bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Genesis 1
Genesis 1
Karakalpak 2022
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 2 →
1
Ең баста Қудай аспан ҳәм жерди жаратты.
2
Жер түр-түссиз қаңырап атырған болып, туңғыйық үстин қараңғылық қаплаған еди. Ал Қудайдың Руўхы болса, суўлардың үстинде ушып жүр еди.
3
Сонда Қудай: «Жақтылық болсын!» – деп буйырды ҳәм жақтылық пайда болды.
4
Қудай жақтылықтың жақсы екенин көрди ҳәм оны қараңғылықтан ажыратты.
5
Солай етип, Қудай жақтылықты «күндиз», ал қараңғылықты «түн» деп атады. Кеш болып, таң атты. Бул биринши күн еди.
6
Қудай: «Суўлар ортасында бир гүмбез пайда болып, суўларды бир-биринен айырып турсын!» – деп буйырды.
7
Бул былай болды: Қудай аспан гүмбезин жаратып, гүмбез астындағы суўларды гүмбез үстиндеги суўлардан айырды.
8
Қудай гүмбезди «аспан» деп атады. Кеш болып, таң атты. Бул екинши күн еди.
9
Қудай: «Аспан астындағы суўлар бир жерге топланып, қурғақлық көринсин!» – деп буйырды. Солай болды да.
10
Қудай қурғақлықты «жер» деп, ал топланған суўларды «теңиз» деп атады. Қудай буның жақсы екенин көрди.
11
Қудай: «Жер жасыл шөплерди, туқым шашатуғын өсимликлерди ҳәм туқымы мийўесинде болған жемис ағашларын түр-түрине қарай өндирсин!» – деп буйырды ҳәм солай болды да.
12
Жер жасыл шөплерди, түр-түрине қарай туқым шашатуғын өсимликлерди ҳәм туқымы мийўесинде болған жемис ағашларын өндирди. Қудай буның да жақсы екенин көрди.
13
Кеш болып, таң атты. Бул үшинши күн еди.
14
Қудай: «Күндиз бенен түнди бир-биринен айырыў ушын ҳәм мәўсимлерди, күнлерди, жылларды белгилеў ушын, аспан гүмбезинде жақтыртқышлар пайда болсын.
15
Олар аспан гүмбезинде турып, жер жүзин жақты қылсын!» – деп буйырды. Солай болды да.
16
Қудай үлкен еки жақтыртқышты: күндизди басқарыў ушын үлкен жақтыртқышты ҳәм түнди басқарыў ушын киши жақтыртқышты, және де, жулдызларды да жаратты.
17
Жер жүзин жақты қылып турыў ушын, күндиз бенен түнди басқарыў ушын ҳәм жақтылықты қараңғылықтан айырыў ушын, Қудай оларды аспан гүмбезине жайластырды. Қудай буның да жақсы екенин көрди.
19
Кеш болып, таң атты. Бул төртинши күн еди.
20
Қудай: «Суўлар жанлы жаныўарларға толсын! Жер үстинде аспан гүмбези бойлап қуслар ушсын!» – деп буйырды.
21
Қудай айбатлы теңиз жаныўарларын, суўларда толып тасқан пүткил жаныўарларды ҳәм ҳәр түрли қусларды жаратты. Қудай буның да жақсы екенин көрди.
22
Қудай оларды жарылқап: «Өсип-өнип, көбейиңлер, теңиз суўларын толтырыңлар. Жер жүзинде қуслар көбейсин!» – деди.
23
Кеш болып, таң атты. Бул бесинши күн еди.
24
Қудай: «Жер түрли-түрли жанлы жаныўарларды: малларды, жабайы ҳайўанларды ҳәм жер баўырлаўшыларды өндирсин!» – деп буйырды. Солай болды да.
25
Қудай түрли-түрли ҳайўанларды, малларды ҳәм жер баўырлаўшыларды жаратты. Қудай булардың да жақсы екенин көрди.
26
Қудай: «Өз көринисимиздей қылып, Өзимизге уқсатып, адамды жаратайық. Олар теңиздеги балықлар, аспандағы қуслар, маллар, жер баўырлаўшылар ҳәм жер бетиндегилердиң ҳәммеси үстинен ҳәкимлик етсин!» – деди.
27
Қудай адамды Өзине уқсатып жаратты. Оларды еркек ҳәм ҳаял етип жаратты.
28
Қудай оларды жарылқап: «Өсип-өнип, көбейиңлер. Жер бетин толтырып, оны ийелеп алыңлар. Теңиздеги балықлар, аспандағы қуслар, жер бетинде ҳәрекет етиўши барлық ҳайўанатлар үстинен ҳәкимлик етиңлер!» – деди.
29
Қудай және былай деди: «Мине, Мен сизлерге жер жүзиндеги туқым шашатуғын барлық өсимликлерди, туқымы мийўесинде болған барлық жемис ағашларын бердим. Олар сизлерге азық болады.
30
Ал жер бетиндеги жабайы ҳайўанларға, аспандағы қусларға, жер баўырлаўшыларға, улыўма жер бетинде тиришилик етиўши барлық ҳайўанатларға азық ушын көк шөплерди бердим». Солай болды да.
31
Қудай барлық жаратқанларына қарап, олардың ҳәммесиниң де жүдә жақсы екенин көрди. Кеш болып, таң атты. Бул алтыншы күн еди.
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 2 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50