bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Genesis 47
Genesis 47
Karakalpak 2022
← Chapter 46
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 48 →
1
Юсуп фараонға барып: – Әкем ҳәм туўысқанларым сүриўлери, падалары ҳәм барлық мал-мүлки менен Қанан жеринен келди. Олар ҳәзир Гошен жеринде, – деп хабарлады.
2
Кейин Юсуп әжағаларының ишинен бесеўин таңлап алып, фараонның алдына алып келди.
3
Фараон Юсуптиң ағаларынан: – Кәсип-кәриңиз не? – деп сорады. Олар былай деп жуўап берди: – Сизиң қулларыңыз болған бизлер ата-бабаларымыз сыяқлы шопанбыз.
4
Бизлер бул елге ўақытша жасаў ушын келдик. Қанан жеринде күшли ашлық болып, малларымыз жайылатуғын өрис қалмады. Рухсат етсеңиз, Гошен жерине орналасайық.
5
Сонда фараон Юсупке: – Әкең ҳәм туўысқанларың саған келипти.
6
Мысыр жери сениң ықтыярыңда. Оларды елдиң ең жақсы жерине орналастыр. Олар Гошен жеринде жасасын. Егер олардың арасында уқыплы адамлар бар болса, оларды мениң шарўам үстинен бақлаўшы етип қой, – деди.
7
Кейин Юсуп әкеси Яқыпты фараонның алдына апарды. Яқып фараонға пәтиясын берди.
8
Фараон Яқыптан: – Жасыңыз нешеде? – деп сорады.
9
Яқып оған: – Мен бир жүз отыз жылдан бери дүньяға мийманман. Мениң өмирим тез ҳәм машақатлы өтти, бирақ мен ата-бабаларымның мийман болып жасап кеткен жасына еле жетпедим, – деп жуўап берди.
10
Соңынан Яқып фараонға пәтиясын берип, оның алдынан шығып кетти.
11
Солай етип, Юсуп әкесин ҳәм туўысқанларын Мысырға орналастырып, фараонның буйырғанындай, оларға елдиң ең жақсы жеринен, Рамсес үлкесинен меншик жер берди.
12
Және де, Юсуп әкесин, туўысқанларын ҳәм әкесиниң үй-ишин балаларының санына қарай азық-аўқат пенен тәмийинледи.
13
Ашлықтың күшейгени соншелли, ҳеш бир елде жейтуғын нәрсе қалмады. Мысыр ҳәм Қанан еллери қырылып кете жазлады.
14
Юсуп сатқан дәни ушын Мысырдағы ҳәм Қанандағы барлық гүмислерди жыйнап, фараонның сарайына апарды.
15
Мысырда да, Қананда да гүмис таўысылғанда, мысырлылар Юсупке келип: – Бизлерге жейтуғын нәрсе бериң! Бизлер сизиң көз алдыңызда өлип кетейик пе? Гүмислеримиз де таўысылды, – деди.
16
Юсуп оларға: – Егер гүмисиңиз таўысылған болса, малларыңызды алып келиң. Мен олардың орнына сизлерге азық-аўқат беремен, – деди.
17
Солай етип, олар малларын Юсупке алып келди. Юсуп олардың атлары, майда-ири маллары ҳәм ешеклериниң орнына азық-аўқат берди. Юсуп бир жыл бойы оларды малларының орнына азық-аўқат пенен тәмийинледи.
18
Сол жыл өткеннен соң, кейинги жылы халық және Юсуптиң алдына келип: – Мырзамыз, сизден ҳақыйқатты жасырмаймыз: гүмисимиз таўысылды, малларымызды сизге бердик. Енди сизге өзимизден ҳәм жеримизден басқа беретуғын ҳеш нәрсемиз қалмады.
19
Бизлер сизиң көз алдыңызда өлип кетейик пе? Жерлеримиз де шөлге айлансын ба? Сиз бизлерди ҳәм жерлеримизди сатып алып, орнына азық-аўқат бериң. Бизлер жеримиз бенен бирге фараонның қулы болайық. Бизлерге туқым бериң, өлмей, тири қалайық, жер де қаңырап қалмасын, – деди.
20
Солай етип, Юсуп Мысырдағы барлық жерлерди фараон ушын сатып алды. Мысырлылардың ҳәммеси атызларын сатты. Өйткени ашлық оларды буған мәжбүр етти. Жерлердиң ҳәммеси фараондики болды.
21
Юсуп Мысырдың бир шетинен екинши шетине дейин пүткил халықты фараонның қулына айландырды.
22
Ол тек руўханийлердиң жерлерин ғана сатып алмады. Себеби олар фараон тәрепинен тәмийинленип, сол арқалы күн кеширгенликтен, жерлерин сатпады.
23
Юсуп халыққа: – Мен сизлерди ҳәм жерлериңизди фараон ушын сатып алдым. Мине, сизлерге туқым, оны жерге егиңлер.
24
Зүрәәт жыйнағаныңызда, зүрәәттиң бестен бир бөлегин фараонға бересиз. Ал қалған төрт бөлегин атызға егетуғын туқым ретинде қолланасыз, және де, өзиңиз, хожалығыңыз ҳәм балаларыңыз ушын аўқат қыласыз, – деди.
25
Халық Юсупке: – Сиз бизлердиң өмиримизди сақлап қалдыңыз. Мырзамыздың кеўлинен шығайық ҳәм бизлер фараонның қулы болайық, – деди.
26
Юсуп зүрәәттиң бестен бирин фараонға бериў ҳаққында Мысырда нызам шығарды ҳәм бул нызам ҳәзирги күнге дейин сақланып келеди. Тек руўханийлердиң жерлери ғана фараонға берилмеди.
27
Израил Мысырда Гошен жерине орналасты. Олар сол жерде мүлик ийеси болды ҳәм өсип-өнип, жүдә көбейди.
28
Яқып Мысырда он жети жыл жасады. Ол барлығы болып бир жүз қырық жети жыл өмир сүрди.
29
Өлими жақынласқанда, Яқып улы Юсупти шақырып алып, оған былай деди: – Маған мийрим көрсет. Санымның астына қолыңды қой да, маған жақсылық ислеп, садықлық көрсететуғыныңа ҳәм мени Мысырда жерлемейтуғыныңа ант иш.
30
Мен қайтыс болғанымнан соң, мени Мысырдан алып кетип, ата-бабаларымның жанына жерле. Юсуп әкесине: – Мен айтқаныңыздай ислеймен, – деди.
31
Израил оған: – Маған ант иш! – деди. Юсуп ант ишти. Израил төсегиниң бас ушында ийилип, Қудайға сыйынды.
← Chapter 46
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 48 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50