bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Genesis 12
Genesis 12
Karakalpak 2022
← Chapter 11
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 13 →
1
Жаратқан Ийе Ибрамға: «Өз елиңди, ағайин-туўғанларыңды ҳәм әкеңниң үйин қалдырып, Мен саған көрсететуғын елге бар.
2
Мен сеннен уллы халық дөретемен. Сени жарылқайман ҳәм атыңды мәртебели қыламан. Сен басқаларға жарылқаў боласаң.
3
Сени жарылқағанларды Мен жарылқайман. Сени нәлетлегенлерди Мен нәлетлеймен. Жер жүзиндеги барлық халықлар сен арқалы жарылқанады», – деди.
4
Ибрам Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша жолға шықты. Лут та оның менен бирге кетти. Ибрам Хараннан шыққан ўақытта жетпис бес жаста еди.
5
Ол өзи менен бирге ҳаялы Сарайды, иниси Лутты, Харанда жыйнаған мал-мүлкин ҳәм хызметшилерин алды да, Қанан жерине қарай жолға шықты. Олар Қанан жерине жетип барғанда,
6
Ибрам ел бойлап жүрип, Шехемдеги Морениң теребинф терегиниң жанына барды. Сол ўақытлары усы елде қанан халқы жасайтуғын еди.
7
Сонда Жаратқан Ийе Ибрамға көринип: «Мен бул жерди сениң урпағыңа беремен!» – деди. Ибрам өзине көринген Жаратқан Ийеге арнап, сол жерде қурбанлық орын қурды.
8
Кейин ол Бейт-Эл қаласының шығыс жағындағы таўлы жерге қарай жүрип, батыс жақтағы Бейт-Эл қаласы менен шығыс жақтағы Ай қаласының ортасына шатырын тикти. Сол жерде Ибрам Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық орын қурып, Оның атын айтып шақырды.
9
Соңынан ол қубла тәрепке, Негебке қарай жолын даўам етти.
10
Сол ўақытта елде күшли ашлық болғанлықтан, Ибрам ўақтынша жасап турыў ушын Мысырға кетти.
11
Олар Мысырға жақынлағанда, Ибрам ҳаялы Сарайға былай деди: – Мен сениң сулыў ҳаял екениңди билемен.
12
Мысырлылар сени көргенде: «Бул оның ҳаялы», – деп, мени өлтирип, ал сени тири қалдырады.
13
Оларға: «Оның қарындасыман», – деп айт. Сонда сен себепли олар маған жақсы қатнаста болады ҳәм мен аман қаламан.
14
Ибрам Мысырға келгенде, мысырлылар оның ҳаялының жүдә гөззал екенин көрди.
15
Фараонның хызметкерлери ҳаялды көрип, фараонға оның сулыўлығын мақтап айтып берди. Ҳаял фараонның сарайына алынды.
16
Фараон Сарай себепли Ибрамға жақсы қатнаста болды. Ибрам ири ҳәм майда малларға, еркек ҳәм урғашы ешеклерге, қул ҳәм шорыларға, түйелерге ийе болды.
17
Бирақ Жаратқан Ийе Ибрамның ҳаялы Сарай себепли фараонды ҳәм оның үй-ишин аўыр апатларға дуўшар етти.
18
Сонда фараон Ибрамды шақыртып оған былай деди: «Сен неге маған булай иследиң? Не себептен маған, оның ҳаялың екенин айтпадың?
19
Не ушын оны қарындасым дедиң? Мен оны ҳаяллыққа алайын деп қалдым-ғо. Ҳаялыңды ал да, кет!»
20
Солай етип, фараон өз адамларына Ибрамды ҳаялы ҳәм барлық жыйған-тергенлери менен шығарып салыўды буйырды.
← Chapter 11
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 13 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50