bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Ezekiel 4
Ezekiel 4
Karakalpak 2022
← Chapter 3
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 5 →
1
– Инсан улы! Енди бир гербиш алып алдыңа қой, оның үстине Ерусалим қаласының сүўретин сал.
2
Қаланы қоршаўға алып, оған қарсы қамал минараларын қур, дийўалға топырақ үй, душпан ордасын қур ҳәм қала айланасына дийўал бузатуғын үскенелерди орнат.
3
Кейин темир таба алып, оны өзиң менен қаланың ортасына темир дийўал етип орнат. Кейин жүзиңди қалаға қарат. Қала қамал қылынады, сен оны қамал қылған боласаң. Бул Израил халқы ушын ескертиў болады.
4
Соңынан шеп қапталың менен жамбаслап жатып, Израил халқының гүнасын үстиңе жүкле. Шеп жағың менен қанша күн жатсаң, сонша күн олардың гүнасын өзиңе жүклейсең.
5
Олардың гүна қылған жылларының санына бола, сен ушын сонша күн ажыраттым. Сен үш жүз тоқсан күн даўамында Израил халқының гүнасын өзиңе жүклейсең.
6
Белгиленген ўақыт тамам болғаннан кейин, оң жағыңа жамбаслап жат, енди Яҳуда халқының гүнасын өзиңе аласаң. Мен ҳәр жылды бир күн деп есаплап, саған қырық күн белгиледим.
7
Ерусалимниң қамал қылынған дийўалларына жүзиңди қарат, билегиңди түрип, оған қарсы пайғамбаршылық қыл.
8
Қаланы қамал қылған күнлериң питпегенше, Мен сени бир жағыңнан екинши жағыңа аўнай алмайтуғындай етип, арқан менен байлап таслайман.
9
Енди бийдай, арпа, ақ ҳәм қызыл лобия, тары ҳәм жазлық бийдай алып, бир ыдысқа сал ҳәм нан писир. Оны үш жүз тоқсан күн бир жағыңда жатқаныңда жейсең.
10
Ҳәр күни жейтуғын наныңның муғдары жигирма шекелдиң аўырлығына тең болады, оны белгиленген ўақытта жейсең.
11
Суўды да өлшеп ишесең, оның муғдары ҳинниң алтыдан бир бөлегине тең болады. Оны да белгиленген ўақытта ишесең.
12
Наныңды арпа гүлшелериндей етип таярлап же. Оларды адамлардың көз алдында, адамның үлкен дәретине писир.
13
Жаратқан Ийе тағы: – Мен Израил халқын басқа миллетлер арасына сүргин қылғанымда, олар ҳарам нан жейди, – деди.
14
Сонда мен: – Аҳ, Қудай Ийе! Мен ҳеш қашан өзимди ҳарамламағанман. Жаслығымнан усы күнге дейин, ҳеш қашан ҳарам өлген яки жыртқыш талап өлтирген ҳайўанды жемегенмен. Ҳеш қандай ҳарам гөшти аўзыма алған емеспен, – дедим.
15
– Яқшы, – деди Ол, – наныңды адам дәретиниң орнына, малдың тезегине писириўиңе рухсат беремен.
16
Соңынан Ол маған былай деди: – Инсан улы! Мен Ерусалимди бир тислем нанға зар қыламан. Олар қорқыў ишинде нанын өлшеп жейди ҳәм ғулғылаға түсип, суўын өлшеп ишеди.
17
Суў ҳәм нан жетиспейди. Адамлар қорқыныштан естен айырылады ҳәм гүналарының зардабынан димарлары қурыйды.
← Chapter 3
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 5 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48