bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Genesis 32
Genesis 32
Karakalpak 2022
← Chapter 31
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 33 →
1
Яқып жолын даўам етип баратырғанда, оған Қудайдың периштелери дус келди.
2
Яқып оларды көргенде: «Бул Қудай ләшкерлериниң ордасы екен-ғо!» – деп, ол жерди Маханайым деп атады.
3
Яқып Эдом жеринде, яғный Сеир жеринде жасайтуғын әжағасы Эсаўға өзинен алдын хабаршылар жиберди.
4
Яқып оларға буйырып: – Мырзам Эсаўға қулы Яқыптың усы ўақытқа шекем Лабандикинде болып, сол жерде жасағанын,
5
қара маллар, ешеклер, қой-ешкилер, қул ҳәм шорыларға ийе болғанын, енди ол мырзасының кеўлин табыў ушын, бул хабарды жоллап атырғанын айтыңлар, – деди.
6
Хабаршылар қайтып келип, Яқыпқа: – Бизлер әжағаңыз Эсаўға бардық. Ол төрт жүз адам менен бирге сизди қарсы алыўға киятыр, – деди.
7
Сонда Яқып қатты қорқып, албырап қалды. Ол адамларын, қой-ешкилерин, қара малларын ҳәм түйелерин еки топарға бөлди.
8
Яқып: «Егер Эсаў келип, бир топарды қырып тасласа, екинши топар қутылып қалыўы мүмкин», – деп ойлады.
9
Соңынан Яқып былай деп дуўа етти: «Атам Ибрайымның ҳәм әкем Ысақтың Қудай Ийеси! Сен маған: „Өз елиңе ҳәм туўған-туўысқанларыңа қайт, Мен саған жақсылық қыламан“, – деген едиң.
10
Мендей қулыңа көрсеткен барлық жақсылығыңа ҳәм садықлығыңа ылайықлы емеспен. Мен Иордан дәрьясын кесип өткенимде, таяғымнан басқа ҳеш нәрсем жоқ еди. Енди болса, еки топар болып қайттым.
11
Жалбарынаман, мени әжағам Эсаўдан қорға! Өйткени мен оның келип, мени ҳәм мениң балаларымды аналары менен бирге өлтириўинен қорқаман.
12
Сен маған: „Саған жақсылық қыламан, урпағыңды теңиздиң қумындай сансыз етип көбейтемен“, – деген едиң».
13
Яқып түнди сол жерде өткизди. Ол өзинде бар затлардан ағасы Эсаўға саўға етиў ушын ажыратты.
14
Олар: еки жүз бас ешки, жигирма бас теке, еки жүз бас қой, жигирма бас қошқар,
15
отыз бас боталы түйе, қырық бас сыйыр, он бас буға, жигирма урғашы ҳәм он еркек ешек еди.
16
Яқып оларды падаларға бөлип, қулларына тапсырды ҳәм оларға: – Мениң алдымда жүриңлер, ҳәр паданың арасында аралық болсын, – деди.
17
Ол биринши болып жүретуғын қулға былай деп буйрық берди: – Әжағам Эсаў сени ушыратып, сеннен: «Кимниң қулысаң? Қаяққа баратырсаң? Алдыңдағы мына пада кимдики?» – деп сораса,
18
оған: «Булар қулыңыз Яқыптики. Олар мырзам Эсаўға жиберилген саўға. Мине, оның өзи де бизиң изимизден киятыр», – деп айт.
19
Яқып екинши, үшинши болып киятырған қулларға ҳәм падаларды айдап киятырғанлардың ҳәммесине де буйырып: – Эсаў менен ушырасқаныңызда, сизлер де солай айтыңлар.
20
«Қулыңыз Яқып изимизде киятыр», – деңлер, – деди. Себеби Яқып: «Өзимнен бурын жиберген саўғаларым менен оның жүрегин жибиткенимнен соң ғана, оның көзине көринейин, мүмкин, сонда ол мени қабыл етер», – деп ойлады.
21
Солай етип, Яқыптың саўғалары өзинен алдын жиберилди, ал өзи қоныслаған жеринде түнеп қалды.
22
Сол күни түнде Яқып орнынан турып, еки ҳаялын, еки шорысын ҳәм он бир улын жанына алып, Яббоқ дәрьясының өткелинен өтти.
23
Оларды дәрьядан өткизгеннен соң, өзиниң барлық затларын да өткизди.
24
Кейин Яқып жалғыз өзи қалды. Сонда бир адам оның менен таң атқанша гүрести.
25
Ол Яқыпты жеңе алмайтуғынын билгенде, Яқыптың жамбасына урып жиберди ҳәм оның жамбас сүйеги шығып кетти.
26
Сонда Ол адам: – Мени жибер, таң атып киятыр, – деди. Бирақ Яқып Оған: – Маған пәтияңды бермегениңше, Сени жибермеймен! – деди.
27
Ол адам Яқыптан: – Атың ким? – деп сорады. Ол: – Яқып, – деп жуўап берди.
28
Сонда Ол адам: – Буннан былай, сен Яқып емес, ал Израил деп аталасаң. Өйткени сен Қудай ҳәм адамлар менен гүресип, жеңип шықтың, – деди.
29
Яқып Оған: – Өтиниш, атыңызды айтыңыз? – деди. Бирақ Ол адам: – Не ушын Мениң атымды сорап атырсаң? – деди. Соңынан Ол сол жерде Яқыпқа пәтиясын берди.
30
Яқып: «Мен Қудайды жүзбе-жүз көрдим, бирақ тири қалдым», – деп сол жерди Пенуел деп атады.
31
Ол Пенуелден кетип баратырғанда, күн шықты. Жамбасы аўырғанлықтан, ол ақсаңлап жүрди.
32
Яқыптың жамбас сүйегиндеги сиңири зақым көргенликтен, израиллылар усы күнге дейин жамбас сүйектиң сиңирин жемейди.
← Chapter 31
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 33 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50