bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Genesis 30
Genesis 30
Karakalpak 2022
← Chapter 29
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 31 →
1
Раҳила Яқыпқа бала туўып бере алмағанлықтан, әжапасын қызғана баслады. Ол Яқыпқа: – Маған перзент бер, болмаса өлемен! – деди.
2
Яқыптың Раҳилаға ғәзеби қайнап: – Мен Қудайман ба, сениң қурсағыңа перзент бермеген? – деди.
3
Раҳила: – Мынаў мениң шорым Билҳа. Сен оның менен жат. Сонда ол бала туўып, етегиме салады ҳәм мен де ол арқалы балалы боламан, – деди.
4
Солай етип, Раҳила өз шорысы Билҳаны күйеўине ҳаяллыққа алып берди ҳәм Яқып оның менен жатты.
5
Билҳа ҳәмиледар болып, Яқыпқа бир ул туўып берди.
6
Сонда Раҳила: «Қудай мени ақлады. Ол дадымды еситип, маған бир ул берди», – деди ҳәм улына Дан деп ат қойды.
7
Раҳиланың шорысы Билҳа және ҳәмиледар болып, Яқыпқа екинши улын туўып берди.
8
Сонда Раҳила: «Мен әжапама қарсы уллы гүресте оны жеңдим», – деди ҳәм улына Нафталий деп ат қойды.
9
Леа өзиниң туўмай қалғанын көргенде, шорысы Зилпаны Яқыпқа ҳаяллыққа берди.
10
Леаның шорысы Зилпа да Яқыпқа бир ул туўып берди.
11
Сонда Леа: «Бул қандай бахыт!» – деди ҳәм улына Гад деп ат қойды.
12
Леаның шорысы Зилпа Яқыпқа екинши улын туўып берди.
13
Сонда Леа: «Мен қандай қуўанышлыман, енди ҳаяллар мени қуўанышлы деп атайды», – деди ҳәм улына Ашер деп ат қойды.
14
Рубен бийдай орағы ўақтында далаға барды. Ол далада мәргия шөплерди таўып, анасы Леаға әкелип берди. Сонда Раҳила Леаға: – Улыңның мәргия шөплеринен маған да бер, – деди.
15
Бирақ Леа оған: – Күйеўимди алғаның аз болғандай, енди улымның мәргия шөплерин де алмақшымысаң? – деди. Раҳила оған: – Мейли, улыңның мәргия шөплери есабынан күйеўим бул ақшам сениң менен жатсын, – деди.
16
Кешқурын Яқып даладан келгенде, Леа оны қарсы алыўға шықты ҳәм оған: «Бүгин мениң менен жатыўың керек, себеби мен сени улым таўған мәргия шөплерге алмастырдым», – деди. Солай етип, Яқып сол түни Леа менен жатты.
17
Қудай Леаның дуўасын еситип, ол ҳәмиледар болды ҳәм Яқыпқа бесинши улын туўып берди.
18
Сонда Леа: «Шорымды күйеўиме бергеним ушын, Қудай маған сый берди», – деди ҳәм улына Иссахар деп ат қойды.
19
Леа және ҳәмиледар болып, Яқыпқа алтыншы улын туўып берди.
20
Сонда Леа: «Қудай маған жақсы сый берди. Ендигиден былай, күйеўим мени қәдирлейтуғын болады, өйткени мен оған алты ул туўып бердим», – деди ҳәм улына Зебулон деп ат қойды.
21
Бир қанша ўақыттан соң, ол қыз туўып, атын Дина деп қойды.
22
Ақыры Қудай Раҳиланы еске алып, оның дуўасын еситти ҳәм оны туўатуғын қылды.
23
Раҳила ҳәмиледар болып, бир ул туўды. Ол: «Қудай мени шерменделигимнен қутқарды», – деди.
24
Соңынан ол тағы: «Жаратқан Ийе маған және бир ул берсин», – деп, улына Юсуп деп ат қойды.
