bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Ezekiel 25
Ezekiel 25
Karakalpak 2022
← Chapter 24
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 26 →
1
Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2
– Инсан улы, жүзиңди аммонларға қаратып, оларға қарсы пайғамбаршылық қыл.
3
Оларға айт: «Қудай Ийениң сөзин тыңлаң! Қудай Ийе былай дейди: Мухаддес мәканым ҳарамланғанда, Израил жери ўайран қылынғанда ҳәм Яҳуда халқы тутқынға түскенде, „Ҳай-ҳай“ деп олардың үстинен күлген едиңиз.
4
Сонлықтан Мен сизлерди шығыс халықларының ийелигине беремен. Олар елиңизге орда қурып, шатырларын тигеди, өнимлериңизди жеп, сүтиңизди ишеди.
5
Рабба қаласын түйелердиң өрисине, Аммон елин қойлардың қорасына айландыраман. Сонда сизлер Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз.
6
Қудай Ийе былай дейди: Сен қол шаппатлап, аяқ тапырлатып, Израил жерин жек көрип, бахытсызлығына шын жүректен қуўандың.
7
Сонлықтан Мен де саған қарсы қол көтерип, сени халықларға олжа қылып беремен. Сени халықлар арасынан жоқ қыламан, еллер арасынан қуртып, туқымқурт қыламан. Сонда сен Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласаң».
8
«Қудай Ийе былай дейди: Моаб пенен Сеир: „Яҳуда халқының басқа халықлардан артықмашлығы жоқ“, – деп айтты.
9
Сонлықтан Моабтың қапталын елдиң мақтанышы болған Бейт-Ешимот, Баал-Меон ҳәм Кирятайым қалаларынан баслап ашып таслайман.
10
Моабты аммон халқы менен бирге шығыс халықларының ийелигине беремен. Аммон халқы миллетлер арасында еске алынбайтуғын болады.
11
Мен Моаб үстинен ҳүким шығараман. Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады».
12
«Қудай Ийе былай дейди: Эдом қаслық пенен Яҳудадан өш алып, аўыр гүнаға қол урды.
13
Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: Эдомға қарсы қолымды көтеремен, ондағы адамларды ҳәм ҳайўанларды жоқ қыламан, ал елди шөлге айландыраман. Теманнан Деданға шекемги халық қылыштан қырылады.
14
Мен халқым Израилдың қолы менен Эдомнан өш аламан. Олар Эдомда Мениң қәҳәр-ғәзебим менен ҳәрекет етеди. Сонда эдом халқы Мениң өш алыўымның қандай екенин билип алады, – дейди Қудай Ийе».
15
«Қудай Ийе былай дейди: Әййемнен душпанлығы болған филистлер яҳудалылардан өш алыўға ҳәрекет етти, жүрегиндеги жек көриўшилик себепли оларды жер менен жексен етип өш алды.
16
Сол себепли Қудай Ийе былай дейди: Мине, Мен филистлерге қарсы қолымды көтерип, керетлерди жоқ қыламан ҳәм олардың теңиз жағасында қалғанларын қырып жиберемен.
17
Ғәзеп пенен жазалап, олардан қатты өш аламан. Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады».
← Chapter 24
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 26 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48