bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Genesis 31
Genesis 31
Karakalpak 2022
← Chapter 30
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 32 →
1
Яқып Лабанның улларының: «Яқып әкемиздиң барлық затларын өзлестирип, пүткил байлығын әкемизге тийисли болған мал-мүликтен арттырды», – деп айтып жүргенин еситти.
2
Және де, Лабанның да өзине бурынғыдай қарым-қатнаста емес екенин байқады.
3
Сонда Жаратқан Ийе Яқыпқа: «Аталарыңның жерине, ағайин-туўғанларыңа қайт! Мен сениң менен бирге боламан», – деди.
4
Солай етип, Яқып адам жиберип, Раҳила менен Леаны өз сүриўлери жүрген жайлаўға шақыртып,
5
оларға былай деди: – Әкеңиздиң маған деген қарым-қатнасының бурынғыдай емес екенлигин көрип турман. Бирақ әкемниң Қудайы мениң менен бирге болды.
6
Мениң әкеңизге бар күшим менен хызмет еткенимди өзлериңиз билесиз.
7
Деген менен, әкеңиз маған пәнт берип, хызмет ҳақымды он мәртелеп өзгертти. Соған қарамастан, Қудай оның маған жаманлық етиўине жол қоймады.
8
Ол: «Жағал маллар сениң хызмет ҳақың болады», – дегенде, барлық сүриў жағал туўатуғын еди. Ал ол: «Ала-шубар маллар сениң хызмет ҳақың болады», – дегенде, барлық сүриў ала-шубар туўатуғын еди.
9
Солай етип, Қудайдың Өзи әкеңиздиң малларын алып қойып, оларды маған берди.
10
Маллардың шағылысыў мәўсиминде, бир күни түс көрдим. Түсимде сүриўдеги урғашы маллар менен шағылысқан еркек маллардың ала-шубар ҳәм жағал екенин көрдим.
11
Қудайдың периштеси түсимде маған: «Яқып!», – деди. «Ләббәй!», – дедим мен.
12
Ол: «Қара, урғашы маллар менен шағылысқан еркек маллардың барлығы ала-шубар ҳәм жағал. Өйткени Лабанның саған не ислеп атырғанының ҳәммесин көрдим.
13
Мен саған Бейт-Элде көринген Қудайман. Сен ол жерде естелик тасын орнатқан едиң ҳәм оның үстине зәйтүн майын қуйып, Маған ўәде берген едиң. Енди бул жерден кетип, өзиңниң туўылған елиңе қайт», – деди.
14
Сонда Раҳила менен Леа Яқыпқа: – Енди әкемиздиң үйинде бизлер ушын үлес те, мийрас та қалып па еди?
15
Ол ушын бизлер жат адамлар сыяқлы емеспиз бе? Себеби ол бизлерди сатып ғана қоймастан, бизлер ушын алған ақшаны да жеп қойды.
16
Сонлықтан әкемизден Қудай алып қойған байлықлардың ҳәммеси бизлерге ҳәм балаларымызға тийисли. Енди Қудай саған не айтқан болса, соны исле, – деп жуўап берди.
17
Солай етип, Яқып уллары менен ҳаялларын түйелерге миндирди.
18
Ол өзиниң барлық малларын алдына салып, Паддан-Арамда арттырған барлық мал-мүлкин алды да, Қанан жерине, әкеси Ысаққа барыў ушын жолға шықты.
19
Лабан қойларының жүнлерин қырқыўға кеткенде, Раҳила әкесиниң кийели мүсинлерин урлап алды.
20
Оның үстине, Яқып та өзиниң кететуғынын айтпай, арамлы Лабанды алдап кетти.
21
Солай етип, ол өзиниң ҳәмме нәрсесин алып, қашып кетти ҳәм Евфрат дәрьясынан өтип, таўлы Гилад үлкесине қарай жол алды.
22
Үшинши күни Лабан Яқыптың қашып кеткенлиги туўралы хабар тапты.
23
Ол ағайин-туўғанларын жанына алып, оны қуўып кетти. Жети күннен соң, таўлы Гилад үлкесинде оны қуўып жетти.
24
Бирақ сол күни түнде Қудай арамлы Лабанның түсине енип, оған: «Абайлы бол, Яқыпқа жақсы да, жаман да, ҳеш нәрсе айтпа!» – деди.
25
Лабан Яқыпты қуўып жеткенде, Яқып таўлы Гилад үлкесинде шатырын тигип қойған еди. Лабан да өзиниң ағайин-туўғанлары менен бирге сол жерге шатыр тикти.
26
Сонда Лабан Яқыпқа былай деди: – Бул не қылғаның? Мени алдап, қызларымды урыста қолға түскен тутқын сыяқлы алып кетипсең-ғо.
27
Неге мени алдап, жасырын түрде қашып кеттиң? Маған неге айтпадың? Мен сени дәп қақтырып, лира шерттирип, қосықлар айттырып, ойын-күлки менен шығарып салар едим-ғо.
28
Сен, ҳәтте, ақлықларымды ҳәм қызларымды сүйип, хошласыўға да мүмкиншилик бермедиң. Сен ақмақларша ис туттың!
29
Сизлерге жаманлық ислеўге күшим жетеди. Бирақ өткен түнде әкеңиздиң Қудайы маған: «Абайлы бол, Яқыпқа жақсы да, жаман да, ҳеш нәрсе айтпа», – деди.
30
Түсинемен, әкеңниң үйин қатты сағынғаның ушын кетип қалғансаң. Бирақ неге сен қудайларымның мүсинлерин урлап кеттиң?
