bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Genesis 18
Genesis 18
Karakalpak 2022
← Chapter 17
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 19 →
1
Күнниң жәзийрама ыссы ўақтында, Ибрайым шатырдың кирер аўзында отырған еди. Сонда оған Мамрениң теребинф тереклиги қасында Жаратқан Ийе көринди.
2
Ибрайым басын көтерип қарағанда, қарсы алдында үш адамның турғанын көрди. Ол дәрҳал отырған орнынан ушып турды да, оларды қарсы алыўға асықты ҳәм жерге дейин ийилип, тәжим етти.
3
Соңынан Ибрайым былай деди: – Мырзам, егер мен мийримиңизге ерискен болсам, мендей қулыңызды шетлеп өтпең.
4
Аяқларыңызды жуўыўыңыз ушын аз-маз суў алдырайын. Мына теректиң астында дем алыңлар.
5
Мендей қулыңыз тәрепке жолыңыз түскен екен, ҳәлленип алыўыңыз ушын жейтуғын бир нәрселер әкелейин. Соң жолыңызды даўам етерсиз. Олар: – Яқшы, өзиң айтқаныңдай қыла бер, – деди.
6
Ибрайым асығыслық пенен шатырға, Сараның қасына келип, оған: – Тез сапалы уннан үш табақ қамыр ийлеп, пәтир писир, – деди.
7
Соңынан Ибрайым падаға жуўырып барды да, бир жас ҳәм жақсы баспақты алып, оны хызметши жигитке берди. Жигит оны тез таярлаўға киристи.
8
Ибрайым қатық, сүт ҳәм писирилген баспақ гөшин әкелип, қонақлардың алдына қойды. Олар аўқатланып отырғанда, Ибрайым олардың қасында, теректиң астында турды.
9
Олар Ибрайымнан: – Ҳаялың Сара қаяқта? – деп сорады. – Усы жерде, шатырда, – деп жуўап берди Ибрайым.
10
Сонда олардың бири оған: – Келеси жылы усындай ўақытта Мен сениң жаныңа сөзсиз қайтып келемен, сол ўақытта Сара уллы болады, – деди. Ал Сара Оның арт бетинде, шатырдың кирер аўзында тыңлап турған еди.
11
Ибрайымның да, Сараның да әлле қашан жасы өтип, қартайып қалған еди. Сара бала туўыў жасынан өткен еди.
12
Сонлықтан Сара ишинен күлип: «Қартайып қалған болсам, бундай ҳәзликке бөлене алар ма екенмен? Оның үстине хожайыным да қартайған», – деп ойлады.
13
Сонда Жаратқан Ийе Ибрайымға: – Сара не ушын: «Мен ҳақыйқаттан да, қартайғанда бала туўа аламан ба?» – деп күлди.
14
Жаратқан Ийе ушын мүмкин емес нәрсе бар ма? Мен белгиленген ўақытта, келеси жылы усындай ўақытта жаныңа қайтқанымда, Сара уллы болады, – деди.
15
Сара қорқып кетип: – Күлгеним жоқ, – деп өтирик сөйледи. Бирақ Ол: – Яқ, күлдиң, – деди.
16
Адамлар сол жерден шығып, төменге, Содомға қарай кетти. Ибрайым да оларды шығарып салыў ушын бирге жүрди.
17
Сонда Жаратқан Ийе былай деди: «Мен ислейжақ исимди Ибрайымнан жасыраман ба?
18
Ибрайымнан уллы ҳәм күшли халық келип шығып, жер жүзиндеги барлық халықлар ол арқалы жарылқанатуғыны сөзсиз-ғо.
19
Туўры ҳәм әдил ислерди ислеп, жолым менен жүриўди балаларына ҳәм урпақларына буйырсын деп, Мен Ибрайымды таңладым. Солай етип, Мен оған берген сөзимди орынлайман».
20
Соңынан Жаратқан Ийе және былай деди: «Содом ҳәм Гомора себепли шегилген налалар оғада көп ҳәм олардың гүналары да жүдә аўыр.
21
Енди Мен төменге түсип, олардың ислеген ислериниң Мен еситкендей дәрежеде жаман ба екенлигин көрейин. Егер олай болмаса, оны да билейин».
22
Еки адам бурылып, Содомға қарай кетти. Бирақ Ибрайым Жаратқан Ийениң алдында турып қалды.
23
Соңынан ол Жаратқан Ийеге жақынырақ келип былай деди: – Сен ҳақ адамды наҳақ адам менен бирге қырып тасламақшымысаң?
24
Мүмкин, бул қалада елиў ҳақ адам бар шығар? Сен ҳақыйқаттан да, сол жерди ишиндеги елиў ҳақ адам ушын кеширмей, қырып таслайжақсаң ба?
25
Булай ислеўден аўлақ бола гөр! Ҳақ адам менен наҳақ адамның тәғдирин бирдей қылып, ҳақ адамды наҳақ адамға қосып өлтириўден аўлақ болғайсаң! Пүткил дүньяны Ҳүким етиўши әдил болыўы керек емес пе?
26
Жаратқан Ийе оған: – Егер Мен Содомнан елиў ҳақ адам тапсам, олар ушын сол жерди кеширемен, – деп жуўап берди.
27
Сонда Ибрайым даўам етип: – Мен топырақ ҳәм күл сыяқлы биреў болсам да, жүрек етип, О Ийем, Саған сөйлеп атырман:
28
егер ҳақ адам елиў болыўы ушын бесеўи жетпесе, сол бесеўи ушын Сен пүткил қаланы жоқ етесең бе? – деди. – Яқ, егер ол жерден қырық бес ҳақ адам тапсам, оны жоқ етпеймен, – деди Қудай.
29
Ибрайым және: – Егер ол жерден қырық ҳақ адам табылса ше? – деди. Ол: – Егер қырық ҳақ адам табылса да, олай ислемеймен, – деди.
30
Сонда Ибрайым: – О, Ийем, айтатуғын сөзиме ашыўланба, бирақ егер ол жерден отыз ҳақ адам табылса ше? – деди. Қудай Ибрайымға: – Егер ол жерден отыз ҳақ адам табылса да, олай ислемеймен, – деди.
31
Ибрайым тағы: – О, Ийем, мен Саған сөйлеўге жүрек еттим: ал егер ол жерде тек жигирма ҳақ адам табылса ше? – деди. Ол Ибрайымға: – Жигирмасы ушын да қаланы жоқ етпеймен, – деди.
32
Соңынан Ибрайым былай деди: – О, Ийем, мен және бир мәртебе сөйлесем ашыўланба: егер ол жерден тек ғана он адам табылса ше? Ол: – Он адам ушын да қаланы жоқ етпеймен, – деп жуўап берди.
33
Жаратқан Ийе Ибрайым менен сөйлесип болғаннан кейин, сол жерден кетти. Ибрайым да өз үйине қайтты.
← Chapter 17
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 19 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50