bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Genesis 39
Genesis 39
Karakalpak 2022
← Chapter 38
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 40 →
1
Исмайыллылар Юсупти Мысырға алып келди. Фараон сарайының хызметшиси, сақшылардың басшысы, мысырлы Потифар Юсупти исмайыллылардан сатып алды.
2
Жаратқан Ийе Юсуп пенен бирге болып, оны табыслы қылды. Солай етип, Юсуп мысырлы хожайынының үйинде жасады.
3
Оның хожайыны Жаратқан Ийениң Юсуп пенен бирге екенин ҳәм ол ислеген ҳәр бир исти табыслы қылып атырғанын көрди.
4
Юсуп хожайынының кеўлинен шықты ҳәм оның жақын хызметшисине айланды. Сонлықтан оны үйи ҳәм барлық мал-мүлки үстинен басқарыўшы етип қойды.
5
Хожайыны Юсупти үйи ҳәм пүткил мал-мүлки үстинен басқарыўшы етип тайынлағаннан баслап, Жаратқан Ийе Юсуп себепли Потифардың үйин жарылқады. Оның үйине, атызына ҳәм оған тийисли ҳәр бир нәрсеге берекет берди.
6
Солай етип, Потифар өзиниң пүткил мал-мүлкин Юсуптиң ықтыярына тапсырып, өзи жейтуғын тамағынан басқа ҳеш нәрсе менен иси болмады. Юсуп қәдди-қәўмети келискен, шырайлы жигит еди.
7
Арадан бир қанша ўақыт өткеннен соң, Потифардың ҳаялының Юсупке ышқы кетип, оған: – Мениң менен жат, – деди.
8
Бирақ Юсуп қарсылық көрсетип, хожайынының ҳаялына былай деди: – Мине, хожайыным үйиндеги барлық затларды мениң ықтыярыма тапсырып, ҳеш бир иске араласпайды.
9
Бул хожалықта меннен бийлиги күшли адам жоқ. Ол сеннен басқа ҳеш нәрсени меннен аямады. Себеби сен оның ҳаялысаң. Мен қалайынша бундай үлкен қылмыс ислеп, Қудайға қарсы гүна қыламан?
10
Ҳаял Юсупке өзи менен бирге жатыўды ҳәм бирге болыўды ҳәр күни усыныс етсе де, Юсуп оның айтқанына көнбеди.
11
Бир күни Юсуп өз ислерин ислеў ушын үйге кирди. Үйде хызметшилерден ҳеш ким жоқ еди.
12
Сонда Потифардың ҳаялы Юсуптиң шапанынан услап: – Мениң менен жат, – деди. Бирақ Юсуп шапанын ҳаялдың қолында қалдырып, сыртқа қашып шықты.
13
Ҳаял Юсуптиң шапанын таслап қашқанын көргенде,
14
үй хызметшилерин шақырып, оларға: – Қараңлар, күйеўим алып келген мына еврей бизлерди масқара қылды-ғо! Ол мениң менен жатыў ушын ишке кирди. Бирақ мен қатты қышқырдым.
15
Ол мениң қышқырып бақырғанымды еситкенде, шапанын қасыма таслап, сыртқа қашып кетти, – деди.
16
Хожайыны үйге келгенше, ҳаял Юсуптиң шапанын сақлап қойды.
17
Ҳаял күйеўине де сол сөзлерди айтып: – Сениң бул жерге алып келген еврей қулың маған келип, мени масқара қылмақшы болды.
18
Бирақ мен қышқырып бақырғанымда, ол шапанын мениң қасыма таслап, сыртқа қашып кетти, – деди.
19
Юсуптиң хожайыны ҳаялының: «Сениң қулың маған усылай иследи», – дегенин еситкенде ғәзепке минди.
20
Ол Юсупти тутқынға алып, патшаның тутқынлары қамалатуғын қамақханаға таслатты. Бирақ Юсуп қамақта болғанда да,
21
Жаратқан Ийе оның менен бирге болып, оған жақсылық иследи ҳәм қамақхана басшысына Юсупти унамлы етип көрсетти.
22
Ол қамақханадағы барлық тутқынларды Юсуптиң қарамағына тапсырды. Ол жердеги барлық ислер ушын Юсуп жуўапкер болды.
23
Қамақхана басшысы Юсупке тапсырған жумыслардың ҳеш бирине араласпады. Өйткени Жаратқан Ийе Юсуп пенен бирге болып, ол ислеген ҳәр бир исти табыслы қылды.
← Chapter 38
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 40 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50