bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Genesis 22
Genesis 22
Karakalpak 2022
← Chapter 21
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 23 →
1
Бир қанша ўақыттан кейин, Қудай Ибрайымды сынады. Қудай оған: – Ибрайым! – деди. Ибрайым: – Ләббәй! – деди.
2
Сонда Қудай оған: – Өзиңниң сүйикли жалғыз улың Ысақты алып, Мория жерине бар. Ол жерде, Мен саған көрсететуғын таўлардың биринде оны қурбанлыққа шалып, жағып жибер, – деди.
3
Ибрайым ертеңине азанда ерте турып, ешегине жүклерди артты. Ол өзи менен бирге еки хызметши баласын ҳәм улы Ысақты алды. Қурбанлық ушын отын шаўып болып, Қудайдың өзине айтқан жерине барыў ушын жолға шықты.
4
Үшинши күни Ибрайым көз таслап, айтылған орынды узақтан көрди.
5
Ибрайым хызметшилерине: – Сизлер усы жерде ешек пенен бирге қалыңлар. Ал бизлер баламыз екеўимиз ана жерге барып, Қудайға сыйынамыз ҳәм сизлерге қайтып келемиз, – деди.
6
Ибрайым қурбанлық ушын шаўылған отынларды баласы Ысаққа арқалатып, өзи от пенен пышақты алды. Соңынан екеўи бирге жүрип кетти.
7
Кетип баратырып, Ысақ әкесине: – Аға! – деди. – Ләббәй, улым, – деди Ибрайым. Ысақ оннан: – Минекей, от ҳәм отын бар. Бирақ жандырылатуғын қурбанлық ушын берилетуғын жанлық қәне? – деп сорады.
8
Ибрайым: – Улым, жандырылатуғын қурбанлық болатуғын жанлықты Қудайдың Өзи жеткизеди, – деп жуўап берди. Солай етип, олар екеўи жолын даўам етти.
9
Олар Қудайдың Ибрайымға айтқан жерине жетип келгенде, Ибрайым қурбанлық орын қурып, оның үстине отынларды қалады. Кейин улы Ысақты байлап, қурбанлық орындағы отынлардың үстине жатқызды.
10
Ибрайым баласын баўызламақшы болып, пышақты алды.
11
Бирақ Жаратқан Ийениң бир периштеси аспаннан даўыслап: – Ибрайым! Ибрайым! – деди. – Ләббәй, – деди ол.
12
Периште оған: – Балаға қол көтерме, оған ҳеш нәрсе ислеме. Енди мен сениң Қудайдан қорқатуғыныңды билдим. Себеби сен Меннен жалғыз улыңды да аямадың, – деди.
13
Ибрайым басын көтерип, путалыққа шақынан илинип турған қошқарды көрди. Ол барып, қошқарды әкелди де, улының орнына қошқарды қурбанлық ушын шалып, жағып жиберди.
14
Солай етип, Ибрайым сол орынды Яҳўе-Ире деп атады. Сонлықтан усы күнге дейин: «Жаратқан Ийениң таўында жеткерип бериледи», – деп айтылады.
15
Жаратқан Ийениң периштеси екинши рет Ибрайымға аспаннан даўыслап
16
былай деди: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Өз атым менен ант ишемен, сен бул исти ислеп, жалғыз улыңды да аямадың,
17
сонлықтан Мен сени үсти-үстине жарылқайман. Урпақларыңды аспандағы жулдызлар ҳәм теңиз жағасындағы қумлар сыяқлы үсти-үстине көбейтемен. Сениң урпақларың өз душпанларының қалаларына ийелик етеди.
18
Маған бойсынғаның ушын, урпақларың арқалы жер жүзиндеги барлық халықлар жарылқанады“».
19
Соннан кейин, Ибрайым хызметшилериниң жанына қайтып келди. Олар бирликте Беер-Шебаға қарай кетти. Ибрайым сол жерде жасап қалды.
20
Бир қанша ўақытлардан соң, Ибрайымға: «Туўысқаның Нахорға ҳаялы Милка уллар туўып берди», – деген хабар жетип келди.
21
Милка туңғышы Усты, оның иниси Бузды, Арамның әкеси Кемуелди,
22
Кеседти, Хазоны, Пилдашты, Идлафты ҳәм Бетуелди дүньяға келтирди.
23
Ал Бетуелден Ребекка туўылды. Усы сегиз улды Ибрайымның туўысқаны Нахорға Милка туўып берди.
24
Нахордың Реума деген тоқалы да оған Тебах, Гахам, Тахаш ҳәм Мааха деген балаларды туўып берди.
← Chapter 21
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 23 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50