25
Раҳила Юсупти туўғаннан кейин, Яқып Лабанға былай деди: – Маған жуўап бериң, мен өз үйиме, өз жериме қайтайын.
26
Мен ҳаялларым менен балаларымды да бирге алып кетейин, себеби мен сизге олар ушын хызмет еткен едим-ғо. Мениң сизге қаншелли хызмет еткенимди өзиңиз билесиз.
27
Ал Лабан оған: – Аҳ, егер сениң кеўлиңди таба алғанымда ма еди?! Жаратқан Ийениң мени сен себепли жарылқағанын пал ашыў арқалы билдим.
28
Маған хызмет ҳақыңды айт, саған төлеймен, – деди.
29
Яқып оған: – Сизге қалай хызмет еткенимди ҳәм мениң арқамда малларыңыздың қандай болғанын билесиз.
30
Мен келместен бурын бар болған аз ғана малыңыз жүдә көбейип кетти. Мен келиўден Жаратқан Ийе сизди жарылқап баслады. Бирақ енди мен өз үйим ушын қашан мийнет етемен? – деди.
31
Лабан оннан: – Саған не берейин? – деп сорады. Яқып оған: – Маған ҳеш нәрсе бермең. Егер сиз мына шәртиме көнсеңиз, мен және сизиң сүриўлериңизге қарап, оларды баға беремен:
32
бүгин мен барлық сүриўлериңизди аралап шығып, қой-ешкилердиң ала ҳәм жағалларын, яғный қойлардың қараларын, ешкилердиң жағал ҳәм алаларын ажыратып қояйын. Олар мениң хызмет ҳақым болсын.
33
Кейин ала сиз мениң хызмет ҳақымды тексериў ушын келгениңизде, әдил екенимди билип аласыз. Ешкилеримнен қайсы бири жағал ҳәм ала болмаса, қойларымнан қайсы бири қара болмаса, урлық деп есаплансын.
34
Лабан оған: – Мейли, сен айтқандай болсын, – деди.
35
Деген менен, Лабан сол күни-ақ ала-шубар ҳәм жағал текелерди, үстинде ағы бар жағал ешкилерди ҳәм қара қойлардың ҳәммесин сүриўден айырып, өз улларының қараўына тапсырды.
36
Ол өзи менен Яқып арасындағы аралықты үш күнлик жол етип белгиледи. Ал Яқып Лабанның қалған малларын баға берди.
37
Яқып өзине ақ терек, бадам ҳәм шынар тереклеринен жас шыбықларды кесип алды. Олардың ишиндеги ағы көрингенше, қабықларын ала-ала етип қыршыды.
38
Соңынан ол қыршылған шыбықларды қой-ешкилердиң алдына, олар суў ишетуғын наўалардың ишине салып қойды. Қой-ешкилер суў ишиўге келгенде, сол жерде шағылысатуғын еди.
39
Олар шыбықлардың алдында шағылысқаннан кейин, олардан ала-шубар ҳәм жағал қозы-ылақлар туўылатуғын еди.
40
Яқып қозыларды айырып, қойларды Лабанның барлық ала-шубар ҳәм қара малларына қаратып қойды. Солай етип, ол өзи ушын сүриў пайда етип, оларды Лабанның малларына араластырмады.
41
Урғашылардың күшлилери күйге келген ўақытта, олар шыбықлардың алдында шағылыссын деп, Яқып шыбықларды олардың көз алдына, наўалардың ишине қоятуғын еди.
42
Бирақ әззи урғашылар күйге келген ўақытта, ол шыбықларды қоймайтуғын еди. Солай етип, әззи маллардан туўылғанлары Лабанға, күшлилеринен туўылғанлары Яқыпқа тийисли болды.
43
Усы жол менен Яқып ҳәдден зыят байып кетти. Оның сүриў-сүриў қой-ешкилери, шорылары ҳәм қуллары, түйе ҳәм ешеклери болды.
← Chapter 29
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 31 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50