bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Ezekiel 21
Ezekiel 21
Karakalpak 2022
← Chapter 20
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 22 →
1
Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2
– Инсан улы, жүзиңди Ерусалимге қаратып, мухаддес орынларына қарсы ўаз айт. Израил жерине қарсы пайғамбаршылық қылып,
3
оған айт: «Жаратқан Ийе былай дейди: Мен саған қарсыман, қылышымды қынынан шығарып, сендеги жақсыны да, жаманды да қырып таслайман.
4
Жақсыны да, жаманды да, қубладан арқаға шекемги барлық тири жанды қырып таслаў ушын қылышымды қынынан шығардым.
5
Сонда пүткил адамзат қылышын қынынан шығарған бул Мен, Жаратқан Ийе екенимди билип алады. Енди қылышымды қынына салмайман».
6
Сен, инсан улы, зар еңире, олардың көзиниң алдында белиң қайысып, жүрегиң езилип, нала шек.
7
Сеннен: «Неге нала шегип атырсаң?» – деп сораса, оларға: «Келген жаман хабар себепли қайғыға батып атырман», – деп жуўап бер. Ол жүзеге асқанда, ҳәммениң жүреги езиледи, қолларында мәдет қалмайды, руўхы түседи, дизелериниң мәдары қурыйды. Бул келеди ҳәм жүзеге асады, – дейди Қудай Ийе.
8
Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
9
– Инсан улы, пайғамбаршылық ет ҳәм Ийе былай дейди деп айт: «Қылыш, қылыш! Ол шарланды ҳәм жылтыратылды!
10
Баўызлаў ушын шарланды, Шақмақтай жалтылдаў ушын жылтыратылды. Қалай қуўанайық, ҳәй улымның патшалық ҳасасы, Қылыш ҳәр қандай ағашты писент етпейди.
11
Қылыш қолға усланыў ушын жылтыратыўға берилди, Қанхордың қолына берилиў ушын, Шарланды, жылтыратылды.
12
Инсан улы, дад салып, пәрияд қыл, Қылыш Мениң халқыма, Израилдың барлық ҳүкимдарларына жүзленген. Мениң халқым менен бирге, Израил ҳүкимдарлары да қылыштан өткериледи. Енди саныңа урып, жыла.
13
Сынаў ўақты сөзсиз келеди. Қылыш патшалық ҳасасын менсинбесе, не болады? Патшалық ҳасасының күни питеди, – дейди Қудай Ийе».
14
– Сен, инсан улы, пайғамбаршылық қыл, Ашыў менен алақаныңды алақаныңа ур. Қылыш еки рет, үш рет шапсын. Бул қылыш өлтириў ушын, Уллы қырғын ушын арналған. Қылыш оларды ҳәр тәрептен қысып келмекте.
15
Руўхлары түссин, Қаза тапқанлар көбейсин деп, Мен барлық дәрўазалардың алдына, Қорқынышлы қылышымды қойдым. О-ҳо, қылыш шақмақ киби жалтылдады, Қырыў ушын қынынан шығарылды.
16
Оңға ур, шепке шап, Жүзиңниң қараған жағына ур.
17
Мен де алақанымды алақаныма ураман, Ғәзебимди усылай басаман. Буны Мен, Жаратқан Ийе айтып турман.
18
Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
19
– Инсан улы, Бабилония патшасының қылышы келетуғын еки жолдың сүўретин сыз, екеўи де бир жерден шықсын. Еки қалаға баратуғын жолдың басланған жерине бир белги қой.
20
Қылыштың аммонлардың Рабба қаласына ҳәм Яҳудадағы қоршаўлы қала Ерусалимге баратуғын жолын сызып белгиле.
21
Себеби Бабилония патшасы жолдың екиге айырылған жеринде турып, пал ашады. Ол оқларды силкитеди, кийели мүсинлерден сорайды, қурбанлық қылынған маллардың баўырына қарап жорыйды.
22
Оның оң қолында Ерусалимди көрсетип турған пал бар. Ол жерге дийўалларды тесетуғын қураллар орнатыў, өлим буйрығын бериў, урыс сүренин салыў, дәрўазаны бузатуғын қуралларды қойыў, дийўалға топырақ үйиў, қамал минараларын қурыў кереги айтылады.
23
Бабилония патшасына ант ишип, келисим дүзген Ерусалим халқының нәзеринде бул пал өтирик болып түйиледи. Бирақ Бабилония патшасы олардың айыбын еслетип, оларды қолға алмақшы болады.
24
Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: «Сизлер ашық жынаят қылып, қылмысларыңызды еслеттиңиз. Қылған ҳәр бир исиңизде гүналарыңызды әшкара қылып, өзлериңиз буны еске салдыңыз. Соның ушын сизлер қолға түсесиз.
25
Сен, Израилдың напәк, жаўыз ҳүкимдары, соңғы күниң жақынласты, ақырғы жаза күниң жетип келди!
26
Қудай Ийе былай дейди: Сәллеңди шеш, тажыңды алып тасла. Енди бул булай болмайды. Хорланған адам жоқарылайды, жоқарыдағы адам хорланады.
27
Қырғын! Қырғын! Қалаға қырғын тийгиземен! Бирақ бул узақ даўам етпейди. Ҳүким шығарыўшы келеди. Оған ҳүким етиўди тапсыраман».
28
– Сен, инсан улы, пайғамбаршылық қыл, Израилды мазақ қылған аммон халқы туўралы Қудай Ийе былай дейди деп айт: «Қылыш! Қылыш! Баўызлаў ушын қыннан шығарылды, Жутыў ҳәм шақмақтай жалтылдаў ушын жылтыратылды.
29
Аммон халқының қылыш туўралы көрген аянлары жалған, Аштырған паллары өтирик. Қылыш напәк жаўызлардың мойнын шабады. Олардың соңғы күни келди, Ақырғы жаза ўақты жетти.
30
Қылышты қынына сал! Жаратылған жериңде, Туўылған мәканыңда, Мен саған ҳүким шығараман.
31
Үстиңе қәҳәримди төгип, Ғәзеп отымды үплеймен. Сени өлтириўге шебер, Жаўыз адамлардың қолына беремен.
32
Сен отқа жем боласаң, Қаның жерге төгиледи. Сен ҳеш қашан еске алынбайсаң. Буны Мен, Жаратқан Ийе айтып турман».
← Chapter 20
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 22 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48