bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Ezekiel 44
Ezekiel 44
Karakalpak 2022
← Chapter 43
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 45 →
1
Сол адам мени қайтадан Мухаддесхананың шығысындағы сыртқы дәрўаза жанына алып барды. Дәрўаза жабық еди.
2
Жаратқан Ийе маған былай деди: – Бул дәрўаза бәрқулла жабық турсын, ашылмасын, буннан ҳеш ким кирмесин. Себеби Мен, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе буннан кирдим, сонлықтан ол жабық ҳалында қалады.
3
Тек ҳүкимдар ғана Мениң алдымда қурбанлық асынан жеў ушын бул имаратқа киреди. Ол айўан арқалы кирип, сол жол менен шығып кетеди.
4
Кейин ол адам мени арқадағы дәрўаза арқалы Ибадатханаға алып келди. Мен Ибадатхананың Жаратқан Ийениң салтанатына толып турғанын көрдим ҳәм ет бетимнен жерге жығылдым.
5
Жаратқан Ийе маған былай деди: – Инсан улы, көрген ҳәм еситкенлериңе дыққатлы бол. Мен саған Жаратқан Ийениң Үйиниң қағыйдалары ҳәм нызамлары туўралы айтаман. Ибадатханаға кимлердиң кирип-шығыўына болатуғынына дыққатлы бол.
6
Қозғалаңшы Израил халқына айт: «Қудай Ийе былай дейди: Израил халқы, жетер енди, жеркенишли ислериңизди тоқтатың!
7
Қурбанлықтың қаны менен майын аўқат сыпатында Маған усынғаныңызда, жүреги ҳәм денеси сүннет етилмеген жат жерлилерди Мухаддесханама алып кирип, оны ҳарамладыңыз. Жеркенишли ислериңиз бенен келисимимди буздыңыз.
8
Мухаддес затларымды қорғаўға байланыслы талапларымды орынламадыңыз. Бул затларға қараў ушын өзлериңиздиң орныңызға жат жерлилерди хызметке қойдыңыз.
9
Қудай Ийе былай дейди: Жүреги ҳәм ети сүннет етилмеген бирде бир жат жерли, ҳәтте, ол израиллылар арасында жасаса да Мухаддес мәканыма кирмеўи керек.
10
Израил жолдан азып, бутларға табынып кеткенде, оларға қосылып Меннен жүз бурған лебийлилер өз гүнасының жазасын тартады.
11
Олар Мухаддес мәканымда хызмет ете береди: дәрўазада қараўыл болады, Ибадатханаға байланыслы хызметлерди атқарады. Жандырылатуғын қурбанлықларды ҳәм басқа қурбанлықларды сояды, халыққа хызмет етеди.
12
Бирақ бутларға табынып жүрген Израил халқына хызмет етип, оларды гүнаға баслағаны ушын ант ишемен, – дейди Қудай Ийе, – олар өз айыбының жазасын тартады.
13
Олар руўханий болып Маған жақынласпайды, мухаддес затларыма ҳәм ең мухаддес затларыма қол тийгизбейди. Ислеген жеркенишли ислери ушын уятқа қалады.
14
Деген менен, Ибадатхана менен байланыслы хызметти ҳәм ол жерде исленетуғын барлық әпиўайы ислерди оларға жүклеймен.
15
Израил халқы Меннен жүз бурып кеткенде, Мухаддесхананың хызметин садықлық пенен атқарған Садоқ нәсилинен болған лебийли руўханийлер хызмет етиў ушын Маған жақынласады. Қурбанлықтың майын ҳәм қанын усыныў ушын Мениң алдымда турады, – дейди Қудай Ийе.
16
– Тек олар ғана Мухаддесханама кирип, Маған хызмет етиў ҳәм талапларымды орынлаў ушын дастурханыма жақынласады.
17
Руўханийлер ишки ҳәўлиниң дәрўазасынан кирерде, зығырдан тигилген кийим кийип алсын. Ишки ҳәўлиде ямаса Ибадатхана ишинде хызмет қылғанында үстине жүнли кийим киймесин.
18
Басларына зығыр сәлле орасын ҳәм зығыр диз кийим кийип алсын. Терлететуғын кийим киймесин.
19
Сыртқы ҳәўлиге, халықтың алдына шықпастан алдын хызмет ўақтында кийген кийимлерин шешип, мухаддес бөлмелерде қалдырып, басқа кийим кийсин. Халық олардың мухаддес кийимлерине тийип кетпесин.
20
Руўханийлер шашларын пәки менен алдырмаўы ҳәм узын етип өсирмеўи керек. Ал шашларын бәрқулла келтертип турсын.
21
Ишки ҳәўлиге киргенде бирде бир руўханий шарап ишпеўи керек.
22
Олар жесирге де, ажырасқан ҳаялға да үйленбеўи керек. Тек ғана Израил нәсилинен болған қызларға ҳәм руўханийден қалған жесирге үйлениўи мүмкин.
23
Руўханийлер халқыма мухаддес нәрсе менен мухаддес емес нәрсениң, ҳарам менен ҳадалдың айырмашылығын үйретсин.
24
Даўлы мәселелерде қазылық етип, Мениң нызамларыма сай қарар шығарсын. Мен белгилеген байрамларға байланыслы көрсетпелеримди ҳәм қағыйдаларымды қадағаласын. Шаббатымды мухаддес сақласын.
25
Олардан ҳеш бири өли денеге жақынлап, өзин ҳарамламасын. Тек ата-анасы, ул-қызы, аға-иниси ямаса турмысқа шықпаған әжапа ҳәм қарындасы өлсе ғана, руўханий өлиге жақынлап, өзин ҳарамлаўы мүмкин.
26
Руўханий тазаланыў рәсиминен өткеннен кейин, және жети күн күтиўи керек.
27
Ол Мухаддес орында хызмет етиў ушын ишки ҳәўлиге кирген күни, өзи ушын гүна қурбанлығын бериўи керек, – дейди Қудай Ийе.
28
– Руўханийлерге Израил жеринен үлес берилмесин. Олардың мийрасы да, үлеси де Мен боламан.
29
Олар ғәлле садақаларынан, гүна ҳәм айып қурбанлықларынан жейди. Израилда толығы менен Маған бағышланған ҳәр бир нәрсе оларға тийисли болады.
30
Қамырдың биринши зуўаласынан жабылған нанлар ҳәм барлық сыйларыңыз руўханийлердики болады. Үйиңизде берекет болыўы ушын, бийдайдың дәслепки тартылған унын руўханийлерге бериң.
31
Ҳарам өлген яки жыртқыш ҳайўан талаған қустың ҳәм ҳайўанның гөшин жеў руўханийлерге қадаған етиледи».
← Chapter 43
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 45 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48