bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Genesis 35
Genesis 35
Karakalpak 2022
← Chapter 34
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 36 →
1
Қудай Яқыпқа: «Қәнекей, енди Бейт-Элге бар да, сол жерге орналас. Әжағаң Эсаўдан қашып баратырғаныңда саған көринген Қудайға арнап, сол жерде қурбанлық орын қур», – деди.
2
Сонда Яқып хожалығына ҳәм жанындағылардың ҳәммесине былай деди: – Өзлериңиздеги жат қудайлардың мүсинлерин ылақтырып таслаңлар. Өзлериңизди пәклеп, кийимлериңизди алмастырыңлар.
3
Жүриңлер, бул жерден кетип, Бейт-Элге барайық. Қыйын күнлеримде маған жуўап берген ҳәм жүрген жолларымда мениң менен бирге болған Қудайға арнап, мен сол жерде қурбанлық орын қурайын.
4
Сонда олар өзлериндеги жат қудайлардың мүсинлерин ҳәм қулақларындағы сырғаларын Яқыпқа берди. Яқып оларды Шехемге жақын жердеги бир теребинфтиң түбине көмип таслады.
5
Соңынан олар жолға түсти. Қудай әтираптағы қалалардың турғынларына күшли қорқыныш жибергенликтен, ҳеш ким олардың изине түспеди.
6
Солай етип, Яқып жанындағы барлық адамлар менен бирге Қанан жериндеги Лузға, яғный Бейт-Элге жетип келди.
7
Яқып ол жерде қурбанлық орын қурып, сол жерди Эл-Бейт-Эл деп атады. Өйткени Яқып әжағасынан қашып баратырғанда, Қудай сол жерде оған көринген еди.
8
Сол арада Ребекканы емизип баққан Дебора деген ҳаял қайтыс болды. Ол Бейт-Элдиң қубласындағы бир емен ағашының түбине жерленип, сол емен ағашы «Жоқлаў емени» деп аталды.
9
Яқып Паддан-Арамнан қайтып келгеннен кейин, Қудай оған және көринип, оны былай деп жарылқады:
10
«Сениң атың – Яқып. Бирақ буннан былай, сениң атың Яқып емес, ал Израил болады», – деп, оны Израил деп атады.
11
Қудай оған және: «Мен – Қүдирети күшли Қудайман. Өсип-өнип, көбей. Сеннен бир халық, ҳәтте, көплеген халықлар пайда болып, сениң урпағыңнан патшалар келип шығады.
12
Мен Ибрайымға ҳәм Ысаққа берген бул жерди саған ҳәм сеннен кейинги урпақларыңа беремен», – деди.
13
Соңынан Қудай Яқып пенен сөйлескен жерден жоқары көтерилип кетти.
14
Яқып Қудай өзи менен сөйлескен жерде тастан естелик орнатып, оның үстине шарап ҳәм зәйтүн майын қуйды.
15
Ол Қудай өзи менен сөйлескен жерди Бейт-Эл деп атады.
16
Олар Бейт-Элден шығып, Эфратаға жетиўге аз қалғанда, Раҳиланың толғағы тутып, ол қыйыншылық пенен босанды.
17
Ол азап шегип туўып атырғанда, киндик шешеси оған: – Қорқпа, сен және бир ул туўдың, – деди.
18
Раҳила өлип баратырып, соңғы демин шығарарда, улын Беноний деп атады. Бирақ әкеси оның атын Бенямин деп қойды.
19
Солай етип, Раҳила қайтыс болып, Эфратаға, яғный Бейтлеҳемге баратуғын жол бойына жерленди.
20
Яқып оның қәбири үстине қулпы тас орнатты. Раҳиланың қәбириниң қулпы тасы бүгинги күнге шекем бар.
21
Соннан кейин, Израил және көшип, Эдер минарасының арғы жағына шатырын тикти.
22
Израил сол елде жасап атырғанда, улы Рубен әкесиниң тоқалы болған Билҳа менен жатты. Әкеси бул туўралы еситти. Яқыптың он еки улы бар еди.
23
Оның Леадан туўылған уллары: туңғышы Рубен, кейин Шимон, Лебий, Яҳуда, Иссахар ҳәм Зебулон.
24
Оның Раҳиладан туўылған уллары: Юсуп ҳәм Бенямин.
25
Раҳиланың шорысы Билҳадан туўылған уллары: Дан ҳәм Нафталий.
26
Леаның шорысы Зилпадан туўылған уллары: Гад ҳәм Ашер. Булар Яқыптың Паддан-Арамда туўылған уллары.
27
Яқып әкеси Ысақтың үйине, Мамреге келди. Мамре Кирят-Арбаның, яғный Хебронның жанында болып, ол жерде Ибрайым ҳәм Ысақ келгинди болып жасаған еди.
28
Ысақ бир жүз сексен жыл жасады.
29
Ол мазмунлы өмир сүрип, қартайып, деми таўысылып, қайтыс болды ҳәм өз ата-бабаларына қосылды. Уллары Эсаў менен Яқып оны жерледи.
← Chapter 34
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 36 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50