bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Ezekiel 48
Ezekiel 48
Karakalpak 2022
← Chapter 47
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
1
«Мыналар урыўлардың атлары. Дан урыўының үлеси арқада жайласқан. Оның шегарасы Хетлон жолы бойлап Лебо-Хаматқа дейин барып, оннан Дамаск ҳәм Хамат арасындағы арқа шегарада орналасқан Хасар-Энанға дейин созылады. Дан урыўына тийисли аймақ Израил елиниң шығыс шегарасынан батыс шегарасына шекем созылады.
2
Ашердиң үлеси Данның жери менен шегараласып, шығыстан батысқа дейин созылады.
3
Нафталийдиң үлеси Ашер жери менен шегараласып, шығыстан батысқа дейин созылады.
4
Менашшениң үлеси Нафталийдиң жери менен шегараласып, шығыстан батысқа дейин созылады.
5
Эфрайымның үлеси Менашше жери менен шегараласып, шығыстан батысқа дейин созылады.
6
Рубенниң үлеси Эфрайым менен шегараласып, шығыстан батысқа дейин созылады.
7
Яҳуданың үлеси Рубенниң жери менен шегараласып, шығыстан батысқа дейин созылады.
8
Яҳуданың шегарасынан баслап, шығыстан батысқа дейин созылған жерди ажыратып қойың. Оның ени жигирма бес мың шығанақ, узынлығы шығыстан батысқа созылған, урыўлардың пайына тийген жердиң узынлығы менен тең болсын. Бул жердиң ортасында Мухаддесхана болады.
9
Жаратқан Ийеге арналған жердиң узынлығы жигирма бес мың шығанақ, ени жигирма мың шығанақ болады.
10
Мухаддес аймақтың руўханийлерге тийисли бөлегиниң арқадағы узынлығы жигирма бес мың шығанақ, батыстағы ени он мың шығанақ, шығыстағы ени он мың шығанақ, қубладағы узынлығы жигирма бес мың шығанақ болады. Оның ортасында Жаратқан Ийениң Мухаддесханасы болады.
11
Бул үлес Садоқ нәсилинен шыққан ҳәм руўханийликке тайынланған руўханийлерге тийисли болады. Олар Мениң талапларымды орынлады. Израил халқы менен бирге лебийлилер де жолдан азғанда, олар Маған садық қалды.
12
Мухаддес аймақтың жүдә мухаддес бөлеги руўханийлерге тийисли болады. Ол жер лебийлилердиң жерине шегаралас болады.
13
Руўханийлердиң жериниң жанынан лебийлилерге берилетуғын жердиң узынлығы жигирма бес мың шығанақ, ени жигирма мың шығанақ болады. Бул бөлектиң узынлығы барлығы болып жигирма бес мың шығанақ, ени жигирма мың шығанақ болады.
14
Бул бөлекти сатыўға да, алмастырыўға да болмайды. Бул елдеги ең жақсы үлес болады. Оны басқа адамның қолына бериўге болмайды. Себеби бул – Жаратқан Ийениң мухаддес жери.
15
Қалған ени бес мың шығанақ, узынлығы жигирма бес мың шығанақ болған әпиўайы жер қала үйлери ҳәм жайлаўлар ушын бериледи. Қала сол жердиң орайында жайласады.
16
Қаланың өлшеми мынадай: арқа тәрепи төрт мың бес жүз, қубла тәрепи төрт мың бес жүз, шығыс тәрепи төрт мың бес жүз ҳәм батыс тәрепи төрт мың бес жүз шығанақ.
17
Қала арқа, шығыс, қубла ҳәм батыс тәреплерден ени еки жүз елиў шығанақ болған жайлаўлар менен қоршалған болады.
18
Қаладан тысқары болған, мухаддес жер менен шегаралас турған жердиң шығыс тәрепи де, батыс тәрепи де он мың шығанақ болады. Бул жерде қалада ислеўшилер ушын азық жетистириледи.
19
Израилдың ҳәмме урыўларынан қалада ислеўшилер бул атызларға егин егиўи мүмкин.
20
Улыўма ажыратылған жердиң узынлығы да, ени де жигирма бес мың шығанақтан болады, ал қалаға ажыратылған үлес мухаддес аймақтың төрттен бирине тең болады.
21
Мухаддес аймақтың ҳәм қалаға қараслы бөлектиң еки тәрепиндеги жерлер ҳүкимдарға тийисли болады. Оның узынлығы жигирма бес шығанақ болып, шығыс тәрепиндегиси шығыс шегараға, батыс тәрепиндегиси батыс шегараға барып тақалады. Урыўларға тийисли үлеске шегаралас жайласқан бул еки аймақ ҳүкимдарға тийисли болады. Мухаддес Ибадатхана турған мухаддес аймақ олардың ортасында болады.
22
Солай етип, лебийлилердиң үлеси ҳәм қала мүлки ҳүкимдардың ийелигиниң арасында жайласады. Ҳүкимдардың ийелиги Яҳуда ҳәм Бенямин жерлериниң ортасында болады.
23
Қалған урыўларға келсек, Беняминниң үлеси шығыстан батысқа дейин созылады.
24
Шимонның үлеси Беняминниң үлеси менен шегараласып, шығыстан батысқа дейин созылады.
25
Иссахардың үлеси Шимонның үлеси менен шегараласып, шығыстан батысқа дейин созылады.
26
Зебулонның үлеси Иссахардың үлеси менен шегараласып, шығыстан батысқа дейин созылады.
27
Гадтың үлеси Зебулонның үлеси менен шегараласып, шығыстан батысқа дейин созылады.
28
Гадтың үлесиниң қубла шегарасы Тамар қаласынан Қадештеги Мериба суўларына шекем барады, ол жерден Мысыр шегарасындағы сай бойлап өтип, Жер Орта теңизине жетеди.
29
Солай етип, Израил урыўларына бөлип беретуғын үлес жерлериңиз усылар», – дейди Қудай Ийе.
30
«Қаланың айнала дөгереги мынадай болсын: узынлығы төрт мың бес жүз шығанақ болған арқа тәрепте
31
үш дәрўаза болсын. Қала дәрўазалары Израил урыўларының атлары менен аталсын. Арқа тәрептеги дәрўазалар Рубен, Яҳуда ҳәм Лебий дәрўазалары деп аталсын.
32
Узынлығы төрт мың бес жүз шығанақ болған шығыс тәрепте үш дәрўаза болып, олар Юсуп, Бенямин ҳәм Дан дәрўазалары деп аталсын.
33
Узынлығы төрт мың бес жүз шығанақ болған қубла тәрепте үш дәрўаза болып, олар Шимон, Иссахар ҳәм Зебулон дәрўазалары деп аталсын.
34
Узынлығы төрт мың бес жүз шығанақ болған батыс тәрепте үш дәрўаза болып, олар Гад, Ашер ҳәм Нафталий дәрўазалары деп аталсын.
35
Қаланың айланасы барлығы болып он сегиз мың шығанақ болады. Қала сол күннен баслап „Жаратқан Ийе сол жерде“ деп аталады».
← Chapter 47
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48