bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Ezekiel 41
Ezekiel 41
Karakalpak 2022
← Chapter 40
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 42 →
1
Кейин ол мени Мухаддес бөлмениң қапысына алып барып, қапының еки тәрепиндеги дийўалларды өлшеди. Еки тәрептеги дийўалдың да қалыңлығы алты шығанақ еди.
2
Босағаның өзи он шығанақ, еки тәрепиндеги дийўаллар бес шығанақтан еди. Ол Мухаддес бөлмени де өлшеди. Оның узынлығы қырық шығанақ, ени жигирма шығанақ шықты.
3
Кейин ол ишки бөлмеге кирип, оның босағасының жақлаў дийўалларын өлшеди. Дийўаллардың қалыңлығы еки шығанақтан, босағаның өзи алты шығанақ, ал еки тәрептен босағаға қосылған дийўаллардың узынлығы жети шығанақтан еди.
4
Ол ишки бөлмени де өлшеди. Оның узынлығы да, ени де жигирма шығанақ еди. Ол маған: – Бул Ең мухаддес бөлме, – деди.
5
Ол Ибадатхана дийўалын өлшеди. Дийўалдың қалыңлығы алты шығанақ шықты. Ибадатхананың сыртқы дийўалына тақап, айландырып салынған бөлмелердиң ени төрт шығанақ еди.
6
Бул бөлмелер бириниң үстине бири үш қабат етип салынып, ҳәр қабатта отыз бөлмеден бар еди. Ибадатхана дийўаллары шығарылыңқырап текшедей етип өрилип, сол шығыңқыраған жери пәрдийўал хызметин атқарды. Солай етип, бөлмелерди бастырған ағашлар Ибадатхана дийўалына кирмей турды.
7
Ибадатхана дийўалының төменги бөлеги жоқарыдағы бөлегине қарағанда қалыңырақ болғаны ушын жоқарыдағы бөлмелер кеңирек еди. Төменги қабаттан екинши қабатқа, оннан үшинши қабатқа көтерилетуғын еди.
8
Мен Ибадатхана әтирапына салынған усы бөлмелердиң тырнағын көрдим. Оның бийиклиги бир таяқ, яғный алты шығанақ еди.
9
Бөлмелердиң сыртқы дийўалының қалыңлығы бес шығанақ еди. Ибадатхана айланасында айланып турған бөлмелер менен
10
руўханийлердиң бөлмелериниң арасындағы аралықтың ени жигирма шығанақ еди.
11
Бөлмелердиң қубла ҳәм арқа тәрепинде ашық майданға қараған есиклери бар еди. Бөлмелер әтирапындағы сыртқа шығыңқырап турған тырнақтың ени бес шығанақ еди.
12
Ибадатхананың артындағы, яғный батыс тәрепиндеги ашық майданда ени жетпис шығанақ, узынлығы тоқсан шығанақ, дийўалының қалыңлығы бес шығанақ болған үлкен бир имарат бар еди.
13
Кейин ол Ибадатхананы өлшеди. Ибадатхананың узынлығы жүз шығанақ шықты. Ибадатхананың артындағы ашық майдан, арт беттеги имарат ҳәм оның дийўалы жүз шығанақ шықты.
14
Ибадатхананың алдынғы тәрепиндеги, яғный шығыс тәрепиндеги ашық майданның ени жүз шығанақ шықты.
15
Ол Ибадатхананың артындағы ашық майданға қарап турған имараттың узынлығын өлшеди. Имарат пенен оның еки қапталындағы дәлизлердиң узынлығы жүз шығанақ шықты. Ибадатхананың иши ҳәм оның айўаны,
16
босағалар, айна тәризли ойықлар ҳәм қосымша исленген ернеклер табалдырықтың алдынан ҳәм еденнен айна тәризли ойықларға шекем ағаш пенен қапланған еди. Айна тәризли ойықларға да ағаштан ислеў берип қапланған еди.
17
Ибадатхана ҳәм айўанның ишиндеги ҳәмме дийўаллары, қапылардың жоқарысы,
18
керублардың ҳәм пальма ағашының сүўретлери салынған тахталар менен қапланған еди. Ҳәр еки керубтың ортасында бир пальма ағашының сүўрети салынған болып, ҳәр бир керубтың еки бет-әлпети бар еди.
19
Пальма ағашына бир тәрептен керубтың адамның бет-әлпетине уқсаған жүзи, екинши тәрептен арысланға уқсаған жүзи қарап турған еди. Бундай сүўретлер Ибадатхананың ишки дийўалларын айландырып,
20
еденнен қапылардың үстилерине шекем исленген еди.
21
Мухаддес бөлмениң қапысының жақлаўлары төрт мүйешли еди. Ең мухаддес бөлмениң қапысының жақлаўлары да сондай еди.
22
Узынлығы ҳәм ени еки шығанақ, бийиклиги үш шығанақ болған ағаштан исленген бир қурбанлық орын бар еди. Оның мүйешлери, тийкары ҳәм қапталлары ағаштан исленген еди. Сол адам маған: – Бул Жаратқан Ийениң алдындағы стол, – деди.
23
Мухаддес бөлмениң де, Ең мухаддес бөлмениң де жарма қапысы бар еди.
24
Олардың ҳәр бир тәрепи еки тахтадан ибарат болып, жыйналмалы етип исленген еди.
25
Мухаддес бөлмениң қапыларына дийўаллардағыдай керублар менен пальма ағашының сүўретлери салынған еди. Айўанның алдына ағаш шертек қурылған еди.
26
Айўанның еки тәрепиндеги дийўалларда айна тәризли ойықлар ҳәм пальма ағашының сүўретлери бар еди. Ибадатхананың қосымша бөлмелеринде де шертеклер бар еди.
← Chapter 40
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 42 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48