bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Genesis 26
Genesis 26
Karakalpak 2022
← Chapter 25
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 27 →
1
Елде Ибрайымның дәўиринде болған ашлықтан басқа бир ашлық жүз берди. Ысақ Герарға, филистлердиң патшасы Абимелехке кетти.
2
Жаратқан Ийе Ысаққа көринип былай деди: «Мысырға барма, Мен айтатуғын жерде жаса.
3
Сол жерде келгинди болып жасай бер. Мен сениң менен бирге болып, сени жарылқайман. Мине, усы жерлердиң ҳәммесин саған ҳәм сениң урпақларыңа беремен. Әкең Ибрайымға берген антымды орынлайман.
4
Сениң урпақларыңды аспандағы жулдызлар сыяқлы көбейтип, усы жерлердиң ҳәммесин оларға беремен. Жер жүзиниң барлық халықлары сениң урпақларың арқалы жарылқанады.
5
Өйткени Ибрайым Маған бойсынып, Мениң тапсырмаларымды, буйрықларымды, қағыйдаларымды ҳәм көрсетпелеримди орынлады».
6
Солай етип, Ысақ Герарда орналасып қалды.
7
Сол жердиң халқы оннан ҳаялы ҳаққында сорағанда, ол ҳаялын қарындасым деп айтты. Себеби ол: «Ребекка гөззал, сонлықтан бул жердиң адамлары мени ол себепли өлтиреди», – деп ойлап, оны ҳаялым деп айтыўға қорқты.
8
Ысақ сол жерде жасап атырғанына көп болғанда, филистлердиң патшасы Абимелех терезеден қарап, Ысақтың Ребекканы аймалап атырғанын көрди.
9
Сонда Абимелех Ысақты шақырып алып: – Ол сениң ҳаялың екен-ғо. Неге оны қарындасым дедиң? – деп сорады. Ысақ оған жуўап берип: – Өйткени, ол себепли мени өлтиреди деп ойладым, – деди.
10
Абимелех оған: – Неге бизлерге булай иследиң? Халық арасынан биреўдиң ҳаялыңа жақынласып қойыўы мүмкин еди-ғо. Сондай болғанда, сен бизлерди гүнаға батырар едиң! – деди.
11
Соңынан Абимелех пүткил халыққа: «Ким де ким бул адамға ямаса оның ҳаялына қол тийгизсе, ол сөзсиз өлтириледи», – деди.
12
Ысақ сол жерге туқым септи ҳәм сол жылы жүз есе артық өним алды. Себеби оны Жаратқан Ийе жарылқаған еди.
13
Ысақ байып кетти, байлығы кем-кемнен көбейип, ол жүдә бай адамға айланды.
14
Оның ири ҳәм майда маллары, көп хызметшилери болғанлықтан, филистлер оны қызғана баслады.
15
Әкеси Ибрайымның тири ўақтында оның хызметшилери қазған қудықлардың ҳәммесин филистлер топырақ пенен көмип таслады.
16
Сонда Абимелех Ысаққа: – Бизиң жеримизден кет, өйткени сен бизлерден гөре анағурлым күшли болып кеттиң, – деди.
17
Соннан кейин, Ысақ ол жерден кетип, Герар ойпатлығына шатырларын тикти ҳәм сол жерге қоныс басты.
18
Әкеси Ибрайымның тири ўақтында қазылып, оның өлиминен соң филистлер тәрепинен көмип тасланған қудықларды Ысақ қайтадан қаздырып, оларға әкеси қойған бурынғы атларды қойды.
19
Ысақтың хызметшилери ойпатлықта қудық қазып атырып, бир булақ тапты.
20
Герар шопанлары: «Бул суў бизлердики», – деп Ысақтың шопанлары менен жәнжеллести. Олар өзи менен таласқаны ушын Ысақ қудықты Эсек деп атады.
21
Соңынан олар басқа бир қудық қазды. Бирақ бул қудық себепли де жәнжел шығып, Ысақ оны Ситна деп атады.
22
Ысақ ол жерден көшип кетип, және басқа бир қудық қаздырды. Бул қудық себепли жәнжел шықпағанлықтан, Ысақ оны Рехобот деп атап: «Жаратқан Ийе ақыры бизлерге кең жер берди. Енди бизлер бул жерде өсип-өнемиз», – деди.
23
Ысақ ол жерден Беер-Шебаға көшип кетти.
24
Жаратқан Ийе сол күни түнде оған көринип: «Мен әкең Ибрайымның Қудайыман. Қорқпа, Мен сениң менен биргемен. Мен сени жарылқайман ҳәм қулым Ибрайым ушын урпағыңды көбейтемен», – деди.
25
Ысақ сол жерде қурбанлық орын қурып, Жаратқан Ийениң атын айтып шақырды. Ол шатырларын сол жерге тикти ҳәм оның хызметшилери бир қудық қазды.
26
Абимелех, оның кеңесгөйи Ахуззат ҳәм сәркәрдасы Пихол Герардан Ысаққа келди.
27
Ысақ оларға: – Неге мениң алдыма келдиңлер? Сизлер мени жек көрип, елиңизден қуўып жиберген едиңиз-ғо! – деди.
28
Олар: – Жаратқан Ийениң сениң менен бирге екенин бизлер анық билдик. Сонлықтан бизлер сениң менен өз ара ант ишип, келисим дүзиўди ойладық.
29
Бизлер саған қол тийгизбей, тек жақсылық етип, сени тынышлық пенен жибергенимиз сыяқлы, сен де бизлерге жаманлық ислемеўиң ҳаққында келисим дүзейик. Сен енди Жаратқан Ийе тәрепинен жарылқанған адамсаң, – деди.
30
Ысақ олар ушын зыяпат берди ҳәм олар ишип-жеди.
31
Ертеңине таң азанда турып, олар бир-бирине ант берди. Соңынан Ысақ оларды шығарып салды ҳәм олар Ысақтың алдынан аман-есен кетти.
32
Усы күни Ысақтың хызметшилери келип: «Бизлер суў таптық», – деп өзлери қазған қудық ҳаққында оған хабарлады.
33
Ысақ ол қудықтың атын Шеба деп атады. Сол себепли ол қаланың аты бүгинги күнге шекем Беер-Шеба деп аталады.
34
Эсаў қырық жасқа толғанда, хет халқынан болған Беерийдиң қызы Яҳудитке ҳәм хет халқынан болған Элонның қызы Басематқа үйленди.
35
Бул ҳаяллар Ысақ пенен Ребекканың басына көп қайғы салды.
← Chapter 25
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 27 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50