bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Ezekiel 17
Ezekiel 17
Karakalpak 2022
← Chapter 16
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 18 →
1
Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2
– Инсан улы! Израил халқына жумбақлап тымсал айтып бер.
3
Оларға айт: «Қудай Ийе былай дейди: Үлкен қанатлы, узын пәрли, мамық, ала-шубар бир айбатлы бүркит Лебанонға ушып келип, кедр ағашының төбесин бүрип,
4
ең жоқарғы шақасын жулып алды. Оны саўдагерлердиң елине алып барып, алып сатарлардың қаласына отырғызды.
5
Кейин үлкениң туқымынан алып, өнимдар топыраққа екти. Оны мол суўлар бойына, тал сыяқлы отырғызды.
6
Ол өсип, шақалары жайылған, келте бойлы жүзим ағашына айланды. Оның шақалары бүркитке қарай ийилди, тамыры өз орнында қалды. Солай етип, ол шақалаған, қойыў жапырақлы ағаш болып өсти.
7
Бирақ үлкен қанатлы, мамық пәрли басқа бир бүркит те бар еди. Жүзим ағашы суў излеп, отырғызылған орнынан тамырын оған қарай бурды ҳәм шақаларын оған созды.
8
Жүзим ағашы шақалап, мийўе берип, саўлатлы болатуғындай, мол суўлар бойына, өнимдар топыраққа егилген еди».
9
– Оларға айт: «Қудай Ийе былай дейди: Енди бул жүзим ағашы ғаўлап өсе ме екен? Биринши бүркит оны тамыры менен суўырып, солқымларын жулып, солытып тасламай ма? Оның тазадан өскен шақалары қуўрап қалады. Ағашты тамыры менен суўырып алыў ушын, үлкен күш яки көп санлы ләшкер керек болмайды.
10
Ол көширип егилсе де, ғаўлап өсе ме екен? Шығыс самалы ескенде, қуўрап қалмай ма? Ағаш өскен қарығында-ақ солып қалады».
11
Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
12
– Қозғалаңшы халыққа: «Булардың мәнисин билмейсиз бе?» – деп айт. Оларға былай деп айт: «Мине, Бабилония патшасы Ерусалимге келип, оның патшасын ҳәм ҳәмелдарларын Бабилонға алып кетти.
13
Ол патша әўладынан биреўин таңлап, оның менен питим дүзди ҳәм ант иштирип питимди бекитти. Ол елдеги барлық басшыларды тутқын етип алып кетти.
14
Патшалықтың бойсыныўшаң болыўы, көтерилис қылмаўы ҳәм питим сақланып қалып, беккем болыўы ушын ол усылай иследи.
15
Бирақ таза қойылған патша атлар менен адамлар бериўин сорап, Мысырға елшилерин жиберди ҳәм усы иси арқалы Бабилонға қарсы шықты. Бул адам табысқа ерисе алар ма екен? Буны ислеген адам аман қалар ма екен? Ол питимди бузды, енди аман қала ма?
16
Мен, Қудай Ийе тирилигим ҳақы ант ишемен: ишкен антынан қайтып, дүзген питимин бузғаны ушын, ол өзин патша етип тахтқа отырғызған патшаның мәканында, Бабилонда өледи.
17
Бабилония патшасы көплердиң жанын алыў ушын, дийўалға топырақ үйгенде ҳәм қамал минараларын қурғанда, уллы күши ҳәм сансыз халқы болса да, фараон бул урыста жәрдем бермейди.
18
Ол дүзген питимин бузды, ишкен антынан тайды. Ол қол берискен болса да, бул ислерди қылды. Енди ол қашып қутыла алмайды.
19
Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: Өз тирилигим ҳақы ант ишемен: Мениң алдымда ишилген антқа немқурайды қарағаны ҳәм Мениң алдымда дүзилген питимди бузғаны ушын, ондағы барлық нәлетлерди оның басына саламан.
20
Мен оған тор таслайман, ол Мениң дузағыма түседи. Оны Бабилонға алып барып, Маған қарсы ислеген опасызлығы ушын ҳүким шығараман.
21
Оның қашып баратырған әскерлери қылыштан қаза табады, ал қалғанлары самалға суўырылады. Сонда бул сөзлерди айтқан Мен – Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз.
22
Қудай Ийе былай дейди: Кедр ағашының уша басынан бир шақаны алып отырғызаман. Төбесиндеги шақасынан бир жас шыбық алып, оны үлкен ҳәм бәлент таўдың төбесине егемен.
23
Оны Израилдың бәлент таўына отырғызаман. Ол шақа жайып, мийўе береди ҳәм бир уллы кедр ағашына айланады. Барлық қуслар шақаларына мәкан басады, ҳәр қыйлы қанатлы жанзатлар шақаларының саясын паналайды.
24
Даладағы барлық ағашлар бийик ағашты жығатуғын, пәс ағашты бийиклететуғын, жасыл ағашты қуўрататуғын, қуўраған ағашты гүллендиретуғын бул – Мен, Жаратқан Ийе екенимди билип алады. Мен, Жаратқан Ийе айтаман ҳәм жүзеге асыраман».
← Chapter 16
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 18 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48