bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Genesis 5
Genesis 5
Karakalpak 2022
← Chapter 4
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 6 →
1
Адамның шежиреси мынадай: Қудай адамды жаратқанда, оны Өзине уқсатып жаратты.
2
Оларды еркек ҳәм ҳаял қылып жаратты ҳәм сол күни оларды жарылқап, оларға «адам» деп ат қойды.
3
Адам бир жүз отыз жасқа шыққанда, өзине уқсас, өзиниң бийнесиндей бир балалы болып, оған Шет деп ат қойды.
4
Шет туўылғаннан соң, Адам және сегиз жүз жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
5
Адам барлығы болып тоғыз жүз отыз жыл өмир сүрип, қайтыс болды.
6
Шет бир жүз бес жасқа шыққанда, улы Энош туўылды.
7
Энош туўылғаннан соң, Шет және сегиз жүз жети жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
8
Шет барлығы болып тоғыз жүз он еки жыл өмир сүрип, қайтыс болды.
9
Энош тоқсан жасқа шыққанда, улы Кенан туўылды.
10
Кенан туўылғаннан соң, Энош және сегиз жүз он бес жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
11
Энош барлығы болып тоғыз жүз бес жыл өмир сүрип, қайтыс болды.
12
Кенан жетпис жасқа шыққанда, улы Маҳалалел туўылды.
13
Маҳалалел туўылғаннан соң, Кенан және сегиз жүз қырық жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
14
Кенан барлығы болып тоғыз жүз он жыл өмир сүрип, қайтыс болды.
15
Маҳалалел алпыс бес жасқа шыққанда, улы Еред туўылды.
16
Еред туўылғаннан соң, Маҳалалел және сегиз жүз отыз жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
17
Маҳалалел барлығы болып сегиз жүз тоқсан бес жыл өмир сүрип, қайтыс болды.
18
Еред бир жүз алпыс еки жасқа шыққанда, улы Энох туўылды.
19
Энох туўылғаннан соң, Еред және сегиз жүз жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
20
Еред барлығы болып тоғыз жүз алпыс еки жыл өмир сүрип, қайтыс болды.
21
Энох алпыс бес жасқа шыққанда, улы Метушелах туўылды.
22
Метушелах туўылғаннан соң, Энох үш жүз жыл даўамында Қудай менен тығыз байланыста жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
23
Энох барлығы болып үш жүз алпыс бес жыл жасады.
24
Ол Қудай менен тығыз байланыста жасады. Соңынан ол жер бетинен ғайып болды. Өйткени Қудай оны Өзиниң жанына алған еди.
25
Метушелах бир жүз сексен жети жасқа шыққанда, улы Ламех туўылды.
26
Ламех туўылғаннан соң, Метушелах және жети жүз сексен еки жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
27
Метушелах барлығы болып тоғыз жүз алпыс тоғыз жыл өмир сүрип, қайтыс болды.
28
Ламех бир жүз сексен еки жасқа шыққанда, бир балалы болды.
29
Ол: «Жаратқан Ийениң нәлетлеген жери себепли шеккен азабымызды ҳәм мийнетимизди бул бала жеңиллетип, рәҳәт береди», – деп балаға Нух деп ат қойды.
30
Нух туўылғаннан соң, Ламех және бес жүз тоқсан бес жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
31
Ламех барлығы болып жети жүз жетпис жети жыл өмир сүрип, қайтыс болды.
32
Нух бес жүз жыл жасағаннан соң, уллары Сам, Хам ҳәм Яфет туўылды.
← Chapter 4
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 6 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50