bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Ezekiel 5
Ezekiel 5
Karakalpak 2022
← Chapter 4
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 6 →
1
– Инсан улы! Өткир бир қылыш ал, оны пәки орнына пайдаланып, шашың менен сақалыңды қырқып тасла. Кейин шашыңды өлшеў ушын тәрези алып, оларды бөлеклерге бөл.
2
Қаланың қамал күнлери тамамланғанда, шашыңның үштен бир бөлегин гербишке сызылған қаланың үстинде жандыр. Үштен бир бөлегин қала әтирапына шашып таслап, қылыш пенен майдала. Қалған үштен бирин самалға ушырып жибер. Мен де қылышымды жалаңашлап, қала турғынларының изинен қуўаман.
3
Бирақ шашыңның бир неше талын алып, шапаныңның шалғайына таңып қой.
4
Олардан және бир нешеўин алып, отқа таслап, өртеп жибер. Сол жерден шыққан от пүткил Израил халқына тарайды.
5
Қудай Ийе былай дейди: Бул Ерусалим, оны Мен миллетлердиң қақ ортасына, ал басқа миллетлерди оның айланасына жайластырдым.
6
Бирақ Ерусалим айланасындағы барлық миллетлерден ҳәм еллерден бетер жаманлық қылып, Мениң нызамларыма ҳәм қағыйдаларыма қарсы бас көтерди. Мениң нызамларымнан ўаз кешти ҳәм қағыйдаларыма бойсынбады.
7
Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: Сизлер айланаңыздағы миллетлерден де бетер бас көтергиш болып кеттиңлер. Мениң қағыйдаларыма әмел қылмадыңлар, нызамларыма бойсынбадыңлар, ҳәтте, әтирапыңыздағы миллетлердиң дәстүрлери бойынша да ҳәрекет етпедиңлер.
8
Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: Билип қой, Мен Өзим саған қарсы шығаман. Сени миллетлердиң көз алдында жазалайман.
9
Қылған жеркенишли ислериң себепли, Мен саған бурын ислемеген ҳәм келешекте де ислемейтуғын бир исти қыламан.
10
Сонда ашлықтан сендеги ата-аналар балаларының, балалар ата-аналарының етин жейди. Мен сизлерди жазалайман ҳәм тири қалғанларды самалға суўыраман.
11
Өз тирилигим ҳақы ант ишемен, – дейди Қудай Ийе, – барлық жеркенишли мүсинлериң ҳәм бузық дәстүрлериң менен сен Мухаддес мәканымды ҳарамладың. Мен сени сақал қырыққандай етип қырқып таслайман, аямайман, реҳим де қылмайман.
12
Халқыңның үштен бири иллеттен ямаса ашлықтан қала ишинде өледи, үштен бири қала әтирапында қылыштан қырылады, ал қалған үштен бирин самалға суўыраман ҳәм қылышымды жалаңашлап, олардың изинен қуўаман.
13
Оларға ғәзебимди толық шашып болғаннан кейин, қәҳәрим басылады ҳәм Мен тынышланаман. Қәҳәримди оларға толық шашып болғаннан кейин, олар Мениң, Жаратқан Ийениң қызғаныш пенен айтқанын билип алады.
14
Айналаңдағы халықлардың ҳәм сен арқалы өтетуғын ҳәр бир адамның көз алдында сени қыйратып таслап, насаққа қалдыраман.
15
Мен сизлерди ашыў ҳәм ғәзеп пенен ҳүким қылып, аўыр жаза менен жазалағанымда, сен айналаңдағы халықларға масқара болып, күлкиге қаласаң, олар буннан қорқыўға түсип, сабақ алады. Буны Мен, Жаратқан Ийе айтып турман.
16
Сизлерди жоқ қылыў ушын, үстиңизге ашлықтың набыт қылыўшы оқларын атаман. Ашлығыңды күшейтип, бир тислем нанға зар қыламан.
17
Мен саған ашлықты ҳәм жабайы аңларды жиберемен, олар сени балаларыңнан айырады. Иллет ҳәм қан төгиспе елди жайлайды, үстиңе қылыш дөндиремен. Буны Мен, Жаратқан Ийе айтып турман.
← Chapter 4
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 6 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48