bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Ezekiel 7
Ezekiel 7
Karakalpak 2022
← Chapter 6
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 8 →
1
Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2
– Инсан улы! Қудай Ийе Израил жерине былай дейди: «Ақыры жетти! Жердиң төрт тәрепиниң ақыры жетти!
3
Мине, сениң ақырың жетти! Мен сениң үстиңе ғәзебимди шашаман. Саған тутқан жолларыңа ылайықлы ҳүким шығарып, барлық жеркенишли ислериң ушын жазалайман.
4
Сени аямайман, реҳим де қылмайман. Тутқан жолларың ушын сени сөзсиз жазалайман, жеркенишли ислериң ушын жазаңды тартасаң. Сонда сизлер Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз.
5
Қудай Ийе былай дейди: Апат үстине апат! Қараңлар, апат келмекте!
6
Ақырың жетти, аўа, күниң паянына жетти! Ол саған қарсы көтерилди. Қара, ол киятыр!
7
Саған қырғын келди, саған келди, ҳәй, елдиң турғыны! Ўақыт жетти, күн жақын. Таўларда қуўаныш емес, ала-сапыран ҳүким сүреди.
8
Тез арада Мен саған қәҳәримди төгемен ҳәм ғәзебимди толық шашаман. Саған тутқан жолларыңа ылайықлы ҳүким шығарып, барлық жеркенишли ислериң ушын жазалайман.
9
Сени аямайман, реҳим де қылмайман. Тутқан жолларың ушын сени сөзсиз жазалайман, жеркенишли ислериң ушын жазаңды тартасаң. Сонда сизлерди жазалаған Мен, Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз.
10
Мине ол, сол күн! Мине, ол келди: қырғын көгерип шықты, зорлық гүлледи, менменлик бүртик жарды.
11
Зорлық нызамсызлықты жазалайтуғын таяқ болып өсип шықты. Халықтан ҳеш ким қалмады. Олардың молшылығы да, байлығы да, салтанаты да қалмады.
12
Ўақыт келди, сол күн жақынласты. Сатып алған қуўанбасын, сатқан ғам шекпесин. Себеби Мениң ғәзебим пүткил аламан үстине жаўады.
13
Жерин сатқан адам өмириниң ақырына дейин сатқан жерин қайтарып ала алмайды. Өйткени аян пүткил аламанға тийисли, ол өзгермейди. Өзлериниң гүнасы себепли олардың биреўи де өмирин сақлап қала алмайды.
14
Кәрнайлар шалынды, ҳәммеси таяр. Бирақ ҳеш ким саўашқа түспейди, өйткени Мениң ғәзебим пүткил аламан үстине жаўады.
15
Сыртта қылыш, иште иллет ҳәм ашлық. Даладағылар қылыштан, қала ишиндегилер ашлықтан ҳәм иллеттен өледи.
16
Аман қалғанлар ойпатлықтағы кептерлердей таўға қашады. Олардың ҳәр бири өз гүнасы ушын зар еңирейди.
17
Қолларында ҳал қалмайды, дизелериниң мәдары қурыйды.
18
Олар аза кийимин кийеди, оларды қорқыныш бийлейди. Ҳәммесиниң жүзи уяттан қызарып, барлығы шашларын тықырлап алдырады.
19
Олар гүмисин көшеге ылақтырады, алтыны ҳарам саналады. Жаратқан Ийениң ғәзеп күнинде гүмис ҳәм алтыны оларды қутқара алмайды, ашлықтан да сақламайды, қарнын да тойдырмайды. Алтын ҳәм гүмис оларды гүнаға баслаған еди.
20
Өзлери мақтанып жүрген әжайып тағыншақларынан олар жеркенишли бутларының мүсинлерин ҳәм ҳарамы нәрселерин ислетти. Сонлықтан Мен бул байлықларын олар ушын ҳарам қылдым.
21
Мен оларды жат жерлилерге олжа қыламан, жер бетиндеги жаўызларға талатаман. Жаўызлар оларды ҳарамлайды.
22
Мен оларға нәзер салмайман, олар Мениң қәдирли орнымды ҳарамлайды. Басқыншылар сол жерге кирип, оны ҳарамлайды.
23
Шынжырлар таярлаң! Ел қанлы жынаятқа, қала зорлыққа толып кеткен.
24
Мен миллетлердиң ең жаўызын жиберемен. Олар халқымның үйлерин басып алады. Күшлилердиң менменлигине шек қояман, олардың мухаддес орынлары ҳарам қылынады.
25
Қорқыныш келгенде, олар тынышлық излей баслайды, бирақ тынышлық болмайды.
26
Апат изинен апат келеди, мыш-мыш изинен мыш-мыш тарқалады. Олар пайғамбарлардан бийкарға аянлар сорайды, руўханийлер тәлим бериўден, ақсақаллар кеңес бериўден жуда болады.
27
Патша ғамға батады, ҳүкимдарын қорқыныш бийлейди, ел халқының қолы иске бармайды. Оларды тутқан жолларына сай жазалайман, өз ҳүкимлерине ылайықлы ҳүким шығараман. Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады».
← Chapter 6
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 8 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48