bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Genesis 46
Genesis 46
Karakalpak 2022
← Chapter 45
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 47 →
1
Солай етип, Израил өзиниң барлық мал-мүлкин алып, жолға шықты. Беер-Шебаға жетип келгенде, әкеси Ысақтың Қудайына арнап қурбанлықлар шалды.
2
Қудай түнде Израилға аян берип: – Яқып, Яқып! – деди. – Ләббәй, – деди ол.
3
Қудай оған былай деди: – Мен Қудайман, әкеңниң Қудайыман. Сен Мысырға барыўдан қорқпа. Мен ол жерде сениң урпақларыңнан уллы халық жаратаман.
4
Мен сениң менен бирге Мысырға бараман ҳәм урпақларыңды усы жерге сөзсиз қайтарып алып келемен. Қайтыс болғаныңда, Юсуп өз қоллары менен көзлериңди жабады.
5
Соңынан Яқып Беер-Шебадан жолға шықты. Израилдың уллары әкеси Яқыпты, балаларын ҳәм ҳаялларын фараон жиберген арбаларға мингизип, алып кетти.
6
Олар малларын ҳәм Қанан жеринде жыйнаған пүткил мал-мүлкин алып, Мысырға келди. Яқып пенен оның пүткил урпақлары бирге еди.
7
Яқып өзи менен бирге улларын, қызларын, ақлықларын, яғный пүткил урпақларын алып, Мысырға көшип келди.
8
Израилдың, яғный Яқыптың Мысырға алып келген улларының ҳәм урпақларының атлары төмендегише: Яқыптың туңғышы – Рубен.
9
Рубенниң уллары: Ханох, Паллу, Хесрон ҳәм Кармий.
10
Шимонның уллары: Емуел, Ямин, Оҳад, Яхин, Сохар ҳәм қананлы ҳаялынан туўылған Шаул.
11
Лебийдиң уллары: Гершон, Қоҳат ҳәм Мерарий.
12
Яҳуданың уллары: Эр, Онан, Шела, Перес ҳәм Зерах. Бирақ Эр менен Онан Қананда қайтыс болған еди. Перестиң уллары: Хесрон ҳәм Хамул.
13
Иссахардың уллары: Тола, Пуўа, Иоб ҳәм Шимрон.
14
Зебулонның уллары: Серед, Элон ҳәм Яхлеел.
15
Булар Леаның Яқыпқа туўып берген уллары ҳәм олардың урпақлары. Леа оларды ҳәм қызы Динаны Паддан-Арамда туўған еди. Яқыптың Леа арқалы тараған урпақлары барлығы болып отыз үш еди.
16
Гадтың уллары: Сифйон, Хаггий, Шуний, Эсбон, Эрий, Ародий ҳәм Арелий.
17
Ашердиң уллары: Имна, Ишўа, Ишўий, Бериа ҳәм олардың қарындасы Серах. Берияның уллары: Хебер ҳәм Малкиел.
18
Булар Лабанның қызы Леаға берген шорысы Зилпаның Яқыпқа туўып берген уллары ҳәм олардың урпақлары. Олар барлығы он алты еди.
19
Яқыптың ҳаялы Раҳиланың уллары Юсуп ҳәм Бенямин еди.
20
Мысырда Юсуп Менашше ҳәм Эфрайым деген еки уллы болды. Юсупке оларды Уон қаласының руўханийи болған Потифераның қызы Асенат туўып берди.
21
Беняминниң уллары: Бела, Бехер, Ашбел, Гера, Нааман, Эхий, Рош, Муппим, Хуппим ҳәм Ард.
22
Булар Раҳиланың Яқыпқа туўып берген уллары ҳәм олардың урпақлары. Олар ҳәммеси болып он төрт еди.
23
Данның улы: Хушим.
24
Нафталийдиң уллары: Яхсиел, Гуний, Есер ҳәм Шиллем.
25
Булар Лабанның қызы Раҳилаға берген шорысы Билҳаның Яқыпқа туўып берген уллары ҳәм олардың урпақлары. Олар ҳәммеси жетеў еди.
26
Яқыптың улларының ҳаялларын қоспағанда, Яқыптың урпағынан болған ҳәм оның менен бирге Мысырға келгенлердиң саны ҳәммеси болып алпыс алты адам еди.
27
Юсуптиң Мысырда туўылған еки улы менен бирликте Мысырға көшкен Яқыптың хожалығы ҳәммеси болып жетпис адам еди.
28
Яқып Гошен жеринде көрисетуғынын айтыў ушын Юсупке алдын ала Яҳуданы жиберди. Олар Гошен жерине жетип келгенде,
29
Юсуп өзиниң арбасын жегип, әкеси Израилды көриў ушын, Гошенге барды. Юсуп әкесин көре сала, оны мойнынан қушақлап, узақ жылады.
30
Израил Юсупке: – Тири екениңди өз көзим менен көрдим, енди өлсем де, әрманым жоқ, – деди.
31
Юсуп туўысқанларына ҳәм әкесиниң үй-ишиндеги адамларға былай деди: – Мен фараонға барып былай деймен: «Қанан жеринде жасаған туўысқанларым ҳәм әкемниң үй-ишиндеги адамлар маған келди.
32
Олар шопанлар болып, шарўашылық пенен шуғылланады. Сонлықтан олар сүриўлерин, падаларын ҳәм барлық мал-мүлкин өзлери менен бирге алып келген».
33
Егер фараон сизлерди шақырып: «Кәсип-кәриңиз не?» – деп сораса,
34
сизлер: «Ата-бабаларымыз сыяқлы, бизлер де бала ўақтымыздан бери шарўашылық пенен шуғылланамыз», – деп айтыңлар. Сонда сизлерге Гошен жерине орналасыўыңызға рухсат етиледи. Себеби мысырлылар шопанлардан жеркенеди.
← Chapter 45
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 47 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50