bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Genesis 50
Genesis 50
Karakalpak 2022
← Chapter 49
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
1
Сонда Юсуп өзин әкесиниң үстине таслап, жылап турып, оны сүйди.
2
Ол өз хызметиндеги шыпакерлерге әкесиниң денесин мумиялаўды буйырды. Олар Израилды мумиялады.
3
Бул ис қырық күнге созылды. Себеби мумиялаўға сонша ўақыт керек еди. Мысырлылар Израил ушын жетпис күн аза тутты.
4
Азалаў күнлери өткеннен кейин, Юсуп фараонның ўәзирлерине: – Маған мийрим көрсетип, фараонға мыналарды жеткизиңлер.
5
Әкем маған ант иштирип: «Мениң өлимим жақынласты. Мени Қанан жериндеги өзим ушын қаздырған қәбирге апарып қой», – деген еди. Енди фараон әкемди жерлеп қайтыўыма рухсат берсин, – деди.
6
Сонда фараон Юсупке: – Әкеңе берген антыңды орынлап, оны жерлеп қайт, – деди.
7
Солай етип, Юсуп әкесин жерлеўге кетти. Фараонның барлық хызметшилери, сарайдың ҳәм Мысыр елиниң басшылары оның менен бирге кетти.
8
Сондай-ақ, Юсуптиң пүткил хожалығы, туўысқанлары ҳәм әкесиниң үй-иши де оның менен бирге еди. Тек балаларды, майда ҳәм ири малларды Гошен жеринде қалдырды.
9
Саўаш арбалар ҳәм оның үстиндеги әскерлер де оларға қосылып, үлкен көшке айланды.
10
Олар Иордан дәрьясының шығысындағы Атад қырманына жетип барғанда, ўай-ўайлап жылап, даўыс шығарды. Юсуп әкеси ушын жети күн аза тутты.
11
Сол жерде жасайтуғын қананлылар Атад қырманындағы азалаў мәресимин көрип: «Мысырлылар қаншелли аўыр аза тутып атыр!» – дести. Сол себепли Иорданның шығысындағы бул жерге Абел-Мисрайым аты берилди.
12
Яқыптың уллары әкесиниң ўәсиятын толық орынлады.
13
Оның денесин Қанан жерине әкелип, Мамреге жақын жердеги Махпела атызындағы үңгирге қойды. Бул үңгирди Ибрайым хет халқынан болған Эфроннан мазар қылыў ушын атыз бенен бирге сатып алған еди.
14
Юсуп әкесин жерлеп болғаннан соң, оның өзи, туўысқанлары ҳәм оның менен бирге әкесин жерлеўге барғанлардың ҳәммеси Мысырға қайтты.
15
Әкеси өлгеннен кейин, Юсуптиң ағалары бир-бирине: «Егер Юсуп бизлерге еле де кек сақлап жүрген болып, оған ислеген жаманлықларымыз ушын бизлерден өш алмақшы болса не қыламыз?» – дести.
16
Солай етип, олар Юсупке мынадай хабар жоллады: «Әкемиз өлмесинен алдын ўәсият етип,
17
саған: „Ағаларыңның саған ислеген жаманлығын, олардың айып ҳәм гүнасын кешир“, – деп айтыўымызды тапсырған еди. Енди сен әкеңниң Қудайының қуллары болған бизлердиң гүнамызды кешир!» Юсуп бул хабарды еситкенде жылап жиберди.
18
Соннан кейин, ағаларының өзлери Юсупке келип, оның алдында жерге жығылып: – Бизлер сениң қулларыңбыз, – деди.
19
Бирақ Юсуп оларға: – Қорқпаңлар! Мен Қудай емеспен.
20
Сизлер маған жаманлық ойлаған едиңиз. Бирақ Қудай көп адамлардың өмирин сақлап қалыў ушын, ҳәзир өзлериңиз көрип турғаныңыздай, бул жаманлықты жақсылыққа айландырды.
21
Сонлықтан қорқпаңлар, мен сизлерди де, балаларыңызды да бағаман, – деди де, ағаларының жүрегине жағатуғын жыллы сөзлер айтып, оларға тәселле берди.
22
Солай етип, Юсуп ҳәм оның әкесиниң үй-иши Мысырда жасап қалды. Юсуп бир жүз он жыл жасады.
23
Юсуп Эфрайымның ақлық-шаўлықларын көрди. Менашшениң улы Махирдиң улларын баўырына басты.
24
Юсуп туўысқанларына: – Мениң өлимим жақынласты. Бирақ Қудай сизлерге сөзсиз нәзер салады. Ол сизлерди бул жерден алып шығып, Өзи Ибрайымға, Ысаққа ҳәм Яқыпқа беремен деп ант ишкен жерине апарады, – деди.
25
Соңынан оларға ант иштирип: – Қудай сизлерге сөзсиз нәзер салады. Сонда сизлер мениң сүйегимди бул жерден алып кетиңлер, – деди.
26
Юсуп бир жүз он жасқа шығып қайтыс болды. Оның денесин мумиялап, Мысырда бир табытқа салып қойды.
← Chapter 49
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50