bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Genesis 4
Genesis 4
Karakalpak 2022
← Chapter 3
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 5 →
1
Адам ҳаялы Ҳаўа менен жақынласқаннан соң, ҳаялы ҳәмиледар болып, Каинды туўды. Сонда Ҳаўа: «Мен Жаратқан Ийениң жәрдеми менен адамды дүньяға келтирдим», – деди.
2
Соңынан ол тағы да Каинның иниси Абылды туўды. Абыл шопан, ал Каин дийхан болды.
3
Арадан бир неше ўақыт өткеннен соң, Каин жердиң өниминен Жаратқан Ийеге қурбанлық берди.
4
Абыл да өзиниң сүриўиндеги туңғыш төллердиң бир нешесин әкелип, олардың майлы бөлеклерин қурбанлыққа берди. Жаратқан Ийе Абылды ҳәм оның қурбанлығын қабыл етти.
5
Бирақ Каинды ҳәм оның қурбанлығын қабыл етпеди. Сонда Каин қатты ашыўланып, қабағы қарыс жаўылды.
6
Жаратқан Ийе Каинға: – Сен не ушын ашыўланасаң? Неге қабағың қарыс жаўылады?
7
Егер нийетиң жақсы болса, басыңды көтерип жүрмес пе едиң? Бирақ, егер нийетиң жаман болса, есик алдында гүна жатыр. Ол сени өзине тартады, бирақ сен оннан үстем бол, – деди.
8
Каин иниси Абылға: – Жүр, атызға барайық! – деди. Олар атызда болған ўақытта Каин иниси Абылға топылып, оны өлтирди.
9
Жаратқан Ийе Каиннан: – Иниң Абыл қай жерде? – деп сорады. Ол: – Билмеймен, мен не инимниң қараўылыман ба? – деп жуўап берди.
10
Сонда Жаратқан Ийе былай деди: – Сен не ислеп қойдың? Иниңниң қаны Маған жерден нала етип атыр.
11
Сениң өз қолың менен өлтирген иниңниң қанын ишиў ушын аўзын ашқан жерден енди сен қуўып жиберилип, нәлетий боласаң.
12
Буннан былай, тәрбиялаған жериң өним бермейтуғын болады ҳәм сен жер бетинде турақлай алмай, гезендеге айланасаң.
13
Каин Жаратқан Ийеге: – Мениң жазам көтере алмайтуғын дәрежеде аўыр.
14
Бүгин Сен мени бул жерлерден қуўып атырсаң, енди мен Сениң көзиңнен таса болып, бир жерде турақлай алмай, гезендеге айланаман. Мени дус келген адам өлтирип кетиўи мүмкин-ғо, – деди.
15
Сонда Жаратқан Ийе оған: – Яқ! Егер ким де ким сени өлтирсе, оннан жети есе өш алынады, – деди. Солай етип, Каинға дусласқан ҳеш бир адам оны өлтирмеўи ушын, Жаратқан Ийе оған бир белги салды.
16
Каин Жаратқан Ийениң жанынан кетип, Эденниң шығысындағы Нод деген жерге орналасты.
17
Каин ҳаялы менен жақынласқаннан соң, ҳаялы ҳәмиледар болып, Ханохты туўды. Сол ўақытта Каин бир қала салып атыр еди. Ол қалаға улы Ханохтың атын қойды.
18
Ханохтан Ирад туўылды. Ирадтан Мехуяел, Мехуяелден Метушаел, Метушаелден Ламех туўылды.
19
Ламех еки ҳаял алды: бириншисиниң аты – Ада, екиншисиниң аты – Силла еди.
20
Ада Ябалды туўды. Ол шатырларда жасаўшы шарўалардың түп бабасы болды.
21
Инисиниң аты Юбал еди. Ол барлық лира ҳәм сыбызғы шертетуғынлардың түп бабасы болды.
22
Ал Силла Тубал-Қайынды туўды. Ол барлық қола ҳәм темир қуралларын ислеўши болды. Тубал-Қайынның қарындасы Наама еди.
23
Ламех ҳаялларына былай деди: «Ҳәй, Ада ҳәм Силла, мени тыңлаңлар! Ламехтиң ҳаяллары, Сөзиме қулақ салыңлар! Мени жарақатлағаны ушын бир ер адамды, Урғаны ушын бир жас жигитти өлтиремен.
24
Егер Каин ушын өш алынса жети есе, Ламех ушын өш алынар жетпис есе».
25
Адам ҳаялы менен тағы жақынласқаннан соң, ҳаялы бир ул туўды. Ол: «Қудай Каин өлтирген Абылдың орнына маған басқа перзент берди», – деп, балаға Шет деп ат қойды.
26
Шеттен де бир ул туўылып, оның атын Энош деп қойды. Адамлар сол ўақыттан баслап Жаратқан Ийениң атын айтып шақыра баслады.
← Chapter 3
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 5 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50