bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Ezekiel 46
Ezekiel 46
Karakalpak 2022
← Chapter 45
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 47 →
1
«Қудай Ийе былай дейди: Ишки ҳәўлиге алып киретуғын шығыс тәрептеги дәрўаза алты жумыс күни даўамында жабық турсын. Ал Шаббат күни ҳәм Жаңа ай байрамы күни ашылсын.
2
Ҳүкимдар дәрўаза имаратының айўаны арқалы дәрўазаның ишинен өтип, дәрўазаның жақлаўларының жанында турсын. Руўханий оның жандырылатуғын ҳәм татыўлық қурбанлықларын усынып атырғанда, ҳүкимдар айўан босағасында турып сыйынсын. Кейин келген жолы менен шығып кетсин. Бирақ дәрўаза кешке шекем ашық турсын.
3
Ҳәр Шаббат ҳәм Жаңа ай байрамы күни Израил халқы усы дәрўаза алдында турып, Жаратқан Ийеге сыйынсын.
4
Шаббат күни ҳүкимдар Жаратқан Ийеге минсиз алты тоқлы менен минсиз бир қошқарды жандырылатуғын қурбанлық ушын алып келсин.
5
Қошқарға қосып, ғәлле садақасы ушын бир эфа ун берсин. Ал тоқлылар менен бирге қәлеген муғдарда ун берсин. Ҳәр бир эфа унға бир ҳин муғдарда зәйтүн майын қосып берсин.
6
Жаңа ай байрамы күни минсиз бир буға, алты тоқлы ҳәм бир қошқар берсин.
7
Ғәлле садақасы ушын буғаға қосып бир эфа, қошқарға қосып бир эфа ун алып келсин. Ал тоқлылар менен бирге қәлеген муғдарда ғәлле садақасын берсин. Ҳәр бир эфа ун ушын бир ҳин зәйтүн майын қосып берсин.
8
Ҳүкимдар ишке киргенде, дәрўаза имаратының айўаны арқалы кирсин ҳәм сол жол менен қайтып шықсын.
9
Белгиленген байрамларда үлке халқы сыйыныў ушын Жаратқан Ийениң алдына келгенде, арқадағы дәрўазадан киргенлери қубладағы дәрўазадан, қубладағы дәрўазадан киргенлери арқадағы дәрўазадан шығып кетсин. Ҳәр бир адам кирген дәрўазасынан қайтып шықпай, қарама-қарсы дәрўазадан шығып кетиўи керек.
10
Ҳүкимдар олардың арасында болыўы керек. Халық киргенде кириўи, халық шыққанда шығыўы керек.
11
Үлкен байрамларда ҳәм белгиленген байрамларда қурбанлық қылынатуғын ҳәр бир буға ҳәм ҳәр бир қошқар менен бирге бир эфадан ғәлле садақасы бериледи. Тоқлылар менен бирге қәлеген муғдарда ғәлле садақасы бериледи. Ҳәр бир эфа ун менен бирге бир ҳин зәйтүн майы бериледи.
12
Ҳүкимдар Жаратқан Ийеге ықтыярлы түрде жандырылатуғын қурбанлық ямаса татыўлық қурбанлығын бермекши болса, оған шығысқа қараған дәрўаза ашылсын. Бул қурбанлықларды ол Шаббат күни беретуғын қурбанлықлардай етип усынсын. Кейин ол сыртқа шығып кетеди ҳәм дәрўаза жабылады».
13
«Ҳәр күни азанда бир жасар минсиз бир тоқлыны жандырылатуғын қурбанлық етип алып келип, оны Жаратқан Ийеге усының.
14
Оның менен бирге ҳәр күни азанда ғәлле садақасы ушын эфаның алтыдан бир бөлеги муғдарында сапалы ун ҳәм унға араластырыў ушын ҳинниң үштен бир бөлеги муғдарында зәйтүн майы берилсин. Ғәлле садақасының Жаратқан Ийеге усыныў қағыйдасы мәңгиге усындай болады.
15
Тоқлы, ғәлле ҳәм зәйтүн майы жандырылатуғын қурбанлық ушын ҳәр күни азанда үзликсиз түрде алып келинсин».
16
«Қудай Ийе былай дейди: Егер ҳүкимдар өз ийелигинен улларының бирине жер саўға қылса, бул жер оның әўладларына да мийрасқа өтип, олардың мийрасы болады.
17
Егер ҳүкимдар хызметшилериниң бирине жер саўға қылса, хызметши бул жерге Қутлы жылға дейин ғана ийелик қыла алады. Кейин жер ҳүкимдарға қайтарып бериледи. Ҳүкимдардың жери тек оның балаларына ғана мийрасқа өте алады.
18
Ҳүкимдардың халықты жерден қуўып шығарып, олардың жерин тартып алыўға ҳақысы жоқ. Ол тек өз жеринен балаларына мийрас ажыратыўы мүмкин. Халқымның ҳеш бири өз жеринен қуўып шығарылмасын».
19
Кейин адам мени дәрўаза жанындағы жол арқалы руўханийлерге арналған, арқаға қарап турған мухаддес бөлмелерге алып келди. Сол жерден батыстағы ең шетки орынды көрсетти.
20
Ол былай деди: – Бул жерде руўханийлер айып ҳәм гүна қурбанлықларының гөшин писиреди ҳәм ғәлле садақасының нанын жабады. Халықтың мухаддес азық-аўқатларға тийип кетпеўи ушын, оларды сыртқы ҳәўлиге шығармаўы керек.
21
Кейин ол мени сыртқы ҳәўлиге шығарып, ҳәўлиниң төрт мүйешине алып барды. Ҳәр бир мүйеште қоршалған бир орын бар еди.
22
Ҳәўлиниң ҳәр бир мүйешинде өлшемлери бирдей болған, узынлығы қырық шығанақ, ени отыз шығанақ болған үсти жабық орынлар бар еди.
23
Олардың ҳәммеси дийўал менен айландырылған болып, дийўалдың иши бойлап ошақлар қурылған еди.
24
Адам маған былай деди: – Булар асханалар. Онда Ибадатхана хызметшилери халықтың алып келген қурбанлық гөшлерин писиреди.
← Chapter 45
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 47 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48