bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Ezekiel 29
Ezekiel 29
Karakalpak 2022
← Chapter 28
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 30 →
1
Сүргинде болған ўақтымыздың оныншы жылының оныншы айының он екинши күни маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2
– Инсан улы, жүзиңди Мысыр патшасы фараонға қаратып, оған ҳәм пүткил Мысырға қарсы пайғамбаршылық қыл.
3
Тил қатып, оған Қудай Ийе былай дейди деп айт: «Дәрья тармақлары ишинде жатқан, Үлкен айдарҳа, Мысыр патшасы фараон! Мен саған қарсыман. Сен: „Нил өзимдики, Оны өзим ушын жараттым“, – дейсең.
4
Бирақ Мен жағыңа қармақ саламан, Теңгелериңе дәрья тармақларындағы балықларды жабыстыраман. Теңгелериңе жабысқан балықлар менен бирге, Сени суўырып шығараман.
5
Өзиңди де, тармақларыңдағы балықларды да, Шөлистанға ылақтырып таслайман. Сен ашық далада жатасаң, Ҳеш ким сени жыйнамайды, көтерип алмайды. Сени жердеги жабайы ҳайўанларға, Аспандағы қусларға жемтик қыламан.
6
Сонда Мысырда жасайтуғын ҳәр бир адам, Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады. Себеби сен Израил халқы ушын қамыс ҳаса болдың.
7
Израил халқы сени услағанда, сынып кетип, олардың ийнин жарақатладың. Ал сүйенгенде, сен сынып, оларды тентиреклетип жибердиң.
8
Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: Мен саған қылыш жиберип, сениң адамларың менен малларыңды қырып таслайман.
9
Мысыр жерин адамсыз қуў далаға айландыраман. Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады. „Нил өзимдики, оны өзим ушын жараттым“, – дегениң ушын,
10
Мен саған ҳәм дәрьядағы тармақларыңа қарсы шығаман. Мысыр жерин Мигдолдан Сиўенеге шекем ҳәм Хабашстан шегараларына шекем қаңыраған қуў далаға айландыраман.
11
Ол жерге адам аяқ баспайды, ҳайўан туяғы тиймейди. Ол жерде қырық жыл адам жасамайды.
12
Мен Мысырды қаңырап қалған еллердиң ишиндеги ең жаманына айландыраман. Оның қалалары ўайран етилген қалалардың ең ўайран болғаны болып, қырық жыл адамсыз қалады. Мысырлыларды басқа халықлар арасына тарқатып, жат жерлерге шашып жиберемен.
13
Қудай Ийе былай дейди: Қырық жылдан кейин, тарқатып жиберилген мысырлыларды халықлардың арасынан жыйнайман.
14
Мысырлыларды сүргиннен қайтарып, өзлериниң туўылған журты Патрусқа алып келемен. Ол жерде олардың патшалығы ҳәлсиз болады.
15
Ол ҳәлсизирек патшалық болып, артық халықлардан үстин болмайды. Олар халықлар үстинен ҳүкимдарлық қылмаўы ушын, Мен оларды азайтаман.
16
Мысыр енди ҳеш қашан Израилға сүйениш болмайды. Керисинше, Мысырдың бахытсызлығы оларға Мысырдан жәрдем сораў арқалы гүна ислегенин еслетеди. Сонда олар Мениң Қудай Ийе екенимди биледи».
17
Сүргинде болған ўақтымыздың жигирма жетинши жылының биринши айының биринши күни маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
18
– Инсан улы, Бабилония патшасы Набуходоносор Тир менен урысыў ушын әскерлерине қатты мийнет еттирди: ҳәмме әскердиң шашы түсип қалды, желкелери қыршылды. Бирақ ол да, әскерлери де Тирден мийнетине жараса олжа ала алмады.
19
Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: «Мен Бабилония патшасы Набуходоносорға Мысыр жерин беремен. Ол Мысырдың байлығын алып кетеди. Оны талан-тараж қылады, олжалап алып кетеди. Бул оның әскерлери ушын мийнет ҳақы болады.
20
Аўа, Мен оған Мысырды мийнети ушын сый қылып беремен, себеби ол ҳәм оның әскерлери Мен ушын мийнет етти, – дейди Қудай Ийе.
21
– Сол күни Мен Израил халқын күшли қыламан ҳәм олардың арасында ашық сөйлеў ушын саған сайрап турған тил беремен. Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады».
← Chapter 28
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 30 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48