bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Ezekiel 33
Ezekiel 33
Karakalpak 2022
← Chapter 32
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 34 →
1
Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2
– Инсан улы, өз халқың менен сөйлесип, оларға былай деп айт: «Егер Мен бир елге қылыш жиберсем, сол жердиң халқы өзлеринен бир адамды сайлап, оны гүзетши қылып тайынлайды.
3
Ол жерине киятырған қылышты көрип, кәрнай шалып, халқын ескертеди.
4
Егер биреў кәрнайдың сестин еситсе де, сақланбаса ҳәм қылыш келип, оны өлтирсе, оның қаны өз мойнында қалады.
5
Ол кәрнай сестин еситип турып, итибар бермегени ушын, өз өлимине өзи айыплы. Ал өзин қәўиптен сақлаған адам өз өмирин сақлап қалады.
6
Егер гүзетши қылыш киятырғанын көрсе ҳәм халқын ескертиў ушын кәрнай шалмаса, қылыш келип, олардан биреўиниң жанын алса, онда бул адам өз гүнасы ушын өледи. Бирақ оның қанының қунын Мен гүзетшиден талап етемен».
7
Инсан улы, Мен сени Израил халқына гүзетши етип тайынладым. Сен Мениң аўзымнан шыққан сөзлерди тыңлап, оларды Мениң атымнан ескерт.
8
Мен наҳақ адамға: «Наҳақ адам, сен сөзсиз өлесең!» – десем, ал сен наҳақты жолынан қайтарыў ушын ҳеш нәрсе айтпасаң, онда наҳақ өз гүнасы ушын өледи. Бирақ Мен оның қанының қунын сеннен талап қыламан.
9
Егер сен наҳақты жолынан қайтарыў ушын ескертсең, бирақ ол өз жолынан қайтпаса, ол өз гүнасы ушын өледи, ал сен өз жаныңды сақлап қаласаң.
10
Инсан улы, сен Израил халқына сизлер былай дейсизлер деп айт: «Бизлер қылмысларымыз бенен гүналарымызға көмилдик, олар бизлердиң димарымызды қуртып атыр. Бул аўҳалда қалай тири қаламыз?»
11
Оларға былай деп айт: «Мен, Қудай Ийе Өз тирилигим ҳақы айтаман: Мен наҳақ адамның өлимин қәлемеймен, оның өз жолынан қайтып, жасаўын қәлеймен. Қайтыңлар! Жаман жолларыңыздан қайтыңлар! Неге өлиўиңиз керек, Израил халқы?!»
12
Инсан улы, өз халқыңа былай деп айт: «Егер ҳақ адам гүна ислесе, оның ҳақлығы оны қутқара алмайды. Егер наҳақ адам туўры жолға кирсе, қылған қылмыслары қулаўына себеп болмайды. Сол сыяқлы, ҳақ адам гүна ислесе, бурынғы ҳақлығы оны тири сақлап қала алмайды.
13
Егер Мен ҳақ адамға жасайтуғынын айтсам, ал ол ҳақлығына исенип, гүнаға қол урса, онда оның бурынғы ҳақлығы еске алынбайды, қайтама, ол ислеген жаўызлығы ушын өледи.
14
Ал наҳақ адамға сөзсиз өлетуғынын айтсам, ол гүналарынан жүз бурып, туўрылық ҳәм әдилликти жүзеге асырса,
15
қарызы ушын гиреўге алған затын да, урлаған затын да қайтарып берсе, өмирге еристиретуғын қағыйдаларды орынласа ҳәм қайтып зулымлық қылмаса, ол сөзсиз жасайды, өлмейди.
16
Ол ислеген гүналардың ҳеш бири еске алынбайды. Бул адам туўры ҳәм әдил ислер қылғаны ушын, сөзсиз жасайды».
17
Сениң халқың: «Ийениң жолы натуўры», – дейди. Бирақ өзлериниң жолы натуўры.
18
Егер ҳақ адам ҳақлығынан тайып, натуўры ислерге қол урса, буның ушын өледи.
19
Егер наҳақ адам наҳақлығын таслап, әдил ҳәм туўры ислерди ислей басласа, ол усылай ислеп, жанын сақлап қалады.
20
Сизлер болсаңыз: «Ийениң жолы натуўры», – дейсиз. Израил халқы, Мен сизлердиң ҳәр бириңизди исиңизге жараса ҳүким қыламан.
21
Сүргинде болған ўақтымыздың он екинши жылының оныншы айының бесинши күни Ерусалимнен қашып қутылған бир адам маған келип: – Қала басып алынды, – деди.
22
Сол қашқын келмесинен бир күн бурын кеште Жаратқан Ийениң қолы мениң үстимде болды. Қашқын азанда алдыма келмей турып, Ол маған сөйлеў қәбилетин қайтарып берди. Мен және тилге кирдим.
23
Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
24
– Инсан улы, Израил жериниң ўайран болған жерлеринде жасап жүрген адамлар: «Ибрайым жалғыз өзи болса да, бул жерге ийелик қылған еди. Ал бизлер көппиз, сонлықтан бул жердиң бизлерге ийеликке берилгенин анық билемиз», – деп айтпақта.
25
Сонлықтан оларға айт: «Қудай Ийе былай дейди: Сизлер гөшти қаны менен жейсиз, бутларға табынасыз, қан төгесиз. Солай қыла тура, бул жерге ийелик қылмақшымысыз?
26
Сизлер қылышыңызға исенесиз, жеркенишли ислерди қыласыз, ҳәр бириңиз басқа адамның ҳаялын ҳарамлайсыз. Солай қыла тура, бул жерге ийелик қылмақшымысыз?»
27
Оларға айт: «Қудай Ийе былай дейди: Тирилигим ҳақы ант ишемен: ўайран болған жерде жасап атырғанлар қылыштан набыт болады. Ашық далада болғанларды Мен жабайы ҳайўанларға жем қыламан. Бекинисли жерлерде ҳәм үңгирлерде болғанлар иллеттен өледи.
28
Бул жерди қаңыраған шөлистанға айландыраман. Оның мақтанышлы қүдирети паянына жетеди. Израил таўларында да адам қалмайды, ол жерге ҳеш ким аяқ баспайды.
29
Ислеген жеркенишли ислери ушын жерди қаңыраған шөлистанға айландырғанымда, олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады».
30
Инсан улы, жерлеслериң дийўаллар қасында ҳәм үйлериниң босағасында турып, сен туўралы бир-бирине: «Жүриң, Жаратқан Ийеден қандай сөз келген екен, еситейик», – деп атыр.
31
Олар топарласып келеди. Мениң халқым сениң алдыңда отырады, сөзлериңди тыңлайды, бирақ оларды орынламайды. Олар тиллеринде жағымпазланғаны менен, жүреклеринде өз пайдасын гөзлейди.
32
Сен олар ушын, жақсы сазенде ҳәм муҳаббат ҳаққында қосық айтатуғын хош ҳаўаз қосықшысаң. Олар сөзлериңди еситеди, бирақ оларды орынламайды.
33
Булар жүзеге асқанда, мине, жүзеге асып та атыр, олар өзлериниң арасында бир пайғамбардың болғанын билип алады.
← Chapter 32
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 34 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48