bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Genesis 29
Genesis 29
Karakalpak 2022
← Chapter 28
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 30 →
1
Яқып жолын даўам етип, шығыс халықларының жерлерине жетип келди.
2
Ол сол жердеги далада бир қудықты ҳәм қудықтың жанында жатырған үш сүриў қойды көрди. Өйткени қойлар сол қудықтан суўғарылатуғын еди. Қудықтың аўзында үлкен тас бар еди.
3
Барлық сүриўлер ол жерге жыйналғанда, шопанлар қудықтың аўзынан тасты алып қойып, қойларды суўғаратуғын еди. Соңынан олар тасты және өз орнына, қудықтың аўзына қоятуғын еди.
4
Яқып шопанлардан: – Туўысқанларым, қай жерденсизлер? – деп сорады. Шопанлар оған: – Бизлер Хараннанбыз, – деп жуўап берди.
5
Яқып олардан: – Нахордың ақлығы Лабанды таныйсызлар ма? – деп сорады. – Аўа, таныймыз, – деп жуўап берди олар.
6
Яқып олардан және: – Оның ҳал-жағдайы жақсы ма? – деп сорады. Олар: – Жақсы, әне, оның қызы Раҳила қойларын айдап киятыр, – деди.
7
Яқып оларға: – Күн батыўға еле көп ўақыт бар, ҳәзир сүриўди жыйнайтуғын ўақыт емес-ғо. Қойларыңызды суўғарып болып, және отлатып қайтқаныңыз жақсы емес пе? – деди.
8
Шопанлар: – Барлық сүриўлерди жыйнап, қудықтың аўзындағы тасты алып таслағанымыздан кейин ғана, бизлер қойларды суўғара аламыз, – деди.
9
Яқып шопанлар менен сөйлесип турғанда, Раҳила әкесиниң қойлары менен келип қалды. Себеби ол қой бағатуғын еди.
10
Яқып дайысы Лабанның қызы Раҳиланы ҳәм оның қойларын көргенде қудыққа барып, оның аўзындағы тасты алып таслады да, дайысы Лабанның қойларын суўғарды.
11
Соңынан Яқып Раҳиланы сүйип, өкирип жылап жиберди.
12
Ол Раҳилаға әкесиниң жийени, Ребекканың улы екенин айтты. Сонда Раҳила жуўырып барып, әкесине хабар берди.
13
Лабан жийени Яқыптың келгенин еситиўден-ақ, оны қарсы алыў ушын жуўырып шықты. Оны қушақлап сүйди ҳәм үйине алып келди. Яқып оған болған ўақыялардың ҳәммесин айтып берди.
14
Сонда Лабан Яқыпқа: – Аўа, шынында да сен мениң қанлас туўысқаным екенсең! – деди. Яқып Лабандикинде бир айдай жасағаннан кейин,
15
Лабан Яқыпқа: – Ағайиним болғаның ушын, маған тегинге хызмет етиўиң керек пе? Маған айт, хызмет ҳақыңа қанша төлейин? – деди.
16
Лабанның еки қызы болып, олардың үлкениниң аты Леа, кишкенесиниң аты Раҳила еди.
17
Леаның көзлери мүләйим, ал Раҳила қәдди-қәўмети келискен, шырайлы еди.
18
Яқып Раҳиланы сүйип қалды. Ол Лабанға: – Кишкене қызыңыз Раҳила ушын, мен сизге жети жыл хызмет етемен, – деди.
19
Лабан оған: – Басқа биреўге бергеннен гөре, оны саған бергеним жақсы. Меникинде жасай бер, – деди.
20
Солай етип, Яқып Раҳила ушын жети жыл хызмет етти. Яқып Раҳиланы сүйгенликтен, бул жети жыл ол ушын бир неше күндей болып көринди.
21
Сонда Яқып Лабанға: «Келисилген ўақыт келди, енди қызыңызды бериң, мен оған үйленейин», – деди.
22
Солай етип, Лабан ол жердиң барлық халқын жыйнап, той берди.
23
Бирақ түнде ол қызы Леаны әкелип, Яқыпқа берди ҳәм Яқып оның менен жатты.
24
Лабан шорысы Зилпаны қызы Леаға хызметши етип берди.
25
Яқып азанда турып қараса, жанында Леа жатырғанын көрди. Ол Лабанға: – Бул не қылғаныңыз? Мен сизге Раҳила ушын хызмет еткеним жоқ па едим? Мени неге алдадыңыз? – деди.
26
Лабан оған: – Бизлердиң дәстүримиз бойынша, үлкен қызынан бурын кишкене қызын узатпайды.
27
Бул тойлаў ҳәптеси тамам болсын, соңынан саған Раҳиланы да беремиз. Бирақ оның ушын және жети жыл хызмет қыласаң, – деди.
28
Яқып буған келисим берип, сол бир ҳәптени Леа менен бирге өткизди. Соңынан Лабан оған қызы Раҳиланы да ҳаяллыққа берди.
29
Лабан өз шорысы Билҳаны қызы Раҳилаға хызметши етип берди.
30
Яқып Раҳила менен де жатты ҳәм ол Раҳиланы Леадан гөре көбирек жақсы көрди. Солай етип, Яқып Лабанға және жети жыл хызмет етти.
31
Жаратқан Ийе Яқыптың Леада кеўли жоқ екенин көргенде, оны туўатуғын қылды. Ал Раҳила бийперзент еди.
32
Леа ҳәмиледар болып, бир ул туўды. Ол: «Жаратқан Ийе мениң бахытсызлығымды көрди. Енди күйеўим мени жақсы көретуғын болады», – деп, улына Рубен деп ат қойды.
33
Ол және ҳәмиледар болып, ул туўғанда: «Жаратқан Ийе күйеўимниң менде кеўли жоқ екенин еситти ҳәм маған бул улды да берди», – деп, улына Шимон деп ат қойды.
34
Ол және ҳәмиледар болып, тағы бир ул туўғанда: «Енди күйеўим маған байланады, өйткени мен оған үш ул туўып бердим», – деп, улына Лебий деп ат қойды.
35
Кейин ол және ҳәмиледар болып, тағы бир ул туўғанда: «Бул рет мен Жаратқан Ийени алғыслайман», – деди ҳәм улына Яҳуда деп ат қойды. Соң ол бир қанша мүддет бала көтермеди.
← Chapter 28
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 30 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50