bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Ezekiel 28
Ezekiel 28
Karakalpak 2022
← Chapter 27
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 29 →
1
Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2
– Инсан улы, Тирдиң ҳүкимдарына айт: «Қудай Ийе былай дейди: Сениң көкирегиң көтерилип: „Мен қудайман, теңиз қойнындағы қудайлардың тахтында отырыппан“, – дедиң. Өзиң қудай емес, адам бола тура, өзиңди қудайға тең билесең.
3
Сен Даниелден де дана екенсең-дә, сеннен жасырын сыр жоқ екен-дә!
4
Даналығың ҳәм ақылың менен байлық арттырдың ҳәм ғәзийнеханаңа алтын менен гүмис жыйнадың.
5
Саўда-сатықтағы даналығың менен байлық арттырдың ҳәм байлығың себепли менменсип кеттиң.
6
Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: Өзиңди қудайдай дана билгениң ушын,
7
үстиңе жат жерлилерди, халықлардың ең жаўызын алып келемен. Олар даналығың жаратқан гөззаллыққа қарсы қылышларын жалаңашлайды ҳәм нурлы салтанатыңды сөндиреди.
8
Өзиңди гөрге тығады ҳәм сен теңиз қойнындағы қалаңда жаўызлық пенен өлтирилесең.
9
Сонда өзиңди өлтиргенлер алдында: „Мен қудайман“, – дей аласаң ба? Өзиңди өлтиргенлердиң қолында сен қудай емес, ал әпиўайы бир адам боласаң.
10
Сен жат жерлилердиң қолынан сүннетсизлердиң өлими менен өлесең. Буны Мен айтып турман, – дейди Қудай Ийе».
11
Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
12
– Инсан улы, Тир патшасы ушын жоқлаў айт ҳәм оған Қудай Ийе былай дейди деп айт: «Сен минсизлик тымсалысаң, Даналыққа толған, гөззаллықта бәркамал едиң.
13
Сен Эденде, Қудайдың бағында едиң. Сердолик, хризолит, гагат, Сары яқыт, оникс, яшма, Лазурит, периўза, зүмрет сыяқлы, Қымбатбаҳа тасларға безендиң. Безениў буйымларың алтыннан исленген еди. Сен жаратылған күни, булар таярланған еди.
14
Сен майланған қорғаўшы керуб едиң, Усы иске сени Мен қойған едим. Сен Қудайдың мухаддес таўы үстинде едиң, Отлы таслар арасында жүрер едиң.
15
Жаратылған күниңнен баслап, Қылмысқа қол урғанға дейин, Өз жолыңда минсиз едиң.
16
Саўдаңның көплиги себепли, Ишиң наҳақлыққа толды, Гүнаға қол урдың. Мен сени ҳарам деп санап, Қудайдың таўынан ылақтырдым. Қорғаўшы керуб, сени, Отлы таслардың арасынан қуўып жибердим.
17
Гөззаллығың себепли жүрегиң тәкаббирленди, Даңқпаразлығың себепли даналығыңды жоқ қылдың. Соған бола, Мен сени жерге ылақтырдым, Патшалар алдында шерменде қылдым.
18
Қылмысларыңның көплиги менен, Саўда-сатықтағы наҳақлығың менен, Өз мухаддес орынларыңды ҳарамладың. Сонда Мен ортаңнан от шығардым, Ол сени жалмап қойды. Көргенлердиң көз алдында, Сени күлге айландырдым.
19
Халықлар арасында сени таныйтуғынлардың ҳәммеси, Аўҳалыңа таң қалды. Ақыбетиң қорқынышлы болды, Сен мәңгиге жоқ боласаң».
20
Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
21
– Инсан улы, жүзиңди Сидонға қарай бурып, оған қарсы пайғамбаршылық қыл.
22
Оған Қудай Ийе былай дейди деп айт: «Ҳәй, Сидон, Мен саған қарсыман. Мен сениң ишиңде даңққа ерисемен. Саған ҳүким шығарып, Өз мухаддеслигимди аян қылғанымда, Ҳәмме Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады.
23
Мен Сидонға иллет жиберемен, Көшелеринде қан төгиледи. Жән-жақтан урылған қылыштан, Қала ортасында қаза тапқанлар қулап жатады. Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады».
24
Израил халқын жек көретуғын қоңсылардың ҳеш бири, енди қайтып Израилға жаралаўшы тикен ямаса тикенли жантақтай болмайды. Сонда олар Мениң Қудай Ийе екенимди биледи.
25
Қудай Ийе былай дейди: Халықлар арасына тарқатып жиберилген израиллыларды жыйнап алғанымда, миллетлердиң көз алдында оларға Өз мухаддеслигимди аян етемен. Кейин олар өз жерлерине, қулым Яқыпқа берген жерлерге мәкан басады.
26
Ол жерде қәўипсиз жасайды, үйлер қурады, жүзимзарлар отырғызады. Дөгеректеги оларды жек көргенлерге ҳүким шығарғанымнан кейин, олар қәўипсизликте жасайды. Сонда олар Мениң өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийе екенимди билип алады.
← Chapter 27
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 29 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48