bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Genesis 25
Genesis 25
Karakalpak 2022
← Chapter 24
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 26 →
1
Ибрайым және Қатура деген ҳаялға үйленди.
2
Ол Ибрайымға Зимран, Иоқшан, Медан, Мидян, Ишбақ ҳәм Шуах атлы балаларды туўып берди.
3
Иоқшаннан Шеба менен Дедан туўылды. Деданның урпақларынан ашшур, летуш ҳәм леум халықлары келип шықты.
4
Мидянның уллары: Эфа, Эфер, Ханох, Абида ҳәм Элдаа. Булардың ҳәммеси Қатурадан тараған урпақлар еди.
5
Ибрайым өзиниң барлық мал-мүлкин Ысаққа қалдырды.
6
Ал тоқалларының балаларына көзиниң тири ўақтында саўғалар берип, оларды Ысақтан узақластырып, шығыстағы жерлерге жиберди.
7
Ибрайым барлығы болып бир жүз жетпис бес жыл өмир сүрди.
8
Ол ғаррылық дәўранын сүрип, узақ жасады, қартайған шағында деми таўысылып, қайтыс болды ҳәм өз ата-бабаларына қосылды.
9
Уллары Ысақ ҳәм Исмайыл оны Мамреге жақын жердеги, хет халқынан болған Сохардың улы Эфронның атызындағы Махпела үңгирине қойды.
10
Ибрайым бул атызды хетлерден сатып алған еди. Солай етип, Ибрайым ҳәм оның ҳаялы Сара сол жерге қойылды.
11
Ибрайымның өлиминен соң, Қудай оның улы Ысақты жарылқады. Ысақ Беер-Лахай-Роийдиң жанында жасайтуғын еди.
12
Сараның шорысы, мысырлы Ажардан туўылған Ибрайымның улы Исмайылдың шежиреси мынадай:
13
Исмайылдың улларының туўылыў тәртиби бойынша атлары мынадай: туңғыш улы Небайот, соң Кедар, Адбеел, Мибсам.
14
Мишма, Дума, Масса,
15
Хадад, Тема, Етур, Нафиш ҳәм Кедма.
16
Исмайылдың уллары болған булар – он еки урыўдың көсеми болды. Усы он еки урыў ҳәм олардың аўыллары менен мәкан басқан жерлери олардың атлары менен аталды.
17
Исмайыл бир жүз отыз жети жасында деми таўысылып, қайтыс болды ҳәм өз ата-бабаларына қосылды.
18
Исмайылдың урпақлары Хаўила ҳәм Шур аралығындағы жерлерге мәкан басқан еди. Шур Ашшурға баратуғын жолда, Мысырға жақын жайласқан еди. Олар барлық туўысқанлары менен жаўласып өмир сүрди.
19
Ибрайымның улы Ысақтың өмир тарийхы мынадай: Ибрайымнан Ысақ туўылды.
20
Ысақ Ребеккаға үйленгенде қырық жаста еди. Ребекка Паддан-Арамнан болған арамлы Бетуелдиң қызы, арамлы Лабанның қарындасы еди.
21
Ысақ ҳаялы ушын Жаратқан Ийеге дуўа етти, өйткени ҳаялы перзентсиз еди. Жаратқан Ийе Ысақтың дуўасына жуўап берди ҳәм Ребекка ҳәмиледар болды.
22
Оның қурсағындағы балалар бир-бири менен төбелесе баслады. Сонда Ребекка: «Неге бундай болып атыр?» – деп Жаратқан Ийеден сорады.
23
Жаратқан Ийе оған былай деди: «Сениң қурсағыңда еки халық бар, Сеннен еки түрли халық бөлинип шығар, Бири екиншисинен күшлирек болып, Үлкени кишкенесине бағынышлы болар».
24
Ребекканың туўыў ўақты келгенде, қурсағында егиз уллардың бар екени мәлим болды.
25
Биринши туўылған улының денеси қызыл, териси тон сыяқлы жүнли еди. Сонлықтан оның атын Эсаў деп қойды.
26
Кейин оның сыңары туўылды. Ол Эсаўдың табанын қолы менен услап шыққан еди. Сонлықтан оны Яқып деп атады. Олар туўылғанда, Ысақ алпыс жаста еди.
27
Балалар өсип, ержетти. Эсаў дүзди сүйетуғын шебер аңшы, ал Яқып үйден шықпайтуғын тыныш адам болды.
28
Ысақ Эсаўды жақсы көретуғын еди, себеби оның аўлап әкелген аңларының гөшин жеўди унататуғын еди. Ал Ребекка Яқыпты жақсы көретуғын еди.
29
Бир күни Яқып аўқат писирип атырғанда, Эсаў дүзден шаршап, аш болып келди.
30
Ол Яқыпқа: – Маған мына қызыл аўқатыңнан бер, мен аш болып турман, – деди. Сол себепли ол Эдом деп те аталды.
31
Яқып оған: – Дәслеп маған туңғышлығыңды сат! – деди.
32
Эсаў оған: – Аштан өлейин деп турғанымда, туңғышлықтан маған не пайда? – деди.
33
Яқып: – Дәслеп маған ант бер! – деди. Сонда Эсаў Яқыпқа ант берип, өз туңғышлығын оған сатты.
34
Соннан кейин, Яқып Эсаўға нан ҳәм қызыл лобия сорпа берди. Эсаў ишип-жеп болып, орнынан турып кетти. Солай етип, Эсаў өз туңғышлығын писент етпеди.
← Chapter 24
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 26 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50