bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Ezekiel 6
Ezekiel 6
Karakalpak 2022
← Chapter 5
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 7 →
1
Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2
– Инсан улы! Израил таўларына жүзиңди қаратып, оларға қарсы пайғамбаршылық етип,
3
былай деп айт: «Ҳәй, Израил таўлары, Қудай Ийениң сөзин тыңлаң! Қудай Ийе таўларға, төбелерге, сай-салаларға ҳәм ойпатлықларға былай дейди: Қараңлар, Мен сизлерге қарсы қылыш жиберемен, сыйыныў орынларыңызды қыйратаман.
4
Қурбанлық орынларыңыз ўайран қылынады, түтетки түтетилетуғын орынларыңыз қыйратылады, өлтирилген адамларыңызды бутларыңыздың алдына ылақтыраман.
5
Мен Израил халқының өли денелерин олардың бутларының алдына таслайман ҳәм сүйеклериңизди қурбанлық орынларыңыздың дөгерегине шашаман.
6
Сизлер қай жерде жасасаңыз да, қалаларыңыз ўайран болады, сыйыныў орынларыңыз қыйрайды. Сонда қурбанлық орынларыңыз ўайран болып, қаңырап қалады, бутларыңыз бөлекленип, жер менен жексен болады, түтетки түтетилетуғын орынларыңыз сындырып тасланып, қол мийнетиңиз түп-тамыры менен жоқ қылынады.
7
Араңызда өлтирилгенлер қулап жатады, сонда Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз.
8
Бирақ Мен базыларды аман қалдыраман. Сизлер ел бойлап тарқатып жиберилгениңизде, айырымларыңыз басқа миллетлер арасында қылыштан қутылып қаласыз.
9
Аман қалғанлар сүргин етип алып кетилген жериндеги миллетлер арасында Мени еслейди. Меннен жүз бурған опасыз жүреклери ҳәм бутлардың изинен қараған бузық көзлери себепли қаншелли ҳәсирет шектим. Олар ислеген жаманлықлары ҳәм жеркенишли ислери ушын өзлеринен өзлери жеркенеди.
10
Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады. Мен оларға бул апатшылықты жиберемен деп, бостан-босқа айбат еткеним жоқ.
11
Қудай Ийе былай демекте: Ашыў менен алақаныңды алақаныңа урып, жерди теўип былай деп айт: Ислеген барлық жаўыз ҳәм жеркенишли ислери ушын израиллылардың соры қурыйды! Олар қылыштан, ашлықтан ҳәм иллеттен қырылады.
12
Узақтағылар иллеттен өледи, жақындағылар қылыштан қырылады. Қутылып, аман қалғанлар ашлықтан набыт болады. Усылайынша, Мен оларға ғәзебимди толық шашаман.
13
Қурбанлық орынларының әтирапындағы бутлардың арасында, ҳәр бир бийик төбешикте ҳәм барлық таўдың төбелеринде, ҳәр бир қойыў жапырақлы теректиң ҳәм ҳәр бир саялы теребинф астында, яғный бутларына хош ийисли түтетки түтеткен жерлерде қырылғанлар созылып жатқанда, олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады.
14
Мен оларға қолымды көтерип, шөлден Диблаға шекемги, олар жасаған барлық жерлерди қаңыратып, бос қалдыраман. Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады».
← Chapter 5
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 7 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48