bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Ezekiel 37
Ezekiel 37
Karakalpak 2022
← Chapter 36
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 38 →
1
Жаратқан Ийениң қолы мениң үстимде еди. Ол мени Өз Руўхы менен алып кетип, ойпатлықтың ортасына апарып қойды. Ол жер сүйеклерге толып атырған еди.
2
Ол мени олардың арасы менен жетеледи, мен ойпатлықта жатырған сансыз сүйеклерди көрдим. Сүйеклер жүдә кеўип қалған еди.
3
Ол меннен: – Инсан улы, мына сүйеклер тириле ала ма? – деп сорады. Мен Оған: – Қудай Ийе, буны тек Сен билесең, – деп жуўап бердим.
4
Кейин Ол маған былай деди: – Пайғамбаршылық етип, мына сүйеклерге былай деп айт: «Кеўип қалған сүйеклер, Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң!
5
Қудай Ийе бул сүйеклерге былай демекте: Мен сизлерге жан беремен, сизлер тирилесиз.
6
Үстиңизге сиңирлер питирип, ет өсиремен ҳәм тери менен қаплайман. Ишиңизге жан саламан, сизлер тирилесиз ҳәм Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз».
7
Мен өзиме тапсырылғандай, пайғамбаршылық еттим. Пайғамбаршылық етип атырғанымда, тасырлаған шаўқым еситилди, сүйеклер бир-бири менен бирлесе баслады.
8
Мен оларда сиңирдиң ҳәм еттиң қалай пайда болғанын, оларды тери қаплағанын көрдим. Бирақ денесинде еле жан жоқ еди.
9
Сонда Ол маған былай деди: – Жанға пайғамбаршылық қыл. Инсан улы, пайғамбаршылық қылып, оған былай деп айт: «Қудай Ийе былай дейди: Ҳәй жан, төрт тәрептен самал болып, мына өлтирилгенлердиң үстине ес, олар тирилсин».
10
Мен Ол тапсырғандай, пайғамбаршылық қылдым. Жан оларға кирип, олар тирилди, аяққа турды. Олар жүдә уллы аламанға айланды.
11
Сонда Ол маған былай деди: – Инсан улы, мына сүйеклер – пүткил Израил халқы. Олар: «Сүйегимиз қуўрап қалды, үмитимиз үзилди, бизлер тамырдан үзилип тасланғанбыз», – дейди.
12
Сонлықтан пайғамбаршылық етип, оларға айт: «Қудай Ийе былай дейди: Халқым, Мен қәбирлериңизди ашып, сизлерди гөрден шығараман ҳәм Израил жерине алып келемен.
13
Қәбирлериңизди ашып, о, халқым, сизлерди гөрден шығарғанымда, Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз.
14
Сизлерге руўхымды саламан, сизлер тирилесиз. Мен сизлерди өз жериңизге орналастыраман. Сонда буны Мениң, яғный Жаратқан Ийениң айтқанын ҳәм жүзеге асырғанын билесиз, – дейди Жаратқан Ийе».
15
Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
16
– Инсан улы, сен бир таяқ алып, оған: «Яҳуда ҳәм оның менен бирлескен израиллылар ушын» деп жаз. Кейин басқа таяқ алып, оған: «Юсуп ҳәм оның менен бирлескен Израил халқы ушын Эфрайымның таяғы» деп жаз.
17
Еки таяқты бир-бирине қосып усла, олар қолыңда бир таяқтай болып көринсин.
18
Халқың: «Қолыңдағы не, түсиндирип бересең бе?» – деп сораса,
19
оларға былай деп айт: «Қудай Ийе былай дейди: Мен Эфрайымның қолындағы таяғын, яғный Юсуп пенен бирлескен Израил урыўларының таяғын алып, Яҳуданың таяғына қосаман. Оларды бир таяқ қылып, Өз қолымда услайман».
20
Сен жазыў жазған еки таяқ олардың көз алдында сениң қолыңда турғанда,
21
оларға Қудай Ийе былай дейди деп айт: «Мен Израил халқын ҳәмме жақтан, өзлери барған халықлардың арасынан жыйнап алып, өзлериниң жерине алып келемен.
22
Оларды сол журтта, Израил таўларында бир халық қыламан ҳәм олардың ҳәммесин бир патша басқаратуғын болады. Олар енди еки халық болмайды ҳәм еки патшалыққа бөлинбейди.
23
Енди бутлар менен, жеркенишли затлар менен ҳәм ҳәр қыйлы надурыс нәрселер менен өзлерин ҳарамламайды. Гүнаға батып жасаған мәнзиллеринен оларды азат етип, тазалайман. Олар Мениң халқым, Мен олардың Қудайы боламан.
24
Қулым Даўыт оларға патша болады ҳәм ҳәммесиниң шопаны болады. Олар Мениң буйрықларым менен жасайды, қағыйдаларыма әмел қылып, оларды орынлайды.
25
Олар Мен қулым Яқыпқа берген жерде, ата-бабалары жасаған жерде жасайды. Сол жерге олардың өзлери, балалары ҳәм балаларының балалары мәңгиге мәкан басады. Қулым Даўыт мәңгиге олардың ҳүкимдары болады.
26
Мен олар менен тынышлық келисимин дүземен, бул келисим мәңгиге даўам етеди. Оларды аяққа турғызаман, көбейтемен ҳәм Өзимниң Мухаддесханамды олардың ортасына мәңгиге орнатаман.
27
Олардың арасында мәкан басаман. Мен олардың Қудайы, олар Мениң халқым болады.
28
Мухаддесханам мәңгиге олардың арасында жайласқанда, халықлар Израилды мухаддес қылатуғын Мен, Жаратқан Ийе екенин билип алады».
← Chapter 36
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 38 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48