bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Ezekiel 22
Ezekiel 22
Karakalpak 2022
← Chapter 21
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 23 →
1
Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2
– Сен, инсан улы, ҳүким қыл, қанхор қаланы ҳүким қыл! Оның ислеген жеркенишли ислерин айтып бер.
3
Оған Қудай Ийе былай дейди деп айт: «Ҳәй, өз ишиңде қан төгип, жаза күнин жақынлатқан қала! Сен бутлар соғып, өзиңди ҳарамладың!
4
Төккен қаның менен айыплы болдың, соққан бутларың менен ҳарамландың. Күнлериң жақынласты, жылларың паянына жетти. Соның ушын Мен сени миллетлердиң мазақлаўына, пүткил еллердиң үстиңнен күлиўине жол қояман.
5
Жаман ат шығарған, ғаўғаға толған қала, жақындағылар да, алыстағылар да сени мазақлайды.
6
Мине, ишиңде жасап атырған ҳәр бир Израил ҳүкимдары өз ҳәмелинен пайдаланып, қан төгеди.
7
Қалада ата-анасын менсинбейди, келгиндини езеди, жетим ҳәм жесирге зулымлық қылады.
8
Сен Мениң мухаддес нәрселеримди ҳүрмет етпедиң, Шаббатыма бийпәрўа болдың.
9
Араңызда жала жаўып, қан төгетуғынлар, төбешиклерде бутларға арналған қурбанлық мәресимине қатнасатуғынлар ҳәм уятсыз қылықларды қылатуғынлар бар.
10
Араңызда әкесиниң ҳаялы менен жататуғынлар, етек кири келип жүрген ҳаялды зорлайтуғынлар бар.
11
Биреўи қоңсысының ҳаялы менен жеркенишли ис қылса, басқасы шерменделерше келинин ҳарамлайды, басқасы туўысқан қарындасының намысына тийеди.
12
Сендеги адамлар қан төгиў ушын пара алады. Сен өсим ҳәм үстеме аласаң, зорлық пенен жақыныңның мал-мүлкин тартып аласаң, ал Мени болса, умыттың, – дейди Қудай Ийе.
13
Минекей, ҳарам пайдаң ҳәм ишиңде қан төккениң ушын Мен ашыў менен алақанымды алақаныма ураман.
14
Мен саған қарсы ҳәрекетке кирген күни жүрегиң даў берип, қолыңда күшиң қалар ма екен? Буны Мен, Жаратқан Ийе айтаман ҳәм жүзеге асыраман.
15
Мен сени миллетлер арасына тарқатып, ел бойлап шашып жиберемен ҳәм араңыздағы ҳарам ислерге шек қояман.
16
Халықлардың көз алдында хор болғаныңда, Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласаң».
17
Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
18
– Инсан улы, Израил халқы Мен ушын ғаўажақтай қәдирсиз болып қалды. Олардың ҳәммеси – ошақтағы мыс, қалайы, темир ҳәм қорғасын. Олар гүмистен қалған ғаўажаққа айланды.
19
Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: «Ҳәммеңиз ғаўажаққа айланғаныңыз ушын, Мен сизлерди Ерусалимге жыйнайман.
20
Отты алыстырып, гүмисти, мысты, темирди, қорғасынды ҳәм қалайыны еритиў ушын ошаққа салғанындай, Мен де қәҳәр-ғәзебим менен сизлерди жыйнайман, ҳәммеңизди салып, еритемен.
21
Сизлерди жыйнап, ғәзеп отымды үстиңизге үплеймен ҳәм қала ишинде ерип кетесиз.
22
Гүмистиң ошақта еригениндей, сизлер де қала ишинде ерийсиз. Сонда ғәзеп отын үстиңизге төккен Мен – Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз».
23
Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
24
– Инсан улы, елге: «Сен тазаланбаған жерсең. Ғәзеп күни жаўын менен суўғарылмағансаң», – деп айт.
25
Оның ишиндеги ҳүкимдарлары ырылдап, олжасын тилкимлеп атырған арысланға уқсайды. Олар адамларды жейди, мүлик ҳәм байлықларды тартып алады, жесирлердиң санын көбейтеди.
26
Оның руўханийлери нызамымды бузады, мухаддес затларымды ҳарамлайды. Мухаддес зат пенен ҳарам затты парықламайды. Ҳадал менен ҳарамның айырмашылығын түсиндирмейди. Шаббатыма көз жумады, Мен олардың арасында хорланып атырман.
27
Олардың ҳәмелдарлары олжасын тилкимлеп атырған қасқырға уқсайды. Байлық арттырыў ушын қан төгеди, адамлардың жанын алады.
28
Ал пайғамбарлары болса олардың қылмысларын ҳәк пенен ақлайды. Өтириктен аянлар көрип, Жаратқан Ийе солай айтпаса да: «Қудай Ийе усылай айтады», – деп жалған болжаўлар айтады.
29
Елдиң халқы бирин бири езеди, тонайды, жарлы ҳәм кәмбағалға зулымлық қылады, келгиндини наҳақ жәбирлейди.
30
Елди жоқ қылмаўым ушын, дийўалдың бузылған жерлерин дүзететуғын, оның бузылған жерине қалқан болып, сол жер ушын Мениң алдымда туратуғын биреўди изледим, бирақ таба алмадым.
31
Солай етип, Мен оларға қәҳәримди төгемен, ғәзеп отым менен жоқ қыламан ҳәм қылған қылмысларына жараса жазасын беремен, – дейди Қудай Ийе.
← Chapter 21
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 23 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48