bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Genesis 40
Genesis 40
Karakalpak 2022
← Chapter 39
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 41 →
1
Бир қанша ўақыттан соң, Мысыр патшасының шарап қуйыўшысы ҳәм нанбайы өз хожайынына, яғный Мысыр патшасына қарсы айып иследи.
2
Фараон өзиниң усы еки хызметкерине, яғный бас шарап қуйыўшысы менен бас нанбайына ашыўланып,
3
оларды сақшылардың басшысының үйине, Юсуп отырған қамақханаға қаматып таслады.
4
Сақшылардың басшысы Юсупти олардың хызметине бекитти. Солай етип, олар бир қанша ўақыт қамақханада қалды.
5
Бир күни түнде фараонның қамақта болған шарап қуйыўшысы менен нанбайы екеўи де түс көрди. Ҳәр түстиң өзинше мәниси бар еди.
6
Ертеңине азанда Юсуп олардың жанына келгенде, екеўиниң де еңсеси түсип отырғанын көрди.
7
Юсуп хожайынының үйинде өзи менен бирге қамалып жатырған фараонның хызметкерлеринен: – Бүгин неге қапа көринесиз? – деп сорады.
8
Олар: – Бизлер түс көрген едик, бирақ оларды жорып беретуғын ҳеш ким жоқ, – деди. Юсуп оларға: – Түс жорыў Қудайдан емес пе? Түслериңизди маған айтып бериңлер, – деди.
9
Сонда бас шарап қуйыўшы түсин Юсупке айтып: – Мен түсимде бир жүзим ағашын көрдим.
10
Ағаштың үш шақасы бар екен. Олар бөрте сала гүллеп, солқым-солқым жүзим писти.
11
Мениң қолымда фараонның кесеси бар екен. Мен жүзимлерди алып, фараонның кесесине сықтым да, кесени оның қолына бердим, – деди.
12
Юсуп оған былай деди: – Бул түс мынаны аңлатады: үш шақа – үш күн.
13
Үш күн ишинде фараон сениң тәғдириңди шешеди ҳәм сен бурынғы хызметиңе қайтасаң. Оған бурынғыдай шарап усынатуғын боласаң.
14
Бирақ исиң жүрискеннен кейин, мени есиңе ал. Маған жақсылық ислеп, фараонға мен туўралы айт ҳәм мени бул қамақханадан шығарып ал.
15
Себеби мен еврейлердиң жеринен урлап әкелингенмен. Бул жерде де қамаққа таслағандай ҳеш нәрсе ислемедим, – деди.
16
Бас нанбай Юсуптиң түсти жақсы жорығанын көрип, оған былай деди: – Мен де түс көрдим. Түсимде басымда үш себет нан бар екен.
17
Ең үстиндеги себетте фараонға арнап писирилген ҳәр түрли нан өнимлери бар екен. Бирақ қуслар басымдағы себеттен оларды шоқып жеп атыр екен, – деди.
18
Юсуп оған былай деди: – Бул түс мынаны аңлатады: үш себет – үш күн.
19
Үш күн ишинде фараон тәғдириңди шешип, сени дарға астырады ҳәм қуслар келип, денеңди шоқыйды.
20
Үшинши күни фараон өзиниң туўылған күнинде барлық хызметкерлерине арнап зыяпат берди. Сонда ол өз хызметкерлериниң алдында бас шарап қуйыўшысы менен бас нанбайының тәғдирин шешти.
21
Бас шарап қуйыўшыны өз хызметине қайтарды. Солай етип, бас шарап қуйыўшы және фараонға кесесин усынатуғын болды.
22
Бирақ бас нанбайды, Юсуп жорығандай, дарға астырды.
23
Бас шарап қуйыўшы Юсупти еске алмады, оны умытып жиберди.
← Chapter 39
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 41 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50