bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Genesis 23
Genesis 23
Karakalpak 2022
← Chapter 22
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 24 →
1
Сара бир жүз жигирма жети жыл өмир сүрди.
2
Ол Қанан жериндеги Кирят-Арбада, яғный ҳәзирги Хебронда қайтыс болды. Ибрайым Сара ушын жылап, аза тутты.
3
Соңынан ол ҳаялының денесиниң қасынан шығып, хетлерге:
4
– Мен араңызда келгинди ҳәм жат адамман. Өз марҳумымды жерлеп, мазар қылыўым ушын, жериңизден маған аз-маз сатыңлар, – деди.
5
Хетлер Ибрайымға былай деп жуўап берди:
6
– Мырза, бизлерди тыңлаңыз. Сиз бизлердиң арамыздағы күшли бир төресиз. Марҳумыңызды қәбирлеримиздиң ең жақсысына апарып қойыңыз. Марҳумыңызды қойыўыңыз ушын, бизлердиң ҳеш биримиз де қәбиримизди аямаймыз.
7
Сонда Ибрайым сол елдиң халқы болған хетлерге тәжим етип
8
былай деди: – Егер сизлер мениң өз марҳумымды жерлеўиме қайыл болсаңыз, онда мени тыңлап, мен ушын Сохардың улы Эфроннан өтиниш етиңлер.
9
Ол өз атызының шетиндеги Махпела үңгирин маған сатсын. Сол үңгирди мазарға айландырыўым ушын, мен сизлердиң алдыңызда үңгирдиң қунын толық төлеймен.
10
Хет халқынан болған Эфрон өз халқының арасында отырған еди. Ол қала дәрўазасының алдына жыйналған барлық хетлерге еситтирип, Ибрайымға:
11
– Яқ, мырзам, мени тыңлаң. Мен үңгирге қоса атызды да беремен. Мен өз халқымның алдында оны сизге беремен. Марҳумыңызды жерлей бериң, – деп жуўап берди.
12
Ибрайым сол жердиң халқының алдында тәжим етти ҳәм
13
ҳәммеге еситтирип, Эфронға: – Өтиниш, мени тыңлаңыз, атыз ушын ақша төлейин. Оны қабыл етиң. Мен марҳум ҳаялымды сол жерге жерлейин, – деди.
14
Сонда Эфрон Ибрайымға:
15
– Яқшы, мырзам, мени тыңлаң. Жердиң баҳасы төрт жүз шекел гүмис. Төрт жүз шекел гүмис туратуғын бир бөлек жер бизлердиң арамызда не болыпты? Марҳумыңызды жерлей бериң, – деп жуўап берди.
16
Ибрайым ыразы болып, Эфрон хетлердиң алдында еситтирип айтқан төрт жүз шекел гүмисти саўдада қолланылатуғын өлшем бойынша тәрезиге салып, өлшеп берди.
17
Солай етип, Мамреге жақын жердеги Махпелада орналасқан Эфронның атызы, ондағы үңгир ҳәм ол жерде өсип турған барлық тереклер
18
Ибрайымның меншигине айланды. Буған қала дәрўазасының алдына жыйналған барлық хетлер гүўа болды.
19
Соннан кейин, Ибрайым ҳаялы Сараны Қанан жериндеги Мамреге, яғный Хебронға жақын жердеги Махпела атызындағы үңгирге қойды.
20
Солай етип, хетлерден алынған атыз ҳәм ондағы үңгир мазар сыпатында Ибрайымның мүлкине айланды.
← Chapter 22
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 24 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50