bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Genesis 16
Genesis 16
Karakalpak 2022
← Chapter 15
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 17 →
1
Ибрамның ҳаялы Сарай оған еле бала туўып бермеген еди. Сарайдың Ажар деген мысырлы шорысы бар еди.
2
Сарай Ибрамға: «Минекей, Жаратқан Ийе мени бала туўыўдан маҳрум етти. Сен мениң шорым менен жат, мүмкин, ол арқалы балалы боларман», – деди. Ибрам Сарайдың сөзине қулақ асты.
3
Солай етип, Ибрамның Қанан жеринде жасағанына он жыл болғанда, Сарай өзиниң мысырлы шорысы Ажарды Ибрамға тоқаллыққа алып берди.
4
Ибрам Ажар менен жатқаннан соң, ол ҳәмиледар болды. Ажар өзиниң ҳәмиледар екенлигин билгенде, ханымын менсинбей қойды.
5
Сарай Ибрамға: – Мениң жәбир шегиўиме сен айыплысаң. Мен өзимниң шорымды сениң қойныңа салдым, ал ол өзиниң ҳәмиледар екенин билгенде, мени менсинбей қойды. Сениң менен мениң арамда Жаратқан Ийениң Өзи қазылық етсин, – деди.
6
Ибрам Сарайға: – Шорың сениң қолыңда емес пе? Оған не қыламан десең де, өзиң билесең, – деди. Солай етип, Сарай Ажарға қатты азап бере баслағанлықтан, Ажар оннан қашып кетти.
7
Жаратқан Ийениң периштеси оны шөлдеги булақтың жанынан, Шурға апаратуғын жолдың бойынан таўып:
8
– Сарайдың шорысы Ажар, қаяқтан келип, қаяққа баратырсаң? – деп сорады. Ол: – Мен ханымым Сарайдан қашып баратырман, – деп жуўап берди.
9
Сонда Жаратқан Ийениң периштеси оған: – Ханымыңа қайтып бар ҳәм оған бойсын, – деди.
10
Периште даўам етип: – Мен сениң урпақларыңды соншелли көбейтемен, оларды ҳеш ким санай алмайтуғын болады, – деди.
11
Жаратқан Ийениң периштеси оған және: – Минекей, сен ҳәмиледарсаң. Сен ул туўасаң. Оның атын Исмайыл деп қоясаң. Өйткени Жаратқан Ийе сениң зарыңды еситти!
12
Сениң улың қуландай болады. Ол ҳәммеге қарсы, ҳәмме оған қарсы болады ҳәм ол барлық туўысқанлары менен душпан болып өмир сүреди, – деди.
13
Ажар: «Мен өзимди көрип турған Қудайды көрдим», – деп, өзи менен сөйлескен Жаратқан Ийени «Эл-Роий» деп атады.
14
Сонлықтан Қадеш пенен Бередтиң арасында жайласқан бул қудық «Беер-Лахай-Роий» деп аталады.
15
Ажар Ибрамға ул туўып берди. Ибрам улына Исмайыл деп ат қойды.
16
Ажар Исмайылды туўғанда, Ибрам сексен алты жаста еди.
← Chapter 15
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 17 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50