bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Genesis 28
Genesis 28
Karakalpak 2022
← Chapter 27
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 29 →
1
Ысақ Яқыпты шақырып алып, оған пәтиясын берди ҳәм былай деп буйырды: «Қананлы қызларға үйленбе.
2
Дәрҳал бул жерден кетип, Паддан-Арамға, анаңның әкеси Бетуелдиң үйине бар. Ол жерде дайың Лабанның қызларының биреўине үйлен.
3
Қүдирети күшли Қудай сени жарылқасын, өсип-өндирип, көбейтсин ҳәм урпағыңнан көплеген халықлар таратсын.
4
Ол Ибрайымға берген жарылқаўын саған ҳәм сениң урпақларыңа да берсин. Солай етип, сен ҳәзир келгинди болып жүрген жерди, Қудайдың Ибрайымға берген жерин меншик етип ийелегейсең».
5
Соңынан Ысақ Яқыпты жолға атландырды. Яқып Паддан-Арамға, өзиниң ҳәм Эсаўдың анасы Ребекканың әжағасы, арамлы Бетуелдиң улы Лабанның үйине кетти.
6
Ысақ Яқыпқа пәтия берип, үйлениўи ушын оны Паддан-Арамға жибергенин, оған пәтия берип атырып: «Қананлы қызларға үйленбе», – деп буйырғанын ҳәм
7
Яқып ата-анасының сөзине қулақ салып, Паддан-Арамға кеткенин Эсаў билди.
8
Солай етип, Эсаў қананлы қызлардың әкесине унамайтуғынын түсинди.
9
Сонлықтан ол Ибрайымның улы Исмайылдың алдына барды ҳәм ҳаялларының үстине Исмайылдың қызы, Небайоттың қарындасы Махалатты ҳаяллыққа алды.
10
Яқып Беер-Шебадан шығып, Харанға қарай жол жүрди.
11
Ол бир жерге жетип келгенде, түнеў ушын тоқтады. Себеби қуяш батып қалған еди. Ол сол жерден бир тасты алып, оны басының астына қойды да, уйықлаў ушын жатты.
12
Яқып түсинде жер үстинде тик турған текшени көрди. Текшениң уша басы аспанға тийип турған болып, Қудайдың периштелери оның үстинде минип-түсип жүрген еди.
13
Текшениң басында Жаратқан Ийе турған болып, Ол Яқыпқа былай деди: «Мен – Ибрайымның ҳәм Ысақтың Қудайы Жаратқан Ийемен. Сен жатқан жерди Мен саған ҳәм урпақларыңа беремен.
14
Сениң урпақларың жердиң қумындай көп болып, батысқа ҳәм шығысқа, арқаға ҳәм қублаға жайылады. Жер жүзиндеги барлық халықлар сен ҳәм сениң урпағың арқалы жарылқанады.
15
Мен сениң менен биргемен. Қай жерге барсаң да, Мен сени қорғайман ҳәм сени және усы жерге қайтараман. Саған берген ўәдемди орынламағанымша, сени таслап кетпеймен».
16
Яқып оянып: «Ҳақыйқаттан да, Жаратқан Ийе усы жерде екен-ғо, бирақ мен билмеппен!» – деп ойлады.
17
Ол қорқып кетип: «Бул жер қаншелли қорқынышлы! Бул Қудайдың Үйинен басқа ҳеш нәрсе емес, бул аспан дәрўазасы!» – деди.
18
Яқып азанда ерте турып, басының астына қойған тасты алды да, оны естелик қылып тиклеп, үстине зәйтүн майын қуйды.
19
Илгери Луз деп аталған бул қалаға Бейт-Эл деп ат қойды.
20
Яқып ўәде берип, былай деди: «Егер Қудай мениң менен бирге болып, баратырған усы жолымда мени қорғаса, маған жеўге нан, кийиўге кийим берсе,
21
сөйтип мени әкемниң үйине аман-есен қайтарса, онда Жаратқан Ийе мениң Қудайым болады.
22
Мен естелик қылып тиклеген мына тас Қудайдың Үйи болады. Сениң маған беретуғыныңның ҳәммесинен Саған оннан бирин беремен».
← Chapter 27
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 29 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50