде еди.
23
Жаратқан Ийениң салтанаты қаланың ишинен көтерилип, қала шығысындағы таўдың үстинде тоқтады.
24
Қудайдың Руўхы арқалы көрген аянда Руўх мени көтерип, калдейлердиң елиндеги сүргин етилгенлердиң арасына алып келди. Кейин мен көрген аян мени тәрк етти.
25
Мен Жаратқан Ийениң аян қылғанларының ҳәммесин сүргиндегилерге айтып бердим.
← Chapter 10
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 12 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48