bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Ezekiel 14
Ezekiel 14
Karakalpak 2022
← Chapter 13
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 15 →
1
Израил ақсақалларының базылары келип, қарсы алдыма отырды.
2
Сонда Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
3
– Инсан улы, мына адамлар өз бутларын жүрек төрине жайлап, азғырыўшыны өзлериниң алдына қойды. Солай екен, Меннен мәсләҳәт сораўына қалай жол қояман?
4
Сонлықтан олар менен сөйлесип, оларға айт: «Қудай Ийе былай дейди: Өз бутларын жүрек төрине жайлап, азғырыўшыны өзлериниң алдына қойған Израил халқынан бир адам пайғамбардың алдына келсе, Мен, Жаратқан Ийе оған бутларының көплигине жараса жуўап беремен.
5
Солай етип, бутлары себепли Маған жат болған Израил халқының жүрегин Өзиме қаратаман».
6
– Сонлықтан Израил халқына айт: «Қудай Ийе былай дейди: Тәўбе қылың, бутларыңыздан ўаз кешиң ҳәм пүткил жеркенишли затларыңыздан жүз бурың.
7
Егер Израил халқынан болған биреў ямаса Израилда жасап атырған келгиндилерден бири Мени тәрк етсе, өз бутларын жүрек төрине жайлап, азғырыўшыны өзиниң алдына қойса ҳәм Меннен мәсләҳәт сораў ушын пайғамбарға келсе, онда Мен, Жаратқан Ийе, оған Өз жуўабымды беремен.
8
Мен сол адамға қарсы шығаман, оны ескертиўши мысалға ҳәм әпсанаға айландыраман, оны халқымның арасынан жоқ қыламан. Сонда Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз.
9
Егер пайғамбар жолдан азып, бир сөз айтса, онда сол пайғамбарды Мен, Жаратқан Ийе азғырған боламан. Мен оған қарсы қолымды көтерип, халқым Израилдың арасынан жоқ қыламан.
10
Пайғамбар да, оннан мәсләҳәт сорап келген де жазасын алады. Екеўи бирдей айыплы.
11
Сонда Израил халқы басқа Меннен айырылмайды ҳәм гүналары менен өзлерин ҳарамламайды. Олар Мениң халқым, Мен олардың Қудайы боламан, – дейди Қудай Ийе».
12
Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
13
– Инсан улы, егер бир ел қыянет етип, Маған қарсы гүна ислесе, Мен оған қарсы қолымды көтеремен, оларды бир тислем нанға зар қылып, ашлыққа дуўшар қыламан. Елдеги адам ҳәм ҳайўанларды қырып таслайман.
14
Егер мына үш адам: Нух, Даниел ҳәм Аюп сол жерде болғанда да, олар ҳақлығы менен тек өзлериниң жанларын ғана қутқарып қалған болар еди, – дейди Қудай Ийе.
15
– Егер Мен сол жерге жыртқыш ҳайўанларды жиберсем, олар сол жерди адамсыз қылса ҳәм сол жер жыртқышлар себепли босап, адам аяқ баспайтуғын болып қалса,
16
сонда усы үш адам олардың арасында болса, Мен Қудай Ийе, тирилигим ҳақы ант ишемен: олар өзлеринен басқа ҳеш кимди, ҳәтте, улларын да, қызларын да қутқара алмас еди. Жер болса қаңырап бос қалар еди.
17
Ямаса, Мен сол жерге қылыш жиберип: «Қылыш, ел бойлап өт!» – десем ҳәм ондағы адамлар менен ҳайўанларды қырсам,
18
сонда усы үш адам олардың арасында болса, Мен Қудай Ийе, тирилигим ҳақы ант ишемен: олар өзлеринен басқа ҳеш кимди, ҳәтте, улларын да, қызларын да қутқара алмас еди.
19
Болмаса, Мен бул елге иллет жиберсем, ямаса қан төгиў ушын ғәзебимди төгип, адамларды ҳәм ҳайўанларды қырып тасласам,
20
Мен Қудай Ийе, тирилигим ҳақы ант ишемен: Нух, Даниел ҳәм Аюп олардың арасында болса да, олар улларын да, қызларын да қутқара алмас еди. Тек ҳақлығы менен өзлериниң жанын ғана қутқара алар еди.
21
Ал енди Қудай Ийе былай дейди: Ерусалимдеги адамларды ҳәм ҳайўанларды жоқ қылыў ушын, оларға буннан да бетер төрт аўыр жазаны: қылыш, ашлық, жыртқыш ҳайўанлар ҳәм иллет жиберемен.
22
Деген менен айырым адамлар аман қалады. Аман қалған еркек ҳәм ҳаяллар ол жерден шығып, Бабилонияға, алдыңызға келеди. Сизлер олардың жүрис-турысын ҳәм ислерин көргениңизде, Мен Ерусалимге неге усындай апатларды жибергенимди түсинип, олардың басына салған ҳәмме нәрседен тәселле табасыз.
23
Аўа, олардың жүрис-турысын ҳәм ислерин көрип тәселле табасыз. Сизлер Мениң Ерусалимде ислеген барлық ислеримниң қурыдан-қуры исленбегенин билесиз, – дейди Қудай Ийе.
← Chapter 13
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 15 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48