bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Genesis 21
Genesis 21
Karakalpak 2022
← Chapter 20
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 22 →
1
Жаратқан Ийе Өзи айтқанындай Сараға нәзерин түсирип, Өз ўәдесин орынлады.
2
Сара ҳәмиледар болды ҳәм ол Ибрайымға қартайған шағында, Қудай белгилеген ўақытта ул туўып берди.
3
Ибрайым туўылған баласына, яғный Сара туўып берген улына Ысақ деп ат қойды.
4
Қудайдың өзине буйырғанындай, Ибрайым улы Ысақты сегиз күнлигинде сүннет еттирди.
5
Ысақ туўылғанда, Ибрайым жүз жаста еди.
6
Сара былай деди: «Қудай маған күлки сыйлады. Буны еситкенлердиң ҳәммеси мениң менен бирге күледи».
7
Және де: «Ким Ибрайымға: „Сара бала емизеди“, – деп айта алған болар еди? Өйткени Ибрайым қартайғанда, мен оған ул туўып бердим-ғо», – деди.
8
Ысақ үлкейип, емшектен шығарылған күни Ибрайым үлкен зыяпат берди.
9
Бирақ Сара мысырлы Ажардың Ибрайымға туўып берген улы Исмайылдың Ысақты мазақ етип атырғанын көргенде,
10
Ибрайымға: «Бул шорыны баласы менен бирге қуўып жибер. Себеби шорының улы мениң улым Ысақ пенен бирге мийрасхор болмасын», – деди.
11
Бул гәп Ибрайымға аўыр тийди. Өйткени Исмайыл да оның улы еди.
12
Бирақ Қудай Ибрайымға былай деди: – Сен баланы ҳәм шорыңды қайғырма! Сара не айтса, соны исле, себеби сениң урпағың Ысақ арқалы даўам етеди.
13
Бирақ шорыңның улынан да Мен бир халық шығараман, өйткени ол да сениң урпағың.
14
Ертеңине таң азанда, Ибрайым нан ҳәм бир мес суў алды да, оларды Ажардың ийнине салды ҳәм оны баласы менен қосып шығарып жиберди. Ажар кетип баратырып, Беер-Шеба шөлинде адасып қалды.
15
Местеги суў таўысылғанда, Ажар баласын бир путаның астында қалдырды да:
16
«Баламның қалай өлетуғынын көрмейин», – деп арырақ кетти ҳәм бир оқ жетирим жерге барып отырып, дад салып жылай баслады.
17
Қудай баланың жылағанын еситти ҳәм Оның бир периштеси Ажарға аспаннан даўыслап: «Ажар, саған не болды? Қорқпа, Қудай балаңның жатырған жеринен оның жылағанын еситти.
18
Бар да, баланы турғызып, оны қолынан жетеле. Мен оннан уллы халық жаратаман», – деди.
19
Соңынан Қудай Ажардың көзин ашты ҳәм ол бир қудықты көрди. Ол барып, месин суўға толтырды да, баласына суў ишкизди.
20
Солай етип, Қудай бала менен бирге болды. Ол өсип, шөлде жасады ҳәм мерген болды.
21
Исмайыл Паран шөлинде жасап атырған ўақтында, анасы оған Мысырдан бир қызды ҳаяллыққа алып берди.
22
Сол ўақытлары Абимелех ҳәм оның сәркәрдасы Пихол Ибрайымға былай деди: – Ҳәр бир исиңде Қудай сениң менен бирге.
23
Сонлықтан сен мени, перзентлеримди ҳәм урпақларымды да алдамайман деп, Қудай ҳақы ант иш. Мен саған қандай жақсылық еткен болсам, сен де маған ҳәм өзиң келгинди болып жасап атырған елге сондай жақсылық ет.
24
Ибрайым: – Мен ант ишемен, – деди.
25
Соңынан Ибрайым Абимелехке адамларының бир қудықты тартып алғаны ҳаққында айтып, шағым етти.
26
Ал Абимелех оған: – Мен буны кимниң ислегенин билмеймен. Сен маған ҳеш нәрсе айтпаған едиң. Мен бул ҳаққында ҳәзир еситип турман, – деди.
27
Кейин Ибрайым Абимелехке қой ҳәм сыйырлар саўға етти ҳәм екеўи келисим дүзди.
28
Ибрайым сүриўден жети урғашы қозыны айырып қойды.
29
Абимелех оннан: – Бул жети урғашы қозыны айырып қойыўыңның мәниси не? – деп сорады.
30
Ибрайым оған: – Бул қудықты мениң қаздырғанымның дәлили сыпатында, мына жети урғашы қозыны мениң қолымнан қабыл ет, – деди.
31
Солай етип, сол жер Беер-Шеба деп аталды, өйткени олар екеўи сол жерде ант ишискен еди.
32
Беер-Шебада келисим дүзгеннен соң, Абимелех ҳәм оның сәркәрдасы Пихол филистлердиң жерине қайтып кетти.
33
Ибрайым Беер-Шебада бир тамариск ағашын тикти ҳәм сол жерде Жаратқан Ийениң, мәңгилик Қудайдың атын айтып шақырды.
34
Ибрайым филистлердиң жеринде келгинди болып көп ўақыт жасады.
← Chapter 20
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 22 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50