31
Яқып Лабанға былай деп жуўап берди: – Мен сизди қызларын күш пенен тартып алады деп қорқтым.
32
Бирақ егер қудайларыңыздың мүсинлерин кимнен тапсаңыз, ол тири қалмасын! Ағайин-туўғанларымыздың көз алдында өзиңиз тексерип көриң. Егер меннен сизиң бир нәрсеңиз табылса, алып кетиң! Яқып Раҳиланың бутлардың мүсинлерин урлағанын билмейтуғын еди.
33
Лабан Яқыптың, Леаның ҳәм еки шорының шатырларын қарап шықты, бирақ мүсинлерди таба алмады. Ол Леаның шатырынан шығып, Раҳиланың шатырына кирди.
34
Раҳила кийели мүсинлерди алып, түйениң ериниң астына қойып, оның үстине отырып алған еди. Лабан шатырды толық тексерип шықса да, мүсинлерди таба алмады.
35
Раҳила әкесине: – Мырзам, сиз келгениңизде турып, күтип алмағаным ушын ашыўыңыз келмесин. Өйткени ҳәзир ҳаял-қызларға тән жағдайдаман, – деди. Солай етип, Лабан қанша излесе де, мүсинлерди таба алмады.
36
Яқып ашыўға минип, Лабанға бақырынып сөйлеп былай деди: – Айыбым не? Бүйтип изимнен қуўғандай, мен не гүна иследим?
37
Сиз мениң барлық затларымды тинтип шықтыңыз, бирақ өзиңизге тийисли бир нәрсе таптыңыз ба? Егер тапқан болсаңыз, оны мына жерге, ағайин-туўғанларымыздың алдына қойың. Олар екеўимизге төрелик қылсын.
38
Мен жигирма жыл сизикинде жасадым. Қой-ешкилериңиз ҳеш қашан иш тасламады. Сизиң сүриўиңизден бир қошқар да жемедим.
39
Жабайы ҳайўанлар баўызлап таслағанларын сизиң алдыңызға әкелмей, зәлелин өз мойныма алатуғын едим. Ал сиз болсаңыз, малыңыздың күндиз ямаса түнде урланыўына қарамастан, меннен ҳәр бир малыңыздың қунын талап етер едиңиз.
40
Күндиз ыссыдан, түнде суўықтан азап шегетуғын едим. Көзлеримнен уйқы қашатуғын еди.
41
Мениң сизиң үйиңиздеги жигирма жыллық өмирим усылай өтти. Мен сизге он төрт жыл еки қызыңыз ушын, алты жыл сүриўиңиз ушын хызмет еттим. Ал сиз хызмет ҳақымды он рет өзгерттиңиз.
42
Егер де әкемниң ҳәм бабам Ибрайымның Қудайы, яғный Ысақ қорққан Қудай мениң менен бирге болмағанда, сиз мени қуры қол қайтарған болар едиңиз. Бирақ Қудай мениң шеккен азабымды ҳәм ислеген аўыр мийнетимди көрип, кеше түнде мени жақлап, төрелик етти.
43
Лабан Яқыпқа былай деп жуўап берди: – Мына қызлар – мениң қызларым, бул балалар – мениң ақлықларым. Бул сүриўлер – мениң сүриўлерим. Сен көрип турған нәрселердиң ҳәммеси – меники. Бирақ енди мен өз қызларыма ҳәм олардан туўылған ақлықларыма не ислей аламан?
44
Кел, енди арамызда гүўалық болатуғын келисим дүзейик.
45
Сонда Яқып бир тасты алып, оны естелик қылып қойды.
46
Соң ағайин-туўғанларына: «Тас жыйнап келиңлер», – деди. Олар тасларды жыйнап әкелип, бир үйиншик иследи ҳәм сол үйиншиктиң жанында отырып аўқат жеди.
47
Лабан үйиншикти Егар-Саҳадута, Яқып Гал-Эд деп атады.
48
Лабан: «Бүгин бул үйиншик бизиң арамызда гүўалық болсын», – дегенликтен, ол жер Гал-Эд деп аталды.
49
Сондай-ақ үйиншик Миспа деп те аталған. Себеби Лабан: «Бизлер бир-биримизден узақласып кеткенимизден кейин, Жаратқан Ийе бизлерди гүзетип турсын.
50
Егер сен қызларыма жаман қатнаста болсаң ямаса олардың үстине ҳаял алсаң, буған гүўа болатуғын адам болмаса да, билип қой, Қудайдың Өзи гүўа болады», – деген еди.
51
Лабан Яқыпқа және былай деди: – Минекей, мынаў үйиншик ҳәм екеўимиздиң арамызда мен орнатқан естелик.
52
Булар мениң саған жаманлық ислеў ушын усы үйиншиктен ары өтпейтуғыныма ҳәм сениң де маған жаманлық ислеў ушын бул үйиншик ҳәм естеликтен бери өтпейтуғыныңа гүўалық болсын.
53
Ибрайым ҳәм Нахордың Қудайы, олардың ата-бабаларының Қудайы бизлерге төрелик етсин. Сонда Яқып әкеси Ысақ қорққан Қудай ҳақы ант ишти.
54
Соңынан ол сол таўда қурбанлық шалып, ағайин-туўғанларын аўқатқа шақырды. Олар аўқатланып болып, таўда түнеп қалды.
55
Ертеңине Лабан таң азанда турып, ақлықларын ҳәм қызларын сүйип, оларға пәтиясын берди. Соңынан ол үйине қайтып кетти.
← Chapter 30
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 32 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50