bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Ezekiel 26
Ezekiel 26
Karakalpak 2022
← Chapter 25
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 27 →
1
Сүргинде болған ўақтымыздың он биринши жылы, айдың биринши күни маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2
– Инсан улы, Тир Ерусалим туўралы: «Ҳай-ҳай! Халықлардың дәрўазасы болған қала бузылды. Мен ушын қапылары ашылды. Ол ўайран болды, мен болсам, байып кетемен», – деп атыр.
3
Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: «Тир, Мен саған қарсыман. Мен көплеген миллетлерди саған қарсы көтеремен. Олар теңиз толқынларының көтерилгени киби саған жапырылып келеди.
4
Олар дийўалларыңды ўайран қылып, минараларыңды қулатады. Мен қаланың топырағын сыпырып таслап, оны жалаңаш таслаққа айландыраман.
5
Теңиздеги бул жер балықшылар аў жаятуғын жер болады. Буны Мен айтып турман, – дейди Қудай Ийе. – Тир қаласы халықларға олжа болады.
6
Қурғақлықтағы қалаларының турғынлары қылыштан өткериледи. Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады.
7
Қудай Ийе былай дейди: Мен патшалар патшасы болған Бабилония патшасы Набуходоносорды Тирге қарсы қозғайман. Ол арқадан атлар, саўаш арбалары, атлылар ҳәм топ-топ ләшкерлерин ертип келеди.
8
Тир, олар қурғақлықтағы қалаларыңның турғынларын қылыштан өткереди. Қала әтирапына қамал минараларын қурады, қала дийўалына топырақ үйеди, саған қарсы қалқанлар орнатады.
9
Дийўал бузатуғын қураллар менен дийўалларыңды ояды, шөккишлери менен минараларыңды бузады.
10
Атлардың көплигинен сени шаң-тозаң қаплайды. Дәрўазаларыңнан киргенде, дийўаллары бузылған қалаға бастырып киргендей, атлылардың, дөңгелеклердиң ҳәм арбалардың шаўқымынан дийўалларың титирейди.
11
Атларының туяқлары барлық көшелериңди басқылап таслайды. Адамларың қылыштан қырылады, үлкен кийели тасларың жер менен жексен болады.
12
Олар байлығыңды талап, сатылатуғын буйымларыңды басып алады. Дийўалларыңды жығып, саўлатлы имаратларыңды ўайран қылады, тасларыңды, ағашларыңды ҳәм топырағыңды теңизге ылақтырады.
13
Мен қосықларыңның айтылыўына шек қояман, лираларыңның сести қайтып еситилмейди.
14
Сени жалаңаш таслаққа айландыраман, сен аў жаятуғын орын боласаң. Енди ҳеш қашан қайта тикленбейсең. Буны Мен, Жаратқан Ийе айтып турман, – дейди Қудай Ийе.
15
Қудай Ийе Тир қаласына былай дейди: Қулаўыңның шаўқымынан, жарадарлардың ыңқылдысынан, басыңа түскен қырғыннан атаўлардағы ҳәм жағалаўлардағы халықлар титиремей ме?
16
Барлық теңиз ҳүкимдарлары өз тахтларынан түсип, шапанларын ҳәм кестели кийимлерин шешеди. Қорқынышқа бүркенип жерге отырады, тоқтаўсыз қалтырасып, аўҳалыңды көрип аң-таң болады.
17
Кейин саған жоқлаў айтып, былай дейди: „О, теңизшилер жасаған, Теңизде даңқ таратқан қала, Қалай набыт болдың! Сен ҳәм сенде жасағанлар, Теңизде қүдиретли едиңлер. Теңиздиң жағасында жасайтуғынлардың ҳәммесиниң, Ҳүрейин ушырдың.
18
Сен қулаған күни атаўлар титиреди, Теңиз жағасындағылар сениң набыт болыўыңнан қорқып қалды“.
19
Қудай Ийе былай дейди: Сени адамсыз қалған қалаға уқсатып, қарабақанаға айландырғанымнан кейин, туңғыйық суўларын көтерип, үлкен суўларды үстиңе бастырғанымнан кейин,
20
сени өлим шуқырына түскенлер менен бирге әййемги халықтың жанына түсиремен. Туңғыйыққа түскенлер менен бирге, ески қарабақаналар арасына, жер астындағы дүньяға орналастыраман. Солай етип, саған ҳеш ким мәкан баспайды ҳәм сен тирилер әлеминде ҳүрметке ериспейсең.
21
Мен ақыбетиңди қорқынышлы қыламан, сен жоқ боласаң. Сени излейди, бирақ ҳеш қашан таба алмайды, – дейди Қудай Ийе».
← Chapter 25
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 27 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48