bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Jeremiah 1
Jeremiah 1
Karakalpak 2022
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 2 →
1
Булар Бенямин жериндеги Анатот қаласында жасайтуғын руўханийлердиң бири Хилкия улы Еремияның сөзлери.
2
Яҳуда патшасы Амон улы Иошияның ҳүкимдарлығының он үшинши жылында Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти.
3
Еремияға Жаратқан Ийениң сөзиниң түсиўи Яҳуда патшасы Иошияның улы Еҳоякинниң дәўиринен, Яҳуда патшасы Иошия улы Седекияның патшалығының он биринши жылының бесинши айына дейин, яғный Ерусалим халқының сүргин етип алып кетилиўине дейин даўам етти.
4
Маған Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти:
5
– Мен сени жатырда пайда етпесимнен алдын таныдым, Қурсақтан шықпасыңнан алдын сени таңладым. Сени миллетлер ушын пайғамбар етип тайынладым.
6
Сонда мен: – Ҳаў, Қудай Ийе! Мен қалай сөйлеўди билмеймен, жүдә жаспан, – дедим.
7
Бирақ Жаратқан Ийе маған былай деди: – «Мен жаспан», – деме. Сени кимге жиберсем, ҳәммесине барасаң, не буйырсам, соны айтасаң.
8
Олардан қорқпа, сениң менен бирге болып, сени қутқараман, – деди Жаратқан Ийе.
9
Кейин Жаратқан Ийе қолын созып, аўзыма тийгизди де маған былай деди: – Мине, сөзлеримди аўзыңа салдым.
10
Қара, суўырып таслаў, қырыў, жоқ қылыў, жер менен жексен қылыў ушын, сондай-ақ қурыў, беккемлеў ушын, бүгин Мен сени миллетлер ҳәм патшалықлар үстинен қойдым.
11
Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти. Ол: – Еремия, сен нени көрип турсаң? – деди. – Бадам ағашының шақасын көрип турман, – деп жуўап бердим мен.
12
– Туўры көрдиң, – деди Жаратқан Ийе маған. – Себеби Мен ҳәр бир сөзимниң орынланыўын бақлап тураман.
13
Маған және Жаратқан Ийеден сөз түсти. Ол: – Нени көрип турсаң? – деди. – Арқа тәрептен жүзи бир тәрепке қыйсайып қайнап турған қазанды көрип турман, – деп жуўап бердим мен.
14
Сонда Жаратқан Ийе маған былай деди: – Бул жердиң барлық турғынларына арқа тәрептен апатшылық келеди.
15
Мен арқадағы патшалықлардың барлық қәўимлерин шақыраман, – деди Жаратқан Ийе. – Олардың патшалары келип, Өз тахтларын Ерусалим дәрўазаларының кирер аўзына, Оны қоршап турған дийўаллардың, Яҳуданың пүткил қалаларының алдына қояды.
16
Халқымның Меннен жүз бурып, Ислеген барлық жаўызлықлары ушын, Басқа қудайларға түтетки түтетип, Өз қоллары менен ислеген нәрселерине табынғаны ушын, Мен оларға қарсы Өз ҳүкимимди жәриялайман.
17
Сен болсаң, белиңди беккем буў. Барып, Мениң саған буйырғанларымның ҳәммесин оларға айт. Олардан қорқпа, болмаса Мен сени олардың алдында қорқыўға саламан.
18
Бүгин Мен сени пүткил елге – Яҳуда патшаларына, оның хызметкерлерине, руўханийлерине ҳәм сол жердиң халқына қарсы беккем қала, темир сүтин ҳәм қола дийўал қылдым.
19
Олар саған қарсы урысады, бирақ жеңе алмайды. Себеби сени қутқарыў ушын Мен сениң менен биргемен, – деди Жаратқан Ийе.
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 2 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52