bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Genesis 8
Genesis 8
Karakalpak 2022
← Chapter 7
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 9 →
1
Бирақ Қудай Нухты ҳәм оның менен бирге кемеде болған жабайы ҳайўанлар менен малларды есине түсирип, жер бетине самал естирди. Сонда суўлар азая баслады.
2
Туңғыйықтың булақлары ҳәм аспанның қақпақлары жабылып, жаўын тынды.
3
Суўлар әсте-әсте жер бетинен қайта баслады ҳәм бир жүз елиў күннен кейин азайып қалды.
4
Кеме жетинши айдың он жетинши күни Арарат таўлары үстинде тоқтады.
5
Суўлар оныншы айға шекем азайып, оныншы айдың биринши күнинде таўлардың төбелери көрине баслады.
6
Қырық күннен соң, Нух өзи соққан кемениң әйнегин ашты.
7
Ол бир ғарғаны ушырып жиберди. Жер бетиндеги суўлар қурығанға дейин ғарға ушып келип-кетип турды.
8
Соңынан Нух жер бетиндеги суўдың қайтқан-қайтпағанын билиў ушын бир кептерди ушырып жиберди.
9
Бирақ кептер қонатуғын жер таба алмай, және Нухқа, кемеге қайтып келди. Себеби еле жер бетин суў қаплап тур еди. Нух қолын созып, кептерди өз жанына, кемеге киргизип алды.
10
Жети күн күтип, Нух кептерди кемеден және шығарып жиберди.
11
Кептер кеште қайтып келгенде, оның тумсығында зәйтүн ағашының жаңа жулынған бир жапырағы бар еди. Сонда Нух жер бетиндеги суўдың қайтқанын түсинди.
12
Нух және жети күн күткеннен соң, кептерди қайтадан шығарып жиберди. Бул рет кептер қайтып келмеди.
13
Нух алты жүз бир жасқа толған жылдың биринши айының биринши күни жер бетиндеги суўлар қурғады. Нух кемениң төбесин ашып, жердиң қурғағанын көрди.
14
Екинши айдың жигирма жетинши күни жер толық қурғады.
15
Сонда Қудай Нухқа былай деди:
16
«Ҳаялың, улларың ҳәм келинлериң менен бирге кемеден шық.
17
Өзиң менен бирге барлық жаныўарларды: қусларды, ҳайўанларды ҳәм жер баўырлаўшыларды да шығар. Олар жер жүзине таралып, жер бетинде өсип-өнип, көбейсин».
18
Нух ҳаялы, уллары ҳәм келинлери менен бирге кемеден шықты.
19
Барлық ҳайўанлар, жер баўырлаўшылар, қуслар – жер бетинде тиришилик етиўшилердиң ҳәммеси түр-түри бойынша кемеден шықты.
20
Нух Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық орын қурды. Сол жерде ол ҳадал деп есапланған ҳайўанлардың ҳәм қуслардың ҳәммесинен алып, оларды қурбанлыққа шалып, жағып жиберди.
21
Жаратқан Ийе жағымлы ийисти унатып, Өз кеўлинде былай деди: «Мен енди жерди адамлар себепли нәлетлемеймен. Өйткени адамның кеўлиндеги нийетлер балалығынан-ақ жаман болады. Мен усы ислегенимдей, енди ҳеш қашан пүткил тиришиликти жоқ қылып жибермеймен.
22
Ендигиден былай, дүнья турғанша, егин егиў, оны орыў, ыссы ҳәм суўық, жаз ҳәм қыс, күндиз ҳәм түн бола береди».
← Chapter 7
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 9 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50