bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Ezekiel 12
Ezekiel 12
Karakalpak 2022
← Chapter 11
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 13 →
1
Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2
– Инсан улы! Сен қозғалаңшы халық арасында жасап атырсаң. Олардың көриўге көзи бар, бирақ көрмейди, еситиўге қулағы бар, бирақ еситпейди. Өйткени олар қозғалаңшы халық.
3
Сен, инсан улы, сүргин қылынған адам киби затларыңды таярлап, күндиз олардың көз алдында жолға шық. Олардың көз алдында өз орныңнан басқа жерге көш. Олар қозғалаңшы халық болса да, бәлким, түсинер.
4
Көшиўге керек нәрселериңди күндиз сыртқа шығарып қой, ал өзиң, олардың көз алдында сүргин қылынған адам киби кеште жолға шық.
5
Дийўалды тесип, түйиншигиңди сол тесиктен алып шық.
6
Геўгим түскенде, олардың көзинше түйиншикти желкеңе салып, жолға шық. Тәрк етип атырған жерди көрмеў ушын жүзиңди жаўып ал. Себеби Мен сени Израил халқы ушын бир белги қылдым.
7
Мен буйырылғанларды иследим. Сүргинге керек нәрселердей етип, затларымды күндиз шығарып қойдым. Кеште дийўалды қолым менен ойдым. Геўгим түскенде, түйиншигимди шығарып, адамлардың көз алдында оны желкеме салдым.
8
Азанда маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
9
– Инсан улы! Бул қозғалаңшы Израил халқы сеннен не қылып атырғаныңды сорамады ма?
10
Оларға Қудай Ийе былай дейди деп айт: «Бул Ерусалимдеги ҳүкимдарға ҳәм ол жерде жасап атырған пүткил Израил халқына тийисли хабар».
11
Израил халқына айт: «Мен сизлер ушын белгимен. Мен не қылған болсам, Ерусалимдегилерге де сол болады. Олар тутқын қылынып, сүргинге алып кетиледи».
12
Арасындағы ҳүкимдары да қараңғылықта затларын ийнине артып, жолға түседи. Дийўал арқалы шығыў ушын оны теседи, тәрк етилип атырған бул жерди көрмеў ушын бетин жаўып алады.
13
Мен оның үстине торымды таслайман, ол дузағыма түседи. Оны Бабилонға, калдейлердиң жерине алып бараман. Бирақ ол Бабилонды көрмейди ҳәм сол жерде жан тапсырады.
14
Оның дөгерегиндегилердиң ҳәммесин, барлық жәрдемшилерин ҳәм барлық ләшкерлерин ҳәр тәрепке тарқатып жиберемен ҳәм қылыш жалаңашлап изинен қуўаман.
15
Оларды миллетлер арасына тарқатып, өзге журтларға шашып жибергенимде, олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады.
16
Барған жерлеринде өзлериниң жеркенишли ислери туўралы айтып бериўи ушын, олардың айырымларын қылыштан, ашлықтан ҳәм иллеттен аман сақлап қаламан. Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады.
17
Жаратқан Ийеден маған сөз түсти:
18
– Инсан улы, жегениңде титире, ишкениңде қорқыўдан қалтыра.
19
Елдеги адамларға мыналарды айт: «Ерусалим турғынлары ҳәм Израил халқы туўралы Қудай Ийе былай дейди: Олар нанын қорқыў менен жеп, суўын ғулғылаға түсип отырып ишетуғын болады. Өйткени елдиң турғынларының жаўызлықлары кесиринен жер бары-жоғынан айырылады.
20
Қоныслы қалалар ўайран болып, ел қаңырап бос қалады. Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады».
21
Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
22
– Инсан улы! Сизлерде, Израил жеринде: «Күнлер өтер, барлық пайғамбаршылық сөзлер пушқа шығар», – деп айтылып жүргени не нақыл өзи?
23
Оларға Қудай Ийе былай дейди деп айт: «Мен бул нақылды жоқ қыламан, қайтып Израилда буны ҳеш ким айтпайтуғын болады». Оларға: «Барлық пайғамбаршылық аянлар орынланатуғын күнлер жақынласпақта», – деп айт.
24
«Енди Израил халқында жалған пайғамбаршылық ҳәм алдамшы болжаўлар болмайды.
25
Мен, Жаратқан Ийе не айтсам да орынланады, енди кешикпейди. Қозғалаңшы халық, сизлердиң күнлериңизде Мен сөз айтаман ҳәм оны әмелге асыраман, – дейди Қудай Ийе».
26
Қудай Ийеден маған сөз түсти:
27
– Инсан улы! Израиллылар: «Оның көрген аянлары көп ўақыттан кейин орынланады, ол тек ғана узақ келешек ҳаққында пайғамбаршылық қылады», – деп айтпақта.
28
Сонлықтан оларға Қудай Ийе былай дейди деп айт: «Айтқан сөзлеримниң бирде биреўи енди кешиктирилмейди. Не айтқан болсам, ҳәммеси орынланады, – дейди Қудай Ийе».
← Chapter 11
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 13 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48