bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Genesis 49
Genesis 49
Karakalpak 2022
← Chapter 48
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 50 →
1
Яқып улларын жанына шақырып алып, былай деди: – Жаныма жыйналыңлар, мен келешекте сизлерге не болатуғынын билдирейин.
2
Жыйналып қулақ салыңлар, Ҳәй, Яқып уллары, Тыңлаңыз әкеңиз Израилды!
3
Ҳәй сен, Рубен, мениң туңғышым, Еркеклик күшимниң дәслепки жемиси, Сен ҳүрмет ҳәм күш жағынан ең үстинсең.
4
Бирақ тасқаның ушын суў сыяқлы, Үстем болмайсаң ҳеш қашан енди. Өйткени кирдиң сен әкеңниң төсегине, Төсегиме кирип, ҳарамладың оны.
5
Ағайинли Шимон ҳәм Лебий, Қылышлары – жаўызлық қуралы.
6
Олардың жасырын жобасына шерик болмайын, Жыйынына да қатнаспайын мен. Себеби олар ашыўға минип, адам өлтирди, Кеўли күсегенин қылып, Кести буғалардың тирсеклерин.
7
Нәлет жаўсын олардың реҳимсиз ашыўына, Нәлет жаўсын олардың жаўыз ғәзебине! Оларды бөлип жиберип, Яқып халқының арасына, Тарқатаман Израил халқының арасына.
8
Ҳәй Яҳуда, туўысқанларың сени мақтайды. Қолың жаўыңның желкесинен түспейди, Туўысқанларың алдыңда бас ийеди.
9
Яҳуда, сен жас арыслансаң, Улым мениң! Аң аўлап қайттың, Жатасаң арыслан сыяқлы ширенип, Мазаңды алыўға кимниң батылы жетер?
10
Ҳақыйқый ийеси келгенге дейин, Патшалық ҳасасы алынбас сеннен. Бийлик бәрқулла сеники болып, Халықлар саған бойсынар.
11
Байларсаң ешегиңди жүзим ағашына, Гүрреңди мийўели шақасына. Жуўарсаң кийимлериңди шарапқа, Шапаныңды жүзимниң қанына.
12
Шараптан нурлы болар көзлериң, Сүттен ақ болар сениң тислериң.
13
Зебулон жасайды теңиз бойында, Кемелерге жағыс болар ол, Мәканлаған жери болар Сидонға шекем.
14
Жүклер арасында жатырған, Иссахар – бир күшли ешек.
15
Ол қашан дем алатуғын жақсы жер, Унайтуғын бир ел көрсе, Жүкти көтериў ушын ыйығын тутып, Ерксиз хызметшиге айланар.
16
Дан да Израилдың бир урыўы болып, Өз халқына қазылық етер.
17
Дан – жол шетиндеги жылан, Ол – соқпақта жатырған бир уўлы жылан. Ол аттың табанынан шаққанда, Атлыны шалқасына жығылтар.
18
Сениң қутқарыўыңды күтпектемен, Жаратқан Ийе!
19
Гад басқыншылар ҳүжимине ушырар, Бирақ олардың изинен қуўып, шабыўыл жасар.
20
Ашердиң азық-аўқаты тойымлы келер, Ол патшаға сай ләззетли тағам жетистирер.
21
Нафталий – бир азат суўын, Оннан әжайып балалар туўылар.
22
Юсуп – мийўели ағаш, Ол – булақ басындағы жемисли терек. Шақалары дийўалдан асып өтер,
23
Оған садақшылар реҳимсиз ҳүжим етти, Душпанларша үстине оқлар жаўдырды.
24
Бирақ Израилдың Қорғаўшы жартасы ҳәм Шопаны болған, Яқыптың Күшли Қудайының жәрдеминде, Қоллары оның қарыўлы ҳәм шаққан болды, Сонлықтан ол садағын беккем услады.
25
Әкеңниң Қудайы сени қоллап турар, Жоқарыдағы аспанның берекети менен, Жердеги терең булақлардың берекети менен, Көкирек сүти ҳәм ана қурсағының берекети менен, Қүдирети күшли Қудай сени жарылқар.
26
Әкеңниң берген пәтиялары, Уллырақ болар әййемги таўлардың берекетлеринен, Ески төбешиклер молшылығынан да. Пәтияларым туўысқанлары ишинен таңланған Юсупке қонсын!
27
Бенямин – аш қасқыр, Ол аўлаған аңын азанда жеп, Кеште олжаны бөлисер.
28
Израилдың он еки урыўы усылар. Әкеси оларға бул сөзлерди айтып, ҳәр бирине минәсип болған пәтияны берген еди.
29
Буннан кейин, Яқып улларына былай деп ўәсият етти: – Мен өлип, ата-бабаларыма қосылажақпан. Мени ата-бабаларымның жанына, хет халқынан болған Эфронның атызындағы үңгирге апарып қойыңлар.
30
Бул үңгир Қанан жеринде, Мамреге жақын жердеги Махпела атызында жайласқан. Оны Ибрайым хет халқынан болған Эфроннан мазар қылыў ушын сатып алған еди.
31
Ол жерге Ибрайым ҳәм оның ҳаялы Сара, Ысақ ҳәм оның ҳаялы Ребекка қойылған. Мен Леаны да сол жерге қойдым.
32
Бул атыз ҳәм ондағы үңгир хетлерден сатып алынған еди.
33
Яқып улларына бул ўәсият сөзлерин айтып болғаннан соң, төсегинде аяқларын жыйнап жатты да, деми таўысылып, өз ата-бабаларына қосылды.
← Chapter 48
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 50 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50