bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Ezekiel 30
Ezekiel 30
Karakalpak 2022
← Chapter 29
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 31 →
1
Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2
– Инсан улы, пайғамбаршылық қылып айт: «Қудай Ийе былай дейди: Аҳ, сол күн, деп бақыр!
3
Себеби сол күн жақынласты, Жаратқан Ийениң күни жақынласты. Бул күн қалың бултлы болады, Миллетлердиң қыямет-қайым күни.
4
Мысырға қарсы қылыш шығады. Мысырлылар қылыштан қырылғанда, Хабашстанды қорқыныш бийлейди. Мысырдың байлығы алып кетиледи, Тийкары күл-талқан қылынады.
5
Хабашстан, Пут, Луд, жат жерли жалланба әскерлер, Куб ҳәм олар менен питим дүзген еллердиң халқы қылыштан өткериледи.
6
Жаратқан Ийе былай дейди: Мысырдың аўқамласлары қырылады, Мақтанышлы қүдирети қулайды. Мигдолдан Сиўенеге шекем, Ҳәммеси қылыштан өткериледи, – дейди Қудай Ийе. –
7
Олар қаңырап қалған еллердиң ишиндеги, Ең жаманына айланады. Оның қалалары ўайран етилген қалалар ишиндеги, Ең ўайран қылынғаны болады.
8
Мысырға от берип, Оны қоллағанлардың ҳәммесин жоқ қылғанымда, Олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады.
9
Сол күни қайғы-ғамсыз жасап атырған хабашстанлыларды қорқытыў ушын, Мен кемелер менен хабаршылар жиберемен. Мысырдың қыямет-қайым күнинде, хабашстанлыларды қорқыныш бийлеп алады. Мине, усы күн сөзсиз келеди.
10
Қудай Ийе былай дейди: Мен Бабилония патшасы Набуходоносордың қолы менен, Көп санлы Мысыр халқын жоқ қыламан.
11
Набуходоносордың өзи ҳәм әскерлери, Барлық халықлар арасындағы ең жаўызы. Ол Мысырды қуртыў ушын алып келинеди. Мысырға қарсы қылышларын жалаңашлап, Жерди өлилерге толтырады.
12
Мен Нилдиң тармақларын қурытып, Елди залымлардың қолына беремен. Елди ҳәм ондағы ҳәмме нәрсени, Жат жерлилердиң қолы менен ўайран етемен. Буны Мен, Жаратқан Ийе айтып турман.
13
Қудай Ийе былай дейди: Мен барлық бутларды жоқ қыламан, Нофтағы қудайлардың мүсинлерин қуртаман. Мысырда енди ҳүкимдар болмайды. Мысыр жерин қорқынышқа саламан.
14
Патрус үлкесин ўайран қыламан, Соан қаласына от қояман, Но қаласы үстинен ҳүким шығараман.
15
Мысырдың қорғаны болған Синге ғәзебимди төгемен. Но қаласының көп санлы халқын қырып таслайман.
16
Мысырға от қояман, Син шексиз азап шегеди. Но қаласының дийўалы тесиледи, Нофқа күпә-күндиз душпан ҳүжим қылады.
17
Уон ҳәм Пий-Бесет жигитлери, Қылыштан набыт болады, Қала халқы сүргин қылынады.
18
Мен Мысырдың бийлик ҳасасын сындырған, Ҳәм де оның мақтанышлы қүдиретин қулатқан күни, Тахпанхесте күн түнекке айланады, Қаланы қара булт қаплайды, Оған қараслы қала-аўыллардың турғынлары сүргин қылынады.
19
Мен Мысыр үстинен ҳүким шығараман. Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады».
20
Сургинде болған ўақтымыздың он биринши жылының биринши айының жетинши күни маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
21
– Инсан улы, Мен Мысыр патшасы фараонның қолын сындырдым. Оның шыпа табыўы ушын, ҳеш ким қолын байламады, қайтып қылыш услаўы ушын, ҳеш ким қолына тахтай салып таңбады.
22
Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: «Мен Мысыр патшасы фараонға қарсыман. Мен оның еки қолын да: саў қолын да, сынған қолын да сындыраман. Қолындағы қылышы жерге түсип кетеди.
23
Мысырлыларды халықлар арасына тарқатып, еллер арасына шашып жиберемен.
24
Мен Бабилония патшасының билегине күш берип, қолына қылышымды услатаман. Ал фараонның қолларын сындыраман. Фараон Бабилония патшасының алдында аўыр жарадар болған адамдай ыңырсыйды.
25
Мен Бабилония патшасының қолларына күш беремен, ал фараонның қолларында дәрман қалмайды. Мен Бабилония патшасына қылышымды бергенимде ҳәм ол қылышты Мысыр жерине қарай созғанда, олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады.
26
Мен мысырлыларды халықлар арасына тарқатып, еллердиң арасына шашып жиберемен. Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады».
← Chapter 29
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 31 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48